Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


САҚЛАНЫҢ БҮГИНГИ БУЗЫҚ ҲАЎАДАН


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet126/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

 
САҚЛАНЫҢ БҮГИНГИ БУЗЫҚ ҲАЎАДАН 
(Шайыра Зульфияға) 
Қатты бузық көрдим күнниң ырайын,
Жанға жағымсыз бир самал ызғырар,
Үй қасында бағда кеш түскен сайын,
Ойшаң қəдем басып шайыра барар. 


274 
Жапырақларын төгип оның жолына,
Үнсиз гүзетеди мықлы шынарлар,
Ғарғалар ғақылдап анҳар бойында,
Əлле қайда муңлы майналар жылар. 
Гүл мəўсими питип, өткенин жаздың
Өкиниш соқпағында ойлап барар ма?
Я ерте үзилген бир сулыў саздың
Əрманлы ҳаўазы жылап барар ма? 
Мудам жаралыдур шайырдың жаны,
Лекин илтимасым, сизден, шайырам:
Умытсаңыздағы пүткил дүньяны,
Сақлаң өзиңизди мына ҳаўадан. 
Гүз емес, қыс емес, бир ийт аўара,
«Бул қай мəўсим?» деп - те сорамас ҳəзир.
Исенип болмайды бундай ҳаўаға,
Ким болғаныңа ол қарамас ҳəзир. 
Жалғызлық сазында жалғыз шархана,
Самал сүйкенсе де ол жылар бəлким. 
Өкиниш соқпағынан қайтың арқаға.
Ҳүжданыңыз пəкдур, жүзиңиз жарқын. 
Дəртли лираң менен инсанлар бахытын, 
Жан күйдирип жырлайсыз сиз удайы.
Гөззаллық гүлшанын, сабыр дарақтың
Кеўил бостаныңызға еккен қудайым. 
Бийби Фатманы мен ядыма алсам,
Кеўлимде ҳүрметим артады сизге.
Егер мен бир диншил мусылман болсам,
Намаз оқыр едим етегиңизге. 
Сөз бар «сақланғанды сақларман» деген,
Бəрин илажлайды дени саў адам.
Зинҳар, сəл қымтаның, өтинемен сизден,
Сақланың мына бир бузық ҳаўадан ... 
Апрель, 1991-жыл. 
КЕНДИР МЕНЕН ХОШЛАСЫЎ 
Билмеген не билсин, билген - жоламас,
Айтсам қудайымның бул бир ермегин.
«Жүўери ектим кендир менен аралас»,
Кендир емес, дəрт екенин билмедим. 
Кендир арасында өскен ел едик,
«Бир жағымлы өсимлик» деп жүр едик.
Май шығарып, ыйжан түйип жер едик,


275 
Иштен тыңған бəле екенин билмедим. 
Кендирим, кендирим, хош бол кендирим,
Ядымнан шықпайды салланған түриң.
Тек билгенмен жақсы жағыңды сениң,
Жаман қəсийетиң барын биледим. 
Жапырағың нағыслы доланар еди,
Тарам-тарам болып ырғалар еди.
Əйтеўирде бир хош ийисиң бар еди,
Мүшки-əнўар, əтир суў ма, билмедим. 
Жасыл дөнип өстиң үйдиң қасында,
Жасымық-найманның айналасында,
Қуўысыңда қыз аңлысам жасымда,
Жупар аңқып, қыялымды тербедиң. 
Өне бойдан өсек самалың есер,
«Нəшебентлик кейпиң кыямет» десер, 
Бүгин туқымыңнан қалмапты əсер,
Атыз-шел басында сени көрмедим. 
Гүллеген пайтыңда гиртли тозанды -
Шық пенен жыярмыш ерте азанғы ...
Ким кейпият сүрип, татса «мазаңды»,
Ақыбети хор екенин билмедим. 
Бул дəртке щатылып кимлер сорласа,
Ақылы азып, өз өмирин қорласар.
Бирли-жарым бəңги-сəңги болмаса,
Бурын буған ҳəўес елди көрмедим. 
Еркек кендир өсти сыйдам сыбанып,
Атам арқан ести, қабық шығарып.
Талай орған едим қолым қабарып,
Сениң бундай сумлығыңды билмедим. 
Айам май шығарған урғашы кендир,
Даўайысы едиң палаўдың сен бир.
Зыянатлы болып қалыпсаң енди,
Қатты қадағандур өмир сүрмегиң. 
Жақсылық, жаманлық - қоңысы мудам,
Көкнарда гүл сулыў, нəшеси жаман,
Сондай қəсийетлер берилген саған,
Жаман жақларыңды бурын билмедим. 
Ҳақ кеўилли инсап, адамгершилик,
Ҳадал мийнет пенен еткен тиришилик,
Əдеп-икрам, тəртиби бар елшилик
Өрбитпеген бузық истиң өрнегин. 


276 
Сөйтпегенде, ислер шаўып кесирге,
Сандырақлап, бəлким ерте-кешинде, 
Қыйда-қыйыс калар-ек кендир ишинде,
Жаздыра алмай сум тəғдирдиң гүрмегин. 
Қара енди адамларды бүгинги!
Түйе болсаң, жутар қосып түгиңди,
Нəшебентлик тəңирисине жүгинди,
Заман қəйтип дүзелерин билмедим. 
«Екпе» десең егер тасада буғып,
«Шекпе» десең, шегер бəңгиси шығып,
Бул иллет атадан балаға жуғып,
Қандай нəсил туўыларын билмедим. 
Адамшылык, ҳүждан, мийрим-шəпəəт,
Соның салдарынан болып тур қəҳəт,
Дəртке шатса, бул «ғалетий рəҳəт»,
Қурап болмас сынған
өмир шөлмегин. 
Кендир емес - бул айыптың əкеси,
Пейли бузық адамлардың нəкеси.
Кимди көрсең - Əплатунның текеси,
Ким жығылып, ким жығарын билмедим. 
Келди енди жəриялылық заманы,
Əшкарадур жақсы-жаман таманың.
Хош, Кендирбай, туўардым бул наманы,
Жаға ма, жақпай ма саған, билмедим. 
Апрель, 1991-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling