Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet104/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   100   101   102   103   104   105   106   107   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

 
 
МОНОКУЛЬТУРА ҲАҚҚЫНДА ҚОСЫҚ 
Журтқа жақпас тəрепиңди жақласам,
Баяғыдай «ақ алтын» деп мақтасам,
Сен туўралы ҳəзир ғəремет сөз көп,
Не айтайын, сен белгили пахтасаң. 
Əлпешлеп, сүйдирген жерлериң де көп,


228 
Азаплап күйдирген жерлериң де көп.
Қар астынан қармалатып суўықта,
Мийлерди шайдырған жерлериң де көп. 
Басшыларға байлық ҳəм даңқ əперип,
Дəўранды сүрдирген жерлериң де көп.
Атызда теңселтип аўыл-қаланы,
Халықты бүлдирген жерлериң де көп. 
Бар жеринде табыс, пулың да болды,
Пулы бардың бəри қолында болды.
Ел еңбегин емген тəсилхор ушын,
«Қосып жазыў» деген жолың да болды. 
Енди бир басқаша заман болып тур,
Бирақ азаймағың гүман болып тур.
Теңизге суў бермей, еки дəрьяны
Симирип турғаның жаман болып тур. 
Ҳəзирги адамларға абайлап қара,
Өз қылмысын саған аўдарып ғана,
Өзин емес, сени сотқа бермекши,
Ал, буған не дейсең, Пахтабай жора? 
Ҳəзиргилер менен ойнама, бала,
Олар - көзи ашық, шетинен дана.
Айтысқанда бир-бирине алдырмас,
Пириңди таңады арқаңа ғана. 
Олар пайдасына пүтин оғада,
Суўды бөгеп турып, ишер сағада.
Аяқтағы уў ишсе де аямас,
«Дослық» деп қыйғырып қояр набада. 
Сағадағы суў ишкенге жутынып,
Биз отырмыз ақабаға тутылып.
Ўəде берип, бизди алдастырғанлар,
Еплеп кетип атыр аман қутылып ... 
Қайымшыл ат ҳазар бермес дойнаққа,
Сайлаўларда тилин қосар байраққа.
Сол ўəделер сөз емес, суў болғанда,
Арал қайтып келер еди-аў Мойнаққа. 
Сөз сөйлемес ҳəр ким өзин ақламай,
Ўəделер көп сыптырыңқы ноқтадай.
Сениндағы тил-зибаның болғанда,
Бир айтар едиң-аў бəрин, Пахтабай! 
Айтар едиң: «Ҳəй, инсапсыз инсанлар!
Неге жалған сөйлейсизлер қыйсаңлап?
Ақ пахтаға қара күйе жаққанша,


229 
Пейлиңизди дүзеп алың сиз оңлап». 
Айтар едиқ: «Менде қандай бар жазық?!
Суўды шөлге айдайсыз каналлар қазып.
Көзлериңиз ҳеш нəрсеге тоймайды,
Қанəəттен қалған пейлиңиз азып. 
Аз ексеңлер, «қой» дедим бе сизлерге?
Шуқшыйып түстиңлер бизиң излерге.
Қыста ғөрек терип, жан себил болып,
Оқыўшыны қыйнадыңлар гүзлерде. 
Кийик жуўырғандай шөллер қалмады,
Палыз-тамарқаға жерлер қалмады.
Жер көрсең, бəрине пахта ектиңиз,
Малды арқанлаўға шеллер қалмады. 
Мен билемен, еле сизлер тоймайсыз,
Үйренген əдетти бирден қоймайсыз.
«Аз егип, саз егип мол ҳасыл алың»,
Деп көз қысып бир-бириңе ойнайсыз. 
Қайта қурып, дүзең бузғаныңызды,
Қойың дүнья қуўып қызғаныңызды.
«Монокультура» деп мени сөккенше,
Сотлаң өзиңиздиң ҳужданыңызды. 
Дер еди-аў Пахтаның бергенде тилин!!!
Жуўған менен кетпес жабысқан желим.
Күйгеннен күй шығып
айтылған сөз ғой, 
Сен аман болғайсаң, пахтакеш елим!
8-ноябрь 1989-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   100   101   102   103   104   105   106   107   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling