Грунтлар механикасы пәнинен
Download 0.58 Mb.
|
Методичка
- Bu sahifa navigatsiya:
- Wp = m 1 – m 2 / m 2 – m 0
WL = m1 – m2 / m2 – m0 (4.1)
Тәкирарлаў ушын сораўлар Динамик күш тәсиринде грунтта қандай жағдай жүз береди? Жумсақ ылайлардың беккемлигин не пайда етеди? Жабысқақлық коэффициенти ўақыт бойлап қандай көринисте өзгереди? № 5- Лабораториялық жумыс Грунтттың жумсақлық халының төменги шегарсын анықлаў. Керекли әсбап ҳәм үскенелер . Сыйпақ тахташа ямаса жылтырақ кағаз Техник тәрези, өлшеў таслары менен Кептириўши шкаф Бюкслар . Тәжирийбе өткериў тәртиби . Грунттың жумсақлық халының төменги шегарасына мәс нелигин ( W р ) аныклаў ушын алдынғы тәжрийбеден калған грунт қамырынан пайдаланыўға болады . 1 . Грунтты сыйпак тахташаның (ямаса жылтырақ қағаздың ) үстине қойып алақан менен жайылады. Жайылып атырған грунт диаметри 3 мм ге тең болғанда узынлығы 3-10 мм бөлекшелерге ажыралып уқаланса керекли ығаллықты алыўға болады. 2. Жайылатуғын грунттың 3мм қалыңлықтағы ҳәм 3-10 мм узынлықтағы бөлеклерин бюкслерге салынып қақпақларын жаўып қойылады. Грунт бөлекшелерин таярлаў ушын аўырлығы 30-40 г болғанша даўам етиледи. 3. Wp анықлаў 3- тәжирийбе келтирилген көрсетпе бойынша орынланады.
Грунт жумсақлығының төменги дәрежеси: Wp = m1 – m2 / m2 – m0 (4.2) III. Жумсақлық ҳалының көрсеткишлери. 1.Грунтлардың жумсақлық саны. Грунттың жумсақлық халының жоқарғы ҳәм төменги шегараларына туўра келиўши ығаллық айырмасы, оның жумсақлық саны делинеди. IP = WL – WP ( 4.3 ) Грунттың жумсақлық саны ЎзСТ 25100 – 95 на тийкарынан : Егер I ≤ I ≤ 7 – ылайлы қум I = 7 ÷ 17 – қумлы I >17 ылай грунтларға ажыратылады. Тексерилип атырған грунттың аты ЎзСТ 25100 – 95 Қатты халларда WP жумсақ халларда WL ағыўшаң халларда W WP WP 2- cүўрет Ылайлы грунтлардың ығаллылық шегарасының сызылмасы. Грунт жағдайының көрсеткиши. IL = W – WP / WL – WP ( 4.4 ) ЎзСТ 25100-95 ге тийкарланып ылайлы грунтлар IL дәрежесине қарап төмендеги ҳалларға бөлинеди. А) Ылайлар ҳәм қумлы ылайлар: Қатты IL≤ 0, W ≤ W болғанда Ярым қатты 0 ≤ IL ≤0.25 Дағал жумсақ 0.25 ≤ IL ≤ 0.5 Жумсақ 0.5 < IL ≤ 0.75 Ағыўшаң жумсақ 0.75 < IL ≤ I Ағыўшаң IL > I Б) Ылайлы қумлар: Қатты IL ≤ 0 Жумсақ 0< IL ≤ I Ағыўшаң IL > I Тексерилип атырған грунт ___________________________________жағдайда. Тексерилип атырған грунттың толық аталыўы __________________________________________________________________________ ( аты, түри, жағдайы) Грунттың есаплаў қарсылығы R0 ды салыстырмалы байланысы Сn ди, ишки сүйкелиў мүйеши φn ды ҳәм деформация модули Е ды норматив қағыйдалары. ҚМҚ. 2.02.01-98 таблицасынан анықлаў. Үлкен таслы, щебень, қум ҳәм шаңлы – ылайлы грунтлардың R0 Cn φn E норматив қағыйдалары ҚМҚ 2.02.01-98 кирисиў бөлиминен анықлаў мүмкин. R0 ди -3 кирисиўдиң кестесинен, Cn φn E болса 1- кирисиўдиң кестесинен табылады. Анықлаў ушын дәслепки маглыўматлар сыпатында, қумлы грунт ушын - грунттың атын, түрин, тығызлық халын , ығаллық халын, ылайлы грунтлар ушын – грунттың атын, түрин, геўиклик коэфициентларын (e) жағдай көрсеткиши ( IL ) қағыйдасын ЎзСТ 25100-95 ке тийкарланып билиўге болады. Тексерилип атырған грунт ____________________________________________ (аты, түри , жағдайы) R0 = кПа Cn = кПа φn = град E = МПа Download 0.58 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling