Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet135/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   131   132   133   134   135   136   137   138   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Нақыл. 

Барлық ҳəм жоқлықтың, шегарасы бул,
Усы жерге келип излер жоғалар.
«Менсиз дүнья жоқ» деп, асқынған кеўил
Бунда арнасына қайта қуйылар. 
Бунда күлки тынар ғумша лəблерден,
Көзге жас жуўырар, ақыл албырар.
Достың сенсиз үйге қайтар бул жерден,
Я ол сен қайтқанда ере алмай қалар. 
Өлимнен ҳеш жүйрик қашып қутылмас,
Есаптан жаңылмас, ол ҳеш утылмас.
Бирақ ол қаст етип қылса да ҳəмир, - 
Тек те бир күш оның айтқанын қылмас:
Саў болсын гүресшең, шаршамас өмир!
Бир шыбығы сынса, мың болар саррас. 
Əжел қурығынан жүйрик қутылмас,
Оны ойлап қорықпа, қорық сен мынадан:
Сени соңғы жолға узатқан адам
Көзине алмаса бир қатире жас. 
Өлимиң дəрт салмаса ҳеш бир кеўилге,
Жоқламаса сениң орныңды өмир:
«Бул да өтип кетти-аў, байғус, əйтеўир»
Деп ойласа қойып атырып гөрге. 
Отырыспада еске түссең нағайбыл,
Исмиң тирилмесе мысалы бир гүл,
Жақсың илинбесе тилге сол гезде; 


302 
Түсине енгениңде шоршып түсер бир -
Бир дос, бир душпаның қалмаса изде,-
Демек, сүрмегениң жартыўлы өмир. 

«Ол қайта тирилип келсе еди бир,
О, мен кирпик болып оның көзине.
Көрмеген иззетин көрсетип не бир.
Сыйлар едим шаң қондырмай жүзине. 
Кешиккен солдаттай, келсе ол кирип, 
Ярындай аймалар едим-аў сонда» - 
Дер адам адамды жерлеп атырып ...
Бул бийҳуўда өкиниш ғой шынында. 
«Қара хаттан» кейин келген солдат ҳəм
Жат көринер. Өлик тирилген гезде,-
Сүйиў түўе, жолай алмассаң оған. 
Сол ушын суў қайтып ақпайды изге,
Бос өкиништен көре, бир-биримизди
Сыйлай билген əбзел биз тиримизде. 

Жүз елиўге шыққан бир ғарры көрдим,
«Қандай бахытлы» деп параз еттим мен. 
Излеп барып таптым ҳəм сəлем бердим, 
Əлле неге қапа болып кеттим мен: 
Бесте екен Бердақ туўылған жылы,
Өзи үш кемпирдиң басына жеткен,
Тарас Арал бетке қуўылған жылы,
Үш ул көрип, көлде ол талап еткен. 
Үшеўи де қартайып өлди бирақта, 
Заманлас, дос-яран кетти жыраққа.
Өзгерди əўладлар, өзгерди заман. 
Ол түнерип қарар ғарры дараққа.
Ғарры шынар турар қурт жеп қуўраған,
«Гүўлеп турдым-аў -деп баяғы ўақта». 

Əфəндини көрдим қəбирстанда,
Қəдимгише хошўақ, еле өлмеген,
Ешегин урлаған уры да бунда
Қанша аңлыса да еле келмеген ... 


303 
Ол жерде Өмирбек, суфы жолықты,
Пийри менен бир мазарды қарап тур,
«Бизиң жай пəкизе имарат болыпты,
Енди не кемис?» -деп оннан сорап тур.
«Енди кемиси тек өзиңиз, пийрим ..."
Дегенде пир туўлап, гүжирейтти ийнин. 
Сол айтқандай бизиң Ағаш қуйрық та
«Қала болыпты-аў мынаў қойымшылық та»
Деген ҳəмелдарға: «Аўа сен келсең,
Қала ҳəкими де болажақ ...» деген. 

Қулпы тасқа жатқан: «Бул жатқан марҳум
Қырық күн өмир сүрген. Судья болған» ...
«Қəте оқып турған шығарман бəлким?»
Деп Əфəнди сорар жолаўшылардан. 
«Қəте емес, бизде бар сондай дəстүр:
Өлерде ҳəммесин еске аласаң.
Өмириңдеги шадлы демлерди бир бир,
Өзиңше есаплап, шотқа саласаң. 
Өмириңе есаплар тек сол күнлерди ...
Айтты Əфəнди: «Бул даналық неткен! -деп,
Нағайбыл елиңизде өлсем мен енди,» 
Сизден илтимасым, айып етпең тек:
Қəбириме жазың: «Байғус Əфəнди
Дүньяға келмей-ақ өлип кеткен» деп ... 

Атомды кеселге ем етемен деп,
Талай доктор өз өмирин набытлар.
Дүньяны адамға кең етемен деп,
Сүнгир туңғыйықка космонавтлар. 
Инсан өз ақылына уғрас келместей
Тилсим менен ашар дүньяның сырын.
Базда өз өмирин елестирместен, 
Гөр аўзынан алып қалар бир-бирин. 
Адам қандай қыйынлықты жеңбес ол! 
Дүнья билер оның ақылын, күшин. 
Тек бир нəрсе ғана қолынан келмес, ол: 
Өз жанын, өз өмирин аяй билмес ол,
Себеби, өзи ушын өмир сүрмес ол,
Адам өмир сүрер адамлар ушын. 


304 

«Шынар, сен қалайша бир жерде турып,
Үш жуз жыл жасайсаң? Үйретши маған!»
Деп сорадым саясында отырып,
Шынар айтты: «Мейли айтайын саған: 
Сен мени егесең ҳақ нийет пенен,
Ал мен жақсылыққа жақсылық ойлап,
Тек бəлентке ғана умтылып өсемен,
Инсанға сая ҳəм гөззаллық сыйлап. 
Миллионлаған жасыл жапырақларым
Ҳəр таңда күн шуғласына шомылар
Ҳəм де бир-бириниң қағар шаңларын. 
Пазыйлет дəрьясы тамырымды жуўар.
Қəлбине орнаса бул айтқанларым,
Адам да көп жасаў ушын туўылар. 

Бир елде көп тилли улыслар жасар,
Бəри бир анадан туўылған яңлы.
Адамлар дослық деп қушағын ашар,
Кеўиллер сүт пенен жуўылған яңлы. 
Ал, сиз екеўиңиз аразластыңыз,
Душпан сиясатлы еки ел қусап:
Шегараға тикенли сым тарттыңыз,
Ала бағана көмип, сақшылар услап. 
Тасадан оқ атып бир бириңизге, 
Инцидентлер болып турар арада,
Жəбир етпей қысқа өмириңизге, 
Жарасарсызлар ма сиз тириңизде,
Яки сыйыса алмай кеп-кең дүньяға, 
Сыярсыз ба тап-тар қəбириңизге. 
10 
Саўлатлы гүмбез тур қəбирстанда,
Күн сүйип көк шырша бəдия тасын.
Дəбдебели қəд көтерип аспанға,
Түрли ойға салар адам баласын. 
«Бəрекелла! Мине, өлиге ҳүрмет», 
Деп сүйсинип қарар гүмбезге ҳəр ким:
«Қай заманның мүлки? Хан ба яки бек?
Алым ба, шайыр ма бул жатқан марҳум? 
Лəҳəт қазып атқан биреў нас атып,


305 
«Қызық адамсыз» деп мырс етип күлди. – 
«Бул - көкнаршы ғарры, жақында өлди. 
Бул гүмбез - мийнетсиз пулдың мəслиги:
Ол ғаррының улы көп жылдан бери
Бизде саўда базасының баслығы». 
11 
Базы бир адам бар, «өлди» дегенде,
Исенбей турасаң өз қулағыңа.
Абайсыз зəҳəрли тағам жеген бе,
Машина қақтыма, тас қулады ма? 
Жоқ, жоқ, мүмкин емес ... Қалайша өлди?
Ҳийледен шайтанды утар еди ол?
Неғайбыл дус келсе, Мефистофелди -
Ибилиске үш мəрте сатар еди ол? 
Егер жер астында болса ҳүкимдар.
Буны алып барған Əжелди боқлап,
Дер еди: « - Не бəле əкелдиң, заңғар! 
Əй, дозақ сақшысы, бол мынаған сақ!
Бул аўзыңнан кирип, артыңнан шығар,
Сөйтип дозақты да етеди қарап …» 
12 
Базы адамлар бар «өлди» дегенде,
Исенбей турасаң өз қулағыңа.
Бир ғəлетий боран қутырып демде,
Бастырып киргендей кеўил бағыңа. 
Жаның ыршып түсер қылыш шабақтай,
Жақын-жуўық болмаса да ол адам.
Сəўбетин тəрк еткен əзиз қонақтай.
«Ай-ҳай, ийт дүнья деп кеўлиң қаўсаған. 
Инсаный зибаны болса Тəбият,
Айтар еди жаўыз Əжелге сонда:
«Ўақ-ўақ, əттегене! Қылыпсаң уят. 
Қалай көзиң қыйды жанын алмаға.
Бул инсан өлими - маған қыянат.
Бар, апарып жибер жақты дүньяға». 
13 
Мен, сөйтип, өлиппен. «Ақыйры кайыр,
Яқшы адам еди» деп журт апарар,
Есте қалғандай бир сөз айтса шайыр,


306 
Кимдур соны иштен гүбирлеп барар. 
Духовой оркестр барар мөңиреп,
Халық деген жақсы ғой, өлини сыйлар.
Критигим келер изде мөнтеңлеп,
Биреўлер «ордени нешеў?» деп қарар. 
Досларым көзинен жасы сорғалар,
Душпаным басымда қурдай жорғалар,
Қыймылы дым шаққан, даўысы патлы. 
«Абайлаң!» деп табытымды қорғалар,
Бирақ соңыра ол да ынжылып қатты,
Майдансыз мəрт қусап, салбырап барар … 
14 
Базарға барсаң, адам өлмегендей,
Ким не менен бунда саўда етти екен?
Əўлийеге барсаң адам қалмағандай,
Дүньяға қанша адам келип-кетти екен? 
Ҳеш ким алмағанды есабын буның.
Туўылмақ ҳəм өлмек - лазымлы десер.
Пышық қуўып таўсар найшаның жибин.
Қайтып келмес жолға кəрўаның көшер. 
Бунда илəҳият даналығы бар:
Өлмейтуғынлығын билсе адамлар, 
Ҳəмме тири жүрсе жердиң жүзинде, - 
Нешик кешер еди дүньяның ҳалы? 
Адам бес күн жасағанның өзинде, 
Астан-кестен етип атыр дүньяны . . . 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   131   132   133   134   135   136   137   138   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling