27
Жүрек түсти уўысынан улының.
Жерде жатқан жүрек айтты:
"Абайла, Аўырмады ма ҳеш жериң, қулыным!"
Ноябрь, 1989-жыл
КЕЎИЛ АЙТЫЎ
(Яхыт жеңгей өлгенде Жолмурза ағаға айтылған сөз.)
Еркек еки жерде жетим қалады:
Биринде—мийирбан анаң өлгенде.
Екинши
жетимлик сонда болады,—
Өмирлик жолдасың—ҳаял өлгенде.
Байтерек қартайса, нарт шығар ғаўлап,
Өмир деген дәрья, тоқтаўсыз ағар.
Сен шүкир ет, аға! Ғарры болмай-ақ,
Үш мәртебе жетим қалғанлар-да бар...
Январь. 1989-жыл, Москва.
ХОШЛАСЫЎ СӨЗИ
(Шайыр Тилеўберген аға Жумамуратовтың
естелигине)
Биреў егин егип, биреў мал айдап,
Бир ис пенен машқул болып кетеди.
Мақтымқулы айтқан кәрўан сарайға
Ҳәрким нәўбетинде қонып кетеди.
Жүзден жүйрик шайыр едиң сен сондай,
Базы биреўлер бар өзиң айтқандай:
Жалған мәртебесин көтере алмай,
Кеўли менменликке толып кетеди.
Суңқардай ушардан сүйлин алдырып,
Ҳәр айтқан сөзине қулақ салдырып,
Шайыр қосықларын журтқа қалдырып,
28
Өзи, дем таўсылса, өлип кетеди.
Заманға жараспас енди жалғанлар,
Елге ҳийле менен хызмет қылғанлар.
Халықтың кеўлине жол таба алғанлар,
Сиздей даңқлы шайыр болып кетеди.
4-апрель, 1990-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: