Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ОҢБАҒЫРЛАР САТТЫЛАР СЕНИ
(Аралға) Өлген нəрестениң бас ушында Өксип - өңсип жылайды ана. Сыртта, ашық айна тусында Бозлар бир ботасыз əрўана. Дəрти менен усы екеўиниң Көкте қуяш өртенип атқандай, Бир азалы жоқлаўдың үни Бар əлемди муңға тартқандай. Арал, Арал! Сен кешир бизди. Сорымызды сорлатқан елмиз. Ырыс қазаны - теңизимизди Қүпə - күндиз урлатқан елмиз. 256 Hесибесин ҳақтан тилеген, Мийнет шынықтырған билегин, Ақ көкирек еден елсең деп, Берген еди ығбалымызға, «Бир қазанның бир қулағына Ийелик ет, ол - несибең» деп. Ете алмадық саған ийелик, Ат табанлап, арба шүйелеп, Аўдарылды ырыс керсени. Жаманлықтан жийиркенбеген, Киси ығбалына үйренбеген Оңбағырлар, саттылар сени. «Тəбияттан күтпеңлер мийрим, Тəбияттан тартып ал!» деди, Сөзи жалған, ўəдеси шийрин, Олар партбилетли хан еди. «Мол ақ алтын ушын!» деп турып, Шарап кəсаларын қағысты. Дəрья суўын шөллерге бурып, Теңиз таслап кетти жағысты. Өзли - өзи аўыз жаласып, Сатып ҳүждан деген нəрсени, Қорлап өзиниң тəбият - анасын, Оңбағырлар, саттылар сени. Арал. Арал! Ол наймытларға Өкпе - гийне, тағне етпе сен. Кемиси ҳəзир соқлығып жарға, Бетлери жоқ саған бетлесер. Сен түўе сен, олар өзлерин, Өз ийманын, - өз исенимин, Басына күн туўған гезлери, Демде сатып кеттилер бүгин... Арал. Арал! Билесең бе сен, Ҳəзир сондай абырайың күшли. Ҳəмме халықтың тилиндесең сен, Аты - ҳаўазың əлемге түсти. Сениң дағдарысың даңқ əперип, Талайларға дəўран сүргизди. ?лкен лаўазымға көтерип, Бийик минберлерге миңгизди. Ант суў ишти олар сайланарда, «Биз Аралға суў беремиз» деп. «Алыс Сибирьдеги дəрьялардан Суўды айдап əкелемиз» деп, Минберлерден тотыдай сайрап, Сен тиймеслер сынға илинди. Бүгинлиги бəри тал шайнап, Кимлер екенлиги билинди. Ертең жəне болар сайлаўлар, 257 «Аралым» деп жылаған гезлерде, Жəне ўəде, жəне алдаўлар Даўыс бергизди бизлерге... Ат - абырай алғаннан кейин, Буўсанып өз мəртебесине, Басы тасқа тийгенге дейин, Олар сени алмас есине. Қəделери сиңгендей қумға, Қорлап инсап деген нəрсени, Инсапсызлық аукционында «Ким зыятқа» саттылар сени. Жылаған менен келмес орнына, Қуўдай сыңсып жылама, ана! Бозлай берме өйтип оншама, Ҳəй ботасы өлген əрўана! «Көз ийели» деген бабалар, Теңиздиң де ийеси бар - ды. Келер еле сондай заманлар: Суўы қашқан жағалықларды Қайта жуўып мəрўерт толқынлар, Шағалалар шарқ урар еле. Шегинисип сонда шөл - қумлар, Шалқар теңиз жарқырар еле. Арал, Арал! Сениң жағаңа Тастан орнатып бир бағана, Жаңа əўладлар жыйналып сонда, Жазып қояр мына нəрсени: «Жигирмаланшы əсир аяғында Оңбағырлар, саттылар сени...» Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling