Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet108/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР 
 
Е. Ембергенге 
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар,
Көргенде көзимниң жаўын алдыңыз. 
Қалай бульдозерден аман қалдыңыз,
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар? 
Тораңғыл кегейге басларын шатқан,
Қусыңды мергенлер ушардан атқан,
Даўыткөлге дейин созылып жатқан
Кең ҳаўалы, зейин ашқан тоғайлар. 
Жасыл шатырдайсаң жазда саялы,
«Дем алсам ...» дер жолаўшының қыялы,
Гүз паслында турдың зер липас кийип,
Алтын менен шайқағандай дүньяны. 
Бəҳəрде өткенде үстиңнен сениң,
Қуслар жуғырласқан сестиңнен сениң,
Дүнья сонша сулыў көринди маған,
Нəзер салсам жасыл көшкиңнен сениң. 
Жанға тийди қапырық ҳаўалы қала,
Машинаңды тоқтат, Емберген бала!
Қайда жүрсем қыялымда ырғалар,
Бозатаўдың бойындағы тоғайлар. 
1989-жыл. 
ТЫМЫРЫҚ 
 
Шөптиң басы сылт етпейди, тымырсып,
Ийтлер суўға «гүмп» береди ыңырсып.
Ат тепсинип, мал мөңирер шыбынлап,
Түтинликтиң ашшы ийиси қоңырсып. 
Сытырламас жүўериниң арасы,
Шымшықлар да шаршағандай шамасы. 


237 
Түнги ҳаўа ҳəўириндей тандырдың,
Зериктирер шегирткениң намасы. 
Күни менен шомылғаны есинде,
Суў көргендей сандырақлап түсинде,
Тыржалаңаш қара боталақ балалар
Уйықлап атыр пешехана ишинде. 
Саратанның қызын самал əкетип,
Ашыў-ызасына бизди тап етип ...
Олсыздағы өртең шалған бул дүнья
Жанайын деп тур ма деймен лап етип ... 
Шымбай, Азат аўылы, 1989-жыл 
 
МƏҢГИЛИК 
(Гөне сөз) 
Бир топар жигитлер атланып тойға,
Иңирде жол алды қоңысы аўылға. 
Жол бойында қалды əўлийешилик.
Жеңил минез, осамаслаў бир жигит, - 
Марҳум жатқан достын тойға шақырды,
«Жүрсең-ə, жора», деп ойнап бақырды. 
Бир ўақлары зəңги қағысып
оған,
Бир атлы қосылды келип қапталдан ... 
Бирақ оны ҳеш ким елестирмеди,
Өлгенин де бəри умытқан еди. 
Аўылдан тап жаңа шыққандай бирге,
Жетти ғаўқылдасып той болар жерге. 
Той қызды, ҳəмме мəс. Тек те бир жигит,
Үнсиз бир нашарға көзлерин тигип. 
Ықтыяры кеткендей-ақ өзинен,
Отырды ол қаны қашып жүзинен. 
Шағал-мəслик болды, жыраў айтылды,
Аўыр жатар ўақта үйге қайтылды. 
Келген ўақта қойымшылық тусына,
Марҳум жигит былай деди досына: 
«Тойға мирəт еттиң, рахмет жора,
Сағынып жүр едим, ҳəз еттим, бала. 
Енди мирəтим бар мениң де саған,
Бир ақшам бизге де боласаң мийман». 


238 
Сөйтип, жигитлерден бөлинип олар,
Бир əжайып отырыспаға бардылар. 
Ҳасыл гилем төсеп тилла сарайға,
Гүллер қойған, дийўаллары шарайна. 
Ҳəўижинде саз ҳəм сəўбет дегенлер,
Жилўа таслап ойнар арыў сəнемлер. 
Бир дилбар наз бенен қəдемин басып,
Ғайбана мийманға болғандай ашық. 
Иззет-ийба менен қыйылып қарап,
Жигитке ишкизди бир кəса шарап ... 
Жигит бир шийрин түс көргендей болды,
Тирилей бейишке киргендей болды. 
Тек есинде таң алдында қайтқаны,
Достының «Саў бол», деп оған айтқаны ... 
Аўылына келсе, бəри өзгерген, 
Жоқ баяғы дос, туўысқан, көз көрген. 
Бул - ҳеш кимди, буны ҳеш ким танымас,
Сөйлескенде түсинисип жарымас. 
Ҳаялының атын айтып бақырды,
Балаларын бирим-бирим шақырды. 
Еситкенлер аң-таң болып қарасар,
«Байғус аўырған ғой»
десип аясар. 
Билди ме ол: қанша заманлар өткен?
Дүнья қайта-қайта өзгерип кеткен. 
Мəзи таныс дəрья ағар қасында,
Бултлар көшер еле таўдың басында. 
Бул шексиз өлимди нур менен шулғап,
Қүдиретли Қуяш шығар шашырап. 
Ноябрь, 1989-жыл 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling