252
«Ақ алтыннан таўдай қырман питкенде,
Оны жат кəрўанлар алып кеткенде,
Сен ойшаң сүйенип аўыр кетпенге,
Үнсиз турысларың елеслеп кетти,
Мустақиллиқ майданынан өткенде…
Сениң руўҳыңдағы мəртлик, даналық
Жаңа дəўран жолын тапбағы лазым.
Бийик инсанлығың дүнья тəн алып,
Жəҳəн минберинен шықсын ҳаўазың.
Кеўил талўас етип, илҳам йош урар,
Мийрим суўы менен толғандай Арал,
Есер бир əжайып жағымлы самал,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
Өзбекстан - Күншығыстың Шолпаны,
Көп қыйын жоллардан өтерсең асып.
Бинияд таўып азат инсан əрманы,
Жолыңды жақтыртар ығбал қуяшы.
«Қутлы қəдемиңе ҳəсанат!» дийип,
Қан-қардаш халықлар қол берип қолға,
Қара қалпағымды шалқайта кийип,
Жаныңда бараман бул уллы жолда!
22-август, 1992-жыл, Ташкент.
ЖУБАТЫЎ
(«Қулағым еситпейди, көзим гиреў тартты» деп налыған
бир яшуллыға)
«Еситпейди» деп налыма қулаққа,
Онда турған ҳеш гəп жоқ арсынғандай.
Бул күнде сондай сөзлер айтылмақта,
Еситкиш қулақлар да сарсылғандай.
«Көзлерим гиреў тартты» деп өкинбе,
Онда гəп жоқ, қысынып, бекингендей,
Бул топалаң дүньяда усы күнде
Қызық жоқ көрмедим деп өкингендей.
Do'stlaringiz bilan baham: