Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
МЕН ӨЗ ТƏҒДИРИМЕ ҚАЙЫЛ ҚАЛАМАН
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
МЕН ӨЗ ТƏҒДИРИМЕ ҚАЙЫЛ ҚАЛАМАН
Жазғы ақшамларда жатып шалқама, Жулдызларға қарап ойға таламан, Өз өмириңди ойлағанда, бəрҳама Мен өз тəғдириме қайыл қаламан. Бар оның бир жазып атқан дəстаны, Мениң өмиримнен шеберлеп қурап. Мен туўылар гезде оны баслады, Қашан питкерерин билмеймен бирақ. Шадлықтан - арқаўы, ғамнан - ериси, Тоқып атырғандай ҳəр бир демимди. Базда йош бергендей илҳам периси, Жазғанлары елжиретер кеўилди. Базда руўҳы түскен, жамғырлы күндей, Бояўы бос шығар жазғанларының. Базда бəҳəрдеги ашылған гүлдей, Қуяр зейинине лəззетли нурын. Мен өз Тəғдириме ҳайран қаламан, Ол сондай мийрибан, соныңдай қатал. Бирде жаз күниндей күлип қараған, Бирде қар - боранлап, қапылтып атар. «Аналы жетим - зор» деген уғымды Бизге нəрестелей нəсип етти ол. Аш ҳəм жалаңаяқ балалығымды Тикешли соқпақлардан айдап өтти ол. Ҳəм шығарды жайпаўытсыз, өткелек, Қыйын ҳəм қызықлы жаслық жолына. «Машақатсыз, аңсат өмир күтпе» деп, Бир ҳикметли қəлем берди қолыма. Жақсы - жаман демей усы жолымнан, Бизди алып кетер, тəғдир көреген. Сол қəлемди түсирместен қолымнан, Сүрине - қабына жүрип келемен. Кеўил бүлбилимди мудам аш етип, Сайрата-сайрата естен тандырды. Муҳаббаттың шарабына мəс етип, Айралықтың отларына жандырды. Базда шадлық булағынан иширип. Дəўри - дəўранларды сүргизер бизге. Базда мүсəпирлик ҳалға түсирип, Көрмес ислерди де көргизер бизге. 285 Руўҳыятым айдап шөл - бəябанға, Муңымды самалға шағындырады. Мəккар муҳаббаттың тахты алдында Тиз шөктирип; оған табындырады. Базда туйық көшелерге киргизип, Ҳəўлиртип, əўере - сарсаң етер ол. Базда тик шыңыраўлы жарға миңгизип, Бир ўақта қутқарып алып кетер ол... Мен өз Тəғдириме кайыл қаламан, Ол есиркер арзыў- үмитлеримди. Оған тəн беремен, тəўбе қыламан, Арнап шүкираналық мəўритлеримди. Əзел жазмышымда жазған жол менен Ол мени шаршамай алып барады. Билегимнен тутып мықлы қол менен, Сəл шығынсам, қайтып жолға салады. Биле - билсең, аңсат емес оған да, Күн келгенде есап берер олда ғы. Тик турып баянат жасар ол сонда, «Күнделик дəптерин» ашып қолдағы. Тəғдирим! Мен саған сүйеймен арқа Ҳəм сыйлайман бийик инабатыңды. Тилиң мүки болмай Тəңирим алдында, Жақсы жасағайсаң баянатыңды. Айтқайсаң сен сонда: Пəрўардигарым! Жазғаныңды ҳеш булжытпай бежердим. Ялғаншының бендешилик базарын Аралатып, бир бендеңди əкелдим. Саўап ислер қылды, мириўбет тапты, Билип-билмей қылған гүнасы да көп. Бирақ «инсан» деген уллы атақты «Беглигин бузбастан алып өтти» деп… 1995-жыл, февраль. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling