Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
КӨРСЕТКЕН РƏҲƏТЛИ КҮНИҢ УСЫ МА?
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
КӨРСЕТКЕН РƏҲƏТЛИ КҮНИҢ УСЫ МА?
(М. Горбачевқа) Дана рəҳбар билип саған ергенде, Бизди алып келген жериң усы ма? Халық исенип саған кеўил бергенде, Көрсеткен рəҳəтли күниң усы ма? Ақыл айттың бийик минберден турып, Қолдан от шығардық шаппатлар урып. Гөнерген дүньяны қайтадан қурып, Шағлап жасайтуғын елиң усы ма? Жаңаша ойлаўды журтқа үйреттиң, Өзиң гөне сүрдеў жол менен кеттиң. Дүньяда бир уллы мəмлекеттиң Тойларын тарқатқан жериң усы ма? Жақсыңды жасырмай, айтсақ дурысын, Тойтардың дүньяның «салқын урысын». Ески тутымларға қарсы гүресиң Усап еди дəслеп үмит қусына. Темир перделерди жулдың арадан, Көзин ашсын дедиң ҳəр ел, ҳəр адам. Гүрмеўли тиллерге сен берип зибан, Сөйлеп-сөйлеп болған жериң усы ма? Оқырайып қарап миллет миллетке, Дуўшар болдық аўыз алалық иллетке. Күшлилер əззини қақбайлап шетке, «Қой дерге хожа жок» деген усы-дə! Дослықты қаслықтың қарасы басып, Көплер посты жыллы үйинен қашып. Бузықлар сахнада аўиретин ашып, Əдеп-икрам үйреткениң усы ма? «Қаўын-қаўын» деген ойын бар қызық, Қайта қураман, деп ҳəммесин бузып, Халықты бос дүканның аўзына дизип, Купонға үңилткен күниң усы ма? Тах таласып, бир бириңе тас атып, Түрли жолға жалтаң етип жасатып, Ельцин «еркин баҳа» ийтин босатып, Журтты талатпақта базар тусында. Усап дүзде қасқыр қуўған кийикке, Баҳалар секирип кетти бийикке. 249 Парахордың мəпине ким тийипти? Əдил заман орнатқаның усы ма? Ең бай елди аштан жулдыз санатып, Журтты жаўыз мафийларға талатып, Батысқа қол жайып, қайыр соратып, Бир масқара қылған жериң усы ма? Бириң бас саўғалап қаштың узаққа, Бириң отыр сени тайдырған тахта. Əдилликтиң соты қурған дузаққа Түспеймиз деп, тапқан шараң усы ма? Дағдарыстан шықсақ дағыспай аман, Базарға өтермиз, дүзлесер заман. «Қайта қурсақ, болар бир шадлы дəўран», Деп сүргизген дəўранларың усы ма?! Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling