Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet122/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   118   119   120   121   122   123   124   125   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЯД ЕТЕР СИЗДИ 
(Шараф Рашидовтың естелигине) 
Дөҳмет дегишлери, ғыйбат селлери,
Жуўып кеталмады излериңизди.
Ана топырақ Өзбекстан еллери,
Руўҳыңыз қəстерлеп, яд етер сизди. 
Алтын жапырақ төгип гүзги шынарлар,
Ҳəйкелиңде
28
ескен самал тынарлар,
Гүңиренген гүмбезлер, бəлент минарлар
Көктен саза берип, яд етер сизди. 
Қара қус қанатын жайған заманда,
Сөзиңди өткизип Мəскеў таманға,
«Ташкент руўҳын» жайдың пүткил жəҳəнға,
Туўып-өскен еллер яд етер сизди. 
Алтын бесик болған Жиззақтың шөли,
Саўлатлы Самарқанд - жаслық мəнзили.
Арқада Хорезм, қаралпақ ели,
Көзге сүрме қылар излериңизди. 
Ҳəм алым, ҳəм даныш, дийқан едиңиз,
Беглигин бузбаған султан едиңиз,
Кишипейил, гөззал инсан едиңиз,
Алтынға қаплайық сөзлериңизди. 
Ким тас атса, таўдың барып қасына,
Атқан тасы түсерлер өз басына ...
Халық жыйналып ҳүрмет тойханасына,
Қəдирданлык əйлеп, яд етер сизди. 
Сизди ким мингизсе бəлент мəрмерге,
Оның орны болар бəрҳама төрде, 
Өзиңиз азатлық аңсаған жерде,
Бийғəрез Ўатаның яд етер сизди. 
Дүньяға даңқ жайған өзбек еллери,
Ғумшалап ашылған ығбал гүллери,
Жаңа дəўран мустақиллиқ желлери
Мəңги желпип турғай жүзлериңизди. 
БУЛ ҚАЛАНЫҢ КӨШЕСИНЕН ЖҮРГЕНДЕ 
 
(Нөкистиң 60 жыллығына) 
Бул қаланың көшесинен жүргенде,
Билинбейди тоқлығым
я ашлығым.
28
Ҳəйкел – естелик мəнисинде. 


267 
Еске түсер гүўлеп өткен жаслығым,
Бул қаланың көшесинен жүргенде, 
Қайсы жайды қандай ўақта қурғанын,
Қай көшеге қашан асфальт урғанын,
Яд билемен қайсы терек қайманда
Қай бəҳəрде қанша жапырақ салғанын. 
Нөкис десе қозып қетер делебем,
Көп жырладым, жырлайман да еле мен. 
Жер жəҳəнде бул шəҳəрге усаған
Қала тапбай, бəрҳа қайтып келемен. 
Қалалар бар биз көрген ҳəм көрмеген,
Халқы сыймай қара суў боп терлеген.
Онда адамлар жасап турып бир жайда,
Өмиринше қоңсыларын билмеген. 
Бизде үй жоқ күндиз илип отырған,
Апақ-шапақ жайнап күлип отырған.
Арғы баста кимниң ийти үргенин,
Берги баста ҳəмме билип отырған. 
Бул қаланың аэропорты ишинде,
Зилзила бар ҳəр лайнердиң күшинде,
Бирақ базар деген бəле шыққалы
Самолетсыз түс көремен түсимде ... 
Шəҳəрлер көп мəлим дүнья жүзине,
Ҳаўа жутсаң, түтин урар көзиңе.
Алып қояма деп əлле биреўлер,
Завод, фабрика қура берген өзине ... 
Бул қаланың дым басқаша ҳаллары,
Шаң болса да, таза ҳаўа жоллары. 
Тек Аралдан ескен дузлы самаллар
Шырқымызды бузды соңғы жыллары. 
Тахиятас еле жақын қонажақ,
Хожелиге жəне көпир салажақ,
Бул үшеўи келешекте қосылып.
Будапешттей үлкен шəҳəр болажақ. 
Қаттыағардан Қызкеткенниң сағасы,
Қутлы қоныс болған Əмиў жағасы,
«Ағам барда арқам тамда» дегендей,
Уллы Ташкент оньң ғамхор ағасы. 
Жигит дəўири əйне алпыс жасында,
Үргениши, Ташаўызы қасында.
Бухара ҳəм Самарқандтан үйренген
Тəлимат көп бул Нөкистиң басында. 


268 
Арқамызда Қызылорда ағайин,
Өзбек, қазақ, түркмен, қырғыз, ноғайым.
Туўысқаны көп халықпыз бахытлы,
Бир қосыққа қайсы бирин тығайын. 
Аўзым бармас бул Нөкисти жас деўге,
Көшелерин жер деўге я тас деўге.
Алмасбайман доллар төсеп қойса да,
Париж, Лондон, Вашингтон, Мəскеўге. 
Ўа Нөкисим, сен питпеген жырдайсаң,
Əйнегимнен таңда түскен нурдайсаң.
Ҳəр тойыңды президент қутлықлап,
Дүнья турғаншелли жасап турғайсан. 
Ноябрь, 1992-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   118   119   120   121   122   123   124   125   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling