Тәкирарлаў ушын сораўлар
1.Жабысқақлық коэффициентин анықлаўға мөлшерленген асбаптың атын айтың?
2.Жумсақ ылайлардың беккемлигин не пайда етеди?
3. Суўға тойынған грунтлардың бөлиниўи қандай?
№ 10- Лабораториялық жумыс
Грунттың максималь тығызлығын хәм салыстырмалы салмағын анықлаў
Грунттың тығызлығы (ρ) деп грунт массасының оның көлемине катнасына айтылады.
ρ = m / V г/см3 (2.1)
бунда: m - грунттың массасы г
V - грунттың көлеми 1000 см3 .
Грунттың максималь тығызлығын анықлаў ушын оның тығызланған массасын ҳәм көлемин билиўимиз керек. грунтлардың максималь тығызлығын анықлаўда стандарт максималь тығызлықты анықлаў үскенеси қолланылады.
Керекли әсбап хәм үскенелер
1.Стандарт грунттың максималь тығызлығын анықлаў үскенеси
2.Грунт алыў ушын белше
3.Тәрези таслары менен
4.1 мм лик сито
5.Пышақ ҳәм полат сызғыш
Тәжирийбе өткериў тәртиби.
1.Грунт белше жәрдеминде үскенениң цилиндриниң ярымы көлеминде салынады.
2.Yскенениң поршени орнатылып тасы жәрдеминде 15 соққы бериледи.
3.Поршен алынып цилиндрдеги қысылған грунт үстине цилиндрдиң үштен еки көлемине шекем грунт толтырылады.
4.Yскене поршени орнатылып қайтадан 10 соққы бериледи.
5.Поршен алынып цилиндрдағы грунт үстине цилиндр толғанша грунт қосылады.
6.Yскене поршени орнатылып қайтадан 15 соққы бериледи.
7.Тығызланған грунт массасы өлшенип, есаплаўлар жүргизиледи.
Грунт үлгилериниң тәртип саны
|
Анықлаў
Саны
|
m
|
ρ
|
ρ орташа
|
1.
|
|
|
|
|
2.
|
|
|
|
|
3.
|
|
|
|
|
Грунт тығызлын есаплаў формуласы төмендегише
ρ = m/ V г/см3
Грунттың салыстырмалы салмағы
γs= ρs · g , кН/м3
Do'stlaringiz bilan baham: |