Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet105/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АНЕМИЯ 
 
Дəртли қосығымды саған арнайман,
Дилгир мүтəжликте жасарым мениң.
Ақша жүзи жапырақтай сарғайған,
Көзи дөңгеленген нашарым мениң. 
Көргенмен аўырыў алма ағашын,
Мийўасы писпей-ақ төгилген саўлап.
Сондай сен де бийўақ ийилди басың,
Жамғырсыз ыссыда турғандай жаўрап. 
Қыз ўағыңда қызыл алмадай едиң!
Атаңның үйинде сүрген дəўраның -
Жоқ енди. Турмыстан сен опық жедиң,
Түриң жин сорғандай, жүзде жоқ қаның, 
Тəниңнен ет қашқан, диңке жоқ дизде,
Көз алдың булдырап айланар басың,


230 
Нур жоқ сол танадай жайнаған көзде,
Жақ суўалып, жанға батқан науқасың. 
Гүзде уўлы шаңын жутып теримниң,
Жазда ыссыларда атызда жүрсең, 
Билгени бир «пахта» сениң ериңниң,
Кемпир-ғаррының да шорысы - бир сен. 
Уйқыңды төрт бөлип бесик тербеттиң,
Қонақ-қопсы, дəстүр жеди барыңды.
Қысымынан ғарры деген сур беттиң
Бир пул шықпас, алса табысларыңды. 
Базда енең емизиўге ақлығын
Алып келер еди атыз басына.
Шаңғыттан паналап ыраштың ығын,
Емизип отырдың оның қасында. 
Енди жəне аўырласқан аяғың,
Жүзлериңде қан жоқ, азып қалыпсаң,
Бир жасар нəрестең қолыңда тағы,
Жол бойында дилгир болып турыпсаң… 
* * * 
Өртелгендей саратанның тандыры,
Шыжғырады отлы қуяш жандырып,
Машиналар барар жолда шаңғытып,
Жол бойында күнге күйип, шаң жутып,
Турыпты бир бала көтерген ҳаял,
Ҳеш тоқтамас «Жигули» лер, «Волга» лар. 
- «Обалдағы-ай, баратуғын жерине
Ала кетейик», дер ҳаял ерине, 
- «Жолда турғанларды терип, мени не,
Таксист дегениң бе? Отыр жөниңе!» …
Қолы көтериўли қалады ҳаял, 
Өтер зуўлап «Москвич»лер, «Волга»лар … 
Байғус не ойлап тур келиншек ҳəзир?
Бул не сергизданлық, ким еткен жəбир? 
«Өзиң медпунктке апар баланы,
Пахта шөллеп атыр, зая болады» -
Деп күн-түни суўшы болған ери ме?
Медпункттен табылмаған дəри ме?
«Мине қағаз, усы бүгин қалаға,
Апармасаң, қəўип туўып тур балаңа.»
Деген сестра ма медпункттеги?
Жоқ, жоқ, олар емес ойының теги.
Жалғыз əрманы сол: жетип қалаға
Шыпа табыў қолындағы балаға.


231 
Дизден диңке кеткен, зорға дем алар.
Өтер зуўлап «Жигули»лер, «Волга»лар. 
* * * 
Дүньяны кең десер, қарасаң аңлап,
Оннан тар жоқ бир науқасқа шатылсаң.
Балаң менен тар койкада қырынлап,
Емлеўхана дəлизинде жатырсаң. 
Бир врач - мийирбан, биреўи - наймыт:
«Туўыўдан басқаны булар билмеген,
Өзиң - анемия, балаң - гепатит» ... 
Деп түйрейди базда ашшы тил менен. 
- «Байыңа айт, тапсын мына дəрини,
Бизде жоқ». - «Қаяқтан табады оны?» 
- «Пулға не табылмас ...» деп ол мəнили 
Күлип тили менен шағады оны ... 
Ҳəзир дымнан қəҳəт мийрим-шəпəəт,
Қанды көбейтиўши дəриден бетер.
Өзиңди қолға ал, жыйна күш-қуўат,
Мүсəпирлик күнлер өтер де кетер. 
Дəртли қосығымды
саған арнайман,
Таўсылғандай кеўил ашарым мениң.
Ақша жүзи запырандай сарғайған,
Көзи дөңгеленген нашарым мениң. 
Саўаларсаң өзиң, жазылар балаң,
Өзиңди қолға ал, кеўил суўытпа.
Пейлимизди бузған қансызлық ылаң
Емленбейди еле жақын-жуўықта ... 
Апрель, 1989-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling