Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet128/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ХИЙЎАЛЫ ГӨЗЗАЛ 
 
(Хорезмли атақлы бақсы-композитор Ҳафиз Ширазыийдың 
1990-жыл августта өткен юбилейлик мерекесинде оқылған 
қосық)
Қыя - қыя баққан хийўалы гөззал, 
Ышқыңда жанбаған - жанған да заман. 
Пəрўаналар өзин отларға урған, 
Дəртиң жанып турған шамнан да жаман. 


279 
Дилбарысаң бəрше қыз ҳəм келинниң, 
Гөззалысаң əл - Хорезмий елиниң. 
Зулымлығы қанжар кирпиклериңниң 
Пəрман етер Хийўа ханнан да жаман. 
Жигитлердиң ишин ғыж - ғыж қайнатып, 
Бир нəзериң менен аларсаң атып. 
Ҳафыз Ширазийдың сазын йығлатып, 
Апаң сулыў болған сеннен де жаман. 
Ширазы телпегин кийген жигитлер, 
Ышқы отларында күйген жигитлер, 
Сениң ақ жүзиңди сүйген жигитлер, 
Қызғанбай айтаман, дымнан да жаман. 
«Қарындасым» десем, тилим алмадың, 
Мийман ғой деп мийирбанлық қылмадың, 
Сəмендерди
30
не күнлерге салмадың, 
Ибрайымның ҳалы оннан да жаман... 
БИР ҲƏМЕЛДАР ЖИГИТКЕ 
Көзиңде нур, жүзиңде қан қалмаған,
Мəжбүрлейсең қатты сөзге бармаға.
Тар геўдеде бул не деген көкирек,
Бундай көкирек жарасады арбаға. 
Ғарезиң жоқ адам келген ўағында,
Суп-сур жүзиң жəне сусайып кетер.
Өзиңнен күшлини көрген ўақыңда,
Жампаңлап, аяғың қыйсайып кетер. 
Көкирегиңди басып сəл-пəл оданда,
Ызғарланып, бола берме ызалы.
Ең болмаса, сөзиң жоқ па адамға
Сорап шеккен сигареттей мазалы. 
Жаман сөз ол пытыра қорғасындай,
Қуйы пəслик етпе, менменлик қылма.
Тилиңе сақ бол - қаланың қарғасындай;
Аўылдың ийтиндей əўпилдек болма ... 
Октябрь 1994-жыл. 
ТУСАЎЛЫ КИЙИК 
 
(Мүсинши Қ. Жолдасбекке) 
Қара пышақ қара тасқа
Жанып-жанып қайралады.
30
Еркин Сəмендер – Хорезм шайыры (И.Ю.). 


280 
Бул шийбуўын аяқларым
Неге шандып байланады? 
Я болмаса бул аяқлар 
Желден жүйрик емеспеди?
«Мийрим» деген сөз қаяқта?
Бар болса «қой» демеспеди. 
Желдей жүйрик төрт аяғың,
Еки аяқлы жаўызларға
Қалай ғана услаттыңлар,
Көзи қыйып баўызлаўға. 
Мийрим жоқ-аў ырасында,
Бул инсанның баласында.
Маңырап жүр ылақ генем,
Қай путаның арасында?... 
Июль, 1991-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling