Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ҚАЙТЫП КЕЛСЕ ЕДИ БАЛАЛЫҚ ШАҒЫМ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet107/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   103   104   105   106   107   108   109   110   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ҚАЙТЫП КЕЛСЕ ЕДИ БАЛАЛЫҚ ШАҒЫМ 
Қайтып келсе еди балалық шағым,
Сизлер менен бул мектепке қатнасам,
Класстан классқа бирге атласам,
Қайтып келсе еди балалық шағым. 


234 
Атызларда болық егин ырғалса,
Қуслар жуғырласып, намаға салса.
Маған кийим, дəптер излеп дүканнан,
«Балам оқыйды», деп анам қуўанса. 
Таңғы шымшық пенен оянып бирге,
Жүрек шəўкилдеген ықласлы түрде,
Кетсем сенлер менен оқыўға мен де,
Қайтып келсе еди балалық шағым. 
Көзим қызырады сенлерди көрип,
Бəри еске түсер наўқандай өрип, 
Жалаң аяқ арба жолды шаңғытып,
Жаптан қарғыр едик балақты түрип. 
Класстың едени полсыз жер еди,
Айналары айкөрмектей тар еди.
Аўыл бойынша бир ҳəкленген жай бар,
Сол кишкене тамды «мектеп» дер еди. 
Сол гезде де қыста қар жаўар еди,
Бир кесек пеш, сынық моржа бар еди.
Бул сөзлерге сенлер түсинбейсизлер,
Кийимлер «бөз» деген бир таўар еди. 
Бирақ халықтың онда пейли кең еди, 
Дүнья қуўып жүрген адам кем еди.
Ҳəзиргидей көмешке күл тартыў жоқ,
Сумлық жайламаған еден ел еди. 
Ол ўақтың да тəўир жери бар еди,
Таза суўлы дəрья, көли бар еди.
Балларына пахта тергизбейтуғын,
Кең пейилли дийқан ели бар еди. 
Деген менен ҳəўес етпең бурынға,
Сағындырмас жаслық жылларым мениң.
Өмириңиз жайнасын таң нурындай,
Көзи жаўдырасқан балларым мениң. 
Ҳəссений, қайтадан туўылармедим,
Шадлы балалықтың бахытын сезип,
Атақ, абырай, даңқтың бəринен безип,
Сизлерге қосылып жуўырар едим. 
Ол жоқ енди бизге. Сиз барсыз бирақ,
Қуўанаман бəрҳə сизлерге қарап. 
«Жигирма бир» деген жаңа əсирдиң
Атларын минерсиз, жалларын тарап. 
Бирақ, ол бир сондай асаў ат болар,


235 
Билимсизди жығып
кетип, мат қылар.
Ол заманда ақыллы ҳəм инсаплы
Бизлерден көп билгиш адамзат болар. 
Олар, бəлким, бирин-бири алдамас,
Сулыў сөйлеп, қызыл тилин жалламас.
Атом бомба менен журтты қорқытып,
Ана тəбиятты биздей қорламас. 
Ким жақсы оқыса, - соның заманы,
Халыққа, келешекке күш-қуўат болың.
Бизлер дүзей алмай атқан дүньяны
Дүзетип алғандай азамат болың. 
Компьютер заманы күтеди сизди,
Билим шыңларына умтылар болың.
Бизлер сумлық пенен қуртқан теңизди,
Мийрим суўы менен толтырар болың. 
ОРЫНЛЫ КЕЙИС 
«Ҳə, қос айдап атырсаң ба, бала?» - деп,
Дийқан өз улына саўал берипти.
Ал, баласы үш күннен соң «Аўа» деп,
Оның саўалына жуўап берипти. 
Ғарры айтты: «Жатырыңа тартқансаң,
Неге сонша көп сөйлейсең, антурған!» 
ЭПИГРАММАЛАР 
Жəриялылық қолай түсти биразға, 
Мəкийен айланды ата қоразға. 
Мезгилли - мезгилсиз тынбай шақырар, 
Қəйтип шақырса да енди ҳақы бар. 
* * * 
Ҳəмел деген, қарап турсаң, дым қызық. 
Басқадан бир жери дым парқ қылады: 
Əўелинде мақтап атқа миңгизип, 
Аттан түсирерде инфаркт қылады. 
* * * 
Арал əтирапында зор «урыс» болды, 
Сайлаўларда қатты жулқыныс болды. 
Ат минип алған соң Аралды сатып, 
Енеғарлар, бəри тым - тырыс болды... 
* * * 


236 
Намазшамда бир сум бир сумды тапты,
Ишкирнелер иштен есикти жапты.
Адамлардың арасына от таслап,
Түлки болып алдап, ийт болып қапты ... 
* * * 
Кимде болмас бендешилик, алжасық, 
Араласып жасар шын ҳəм жалғаның. 
Еситпедим дүканшының алжасып, 
Артық өлшеп, пулды кемис алғанын... 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   103   104   105   106   107   108   109   110   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling