Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet124/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   120   121   122   123   124   125   126   127   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ПОЭЗИЯ ЖУЛДЫЗЫНА 
Жыллар асаў аттай, бизди узаққа
Алып қашып барар кеши-күндизи,
Жерде жанған отлар сөнер, бирақта
Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы. 
«Инсанлар өз дəртин гүңиренип жүрсин»,
Деп тəңирим саған бергенди тилсим,
Адам жулдызлардың тилин не билсин,


270 
Сен болмасаң, Поэзия жулдызы? 
Таўлар булақ көзин көмбесе егер,
Адамлық пазыйлет өлмесе егер,
Əрман жулдызлары сөнбесе егер,
Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы. 
Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбил сайраса,
Сен жаңасаң Поззия жулдызы. 
«Ғалаўытлы ҳəм бул гөззал дүньяны
Тəрк еткен шағда да шайырдың жаны,
Бийик көктен сəлем жоллап мудамы,
Жан үстимде, Поэзия жулдызы! 
Апрель, 1991-жыл. 
ДƏЎРАН 
«Дəўлет қусы қонарында 
Бас таңламас мудам» десер.
Қуладин қуў аларында, 
Жапалақты «тарлан» десер. 
Дəўран қараған шағында, 
Ҳəр ким патша өз тағында. 
Дəўлети қайтқан ўағында, 
Жақсыны да «жаман» десер. 
Атлар аттан бөлингенде,
Қыйқыўға журт еринген бе? 
Дал бедеўлер сүрингенде, 
Жүйрикти де «шабан» десер. 
Мереке көрмеген кимсе,
Өзин бек санар өзинше.
Шонтық жигит атқа минсе,
Өз атасын «жорам» десер. 
Аңғырт минез аламаншы,
Кыйқыўы өзине қамшы.
«Халқым!» десе бир алдамшы„
«Усы керек маған» десер. 
«Пай енеғар мына ешек.
Лап болмайды-аў тулпар десек,
Қуйрығын самалға төсеп,
Шабысына қараң» десер. 
«Суў беремен теңизиңе»
Деп инантар лебизине.


271 
Ҳəр ким тартар негизине,
Аңламаған жаман десер... 
Сентябръ, 1989-жыл 
ПАРА 
Бир иллет бар «пара» деген, 
Береди екен, алады екен. 
Ҳарам қоллар қалтырамай, 
Қалтасына салады екен. 
Бермегенлер кала берер, 
«Билмегенлер бара берер, 
Билген адам пара берер», - 
Деп журт нақыл қылады екен. 
Ҳəзир жүдə көп айтады,
«Гүжип кетти» деп айтады.
Еситкенлер «тоба» айтады,
Алған омма урады екен. 
Халық айтса, қалпы айтпас,
Болмағанды жалпы айтпас,
Гөр өгиз балтадан қайтпас,
Гүйсеместен жутады екен. 
Берген адамына пайлы,
Алғанлардың иши майлы.
Жоллары бар қыйлы-қыйлы -
Бериўшилер биледи екен. 
Бергенлер де тек жүрмейди,
Алғаннан пəнт жеп жүрмейди.
Қыпсалы сыр көп жүрмейди,
Журтқа əшкара болады екен. 
Үйине барғанын айтып,
Қаншама бергенин айтып,
Жумысы питкенин айтып
Ертең өзи-ақ жаяды екен. 
Биреўлер бар - жырып жейди,
Биреў - ийттей үрип жейди.
Ақыллысы - бөлип жейди,
Сөйтсе жақсы сиңеди екен. 
Өлерменлер қалта аңлыйды,
«Бере ме» деп жалтаңлайды.
Көп жегенлер талтаңлайды,
Көзине май питеди екен. 
Қабат-қабат жайлар салып,


272 
Балларына машын алып,
Заң-закон пияда қалып,
Бəндиргиде турады екен. 
Бул иллеттиң тəпси урғанлар,
Мут дүньяны қапсырғанлар,
«Тутасаң» деп тапсырғанлар,
Тута алмаған болады екен. 
Ҳарамсынбай алып-алып,
Ақыбети барып-барып,
Артық дүнья көз шығарып,
Бир бəлеге шатады екен. 
Август, 1994-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   120   121   122   123   124   125   126   127   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling