Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ
АЛЫС ƏЎЛАДЛАРҒА
Жазғы таңда жасыл жапырақ жамылып, Бүлбил қуслар менен сайрағым келер, Батар күнниң шапағына шомылып, Атар таңға сəлем жоллағым келер. Даңқ ҳəўес етиўден нийетим аўлақ, Қайсы шайыр алар кеўлиңди жаўлап? Алыс қашырымлы ҳəй гөззал əўлад, Сениң кимлигиңди болжағым келер! Кең дүньяның сағалаяқ елинде, Шайыр болып атым шыққан мениң де, Қайсы қəўимлердиң қандай тилинде Сөйлер сөзиңизди аңлағым келер. Сизге дейин небир заманлар өтер, Қанша əўлад келип, қаншасы кетер. Билмедим, ҳаўазым қай жерге жетер, Сонда да бир қосық арнағым келер. Дəрьялар терис ағар, теңизлер кебер, (Бундай иске бизлер оғада шебер). Кырқ шилтер тесилип, жер кейин тебер, 241 Соннан бурын оны қорғағым келер. Оқып көрсеңизлер тарийхнамадан, Бизлер жəрияладық бир жаңа заман, Нийетимиз дүзиў, пейлимиз жаман, Шынды жалған менен алдағың келер. Сондай машақатлы жолымыз бизиң, Қəўип-қəтерли оңлы-солымыз бизиң. Шетиңизден билгир бəримиз бизиң, Қайсы биримизди тыңлағың келер. «Əўели өзиңди қайта қур, қəне!» Деп тəп берип турмыз бир биримизге, Өзин қайта қурыў жағады кимге? Өзиңди емес, журтты оңлағың келер... Жықтық тəбияттың жасыл туўларын, Зəҳəрлеп питирдик ағын суўларын. Заманның буныңдай түс алыўларын Түрли жаққа жорып, болжағың келер. Дүньяны жаңадан дүзеймиз десип, Қызыл гегирдек боп, қаралай өшип, Биреў жалғағанды, биреўимиз кесип, Тилди сөзге жанып қайрағың келер. Тарийх ана азап шеккен жолдағы, - Жаңаланыўдың бул ашшы толғағы, Сиз туўылар дəўирлерге алдағы Нəсил таярлар деп ойлағым келер. Бийхабармыз сизиң кимлигиңизден, Мириўбетиңизден, сумлығыңыздан. Жулдызлар үңилсе түңлигимизден, «Ким екенин айт» деп ымлағың келер. Бир-биреўди жатырқамай еле сиз, Интимақлы жасаў жолын билесиз, Бизиң көп ислерге күлип жүресиз, «Байғус бабамлар» деп ойлағың келер. Жасап инсан ҳүждан, ар-уят пенен, Сыйласасыз қызғын муҳаббат пенен, Адам тил табысса тəбият пенен, Нағыз инсан сол деп сыйлағың келер. Тəбият - ол тиришиликтиң ийеси, Қорлағанға болар ғарғыс-кийеси. Олдур адамзаттың Ҳаўа енеси, Қəйтип өз анаңды қорлағың келер? 242 Жасыл тоғайлардың саясы сизге, Теңизде толқынлар намасы сизге, Дəрья суўларының тазасы сизге, Бəрин-бəрин сизге арнағым келер. Ҳəй, сиз алыс əўлад - бийтаныс урпақ! Дүньяға келесиз сиз қай ўақ, бир ўақ. Узақ өтмишлерден сизди улығлап, Сизге таң сəлемин жоллағым келер. Май, 1990-жыл. ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ «Дем бермес» ке деми жеткен қарындас, Йошлансаң ямана кетесең енди. Суңқар қуслар жете алмаған таўларға, Пəтли пəрўаз бенен жетесең енди. Қарақалпақтың болған жери «Дем бермес», «Дем бермес» ке ҳешбир нама тең келмес. Ҳаўазыңда бүлбил қустан кем көрмес, Жанды жүйсиз жерден сөтесең енди. Ушырған қусыңның таппай турағын, Дуўалап таслайсаң журттың қулағын. Ҳəмме Лəйли - Мəжнүн болып ылағып, Залдан шығып кетсе нетесең енди. Сахнада сулыўлық ҳəм назың менен, Талпынасаң талант пəрўазың менен. Қалай ғана усы ҳаўазың менен, Бир нашар орнына кетесең енди? Январь, 1990-жыл, Үргениш. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling