Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


СЕН ТЕБЕРИК ДƏРГАЙЫСАҢ БИЛИМНИҢ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet118/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   114   115   116   117   118   119   120   121   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

СЕН ТЕБЕРИК ДƏРГАЙЫСАҢ БИЛИМНИҢ 
(Əжинияз атындағы пединституттың 60 жыллығына) 
Кең дүньяға көзин ашқан елимниң,
Илҳамысаң сен шайырлық тилимниң.
Қарақалпаққа қалың китап оқытқан,
Сен теберик дəргайысаң билимниң. 
Озық ойдың ошағысаң билгенге,
Шамшырақ тас жанып турар иргеңде.
Студентлик дəўранымды еслеймен,
Ҳəр сапары есигиңнен киргенде. 
Сен муқаддес медресем баўырман,
Əрман гүли гүлшаныңнан таўылған,
Қақтық суўын аңсап келген кийиктей,
Биз келгенбиз билим излеп аўылдан. 
Келешекти үмит пенен болжаған,
Урыстан соңғы
жыллар еди ол заман.


258 
Отсыз жайда жазыўға қол жуўыспай,
Дəўетиңе қуйған сыяң тоңлаған. 
Студентке жүрек жалғар ас қыйын,
Кенеп шалбар, бөз көйлегиң - бас кийим.
Төсеги жоқ сым кровать астында
«Тик тур!» десең, тик турады носкийиң. 
Руўҳымызға билим нурын нəр қылып,
Кетпегенбиз, жоқшылықты ар қылып.
Бөлип жеген студентлик зағара
Пай, не деген мазалы еди жарқылық! 
Көп əўладты билими зор халық етип,
Атар таңда шыққан күндей жарқ етип,
Келип-кетти не бир дана устазлар,
Ақыл - ойын келешекке сарп етип! 
Айтсаң ада болмас оның дəртлери,
Көздиң майын емген билим кəнтлери.
Қайдасызлар қырқ бесинши жыллардың
Шүтик шыра жаққан студентлери! 
Илҳам перим бунда бойжеткен ертеден,
Сенсең туңғыш муҳаббатым - мəртебем.
Қайда енди хош қылықлы сол қызлар,
Жанымызды ышқы отында өртеген? 
Не жоқ дейсең еске алыўға ылайық,
Мейли, енди өткен гəпти қояйық.
«Базар қатнасығы» деген төбеден
Келешекке нəзер салып қарайық. 
Билим менен ақыл өсер, ой өсер,
Өсер ўақта аўырады бойөсер ...
Көп узамай озық ойлы адамзат
Компьютер тили менен сөйлесер. 
Бул тилди тез үйренбесе жасларың,
Турмысымыз мандымайды, досларым.
Билим деген сырлы булақ суўындай,
Қанып ишкен қойын бақпас басқаның. 
Қосықтың бул аяқланған жери екен,
Қутлы болсын алпыс жыллық мерекең.
Келешекте қанша ВУЗлар болса да,
Алды менен сени сыйлар қарекең. 
28-декабрь 1994-жыл


259 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   114   115   116   117   118   119   120   121   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling