Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- «БЕГЛИГИҢДИ БУЗБА СЕН» китабынан 1995 ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС
ҚЫРҒЫЗ ҚОСЫҒЫ
Суўсамыр суўы тереңлеп, Өте алмай турман елеңлеп. Өткизип алсаң болмай ма, Паяпыл салып ҳəмеллеп. Суўсамыр суўы тарағай, Күйдирдиң дəртке жарамай, Паяпыл ушын нийетлеп, Қырықтырып жүрмен қарағай. Порлы қыя Қапшығай, Боранлап барып ашылғай. Сен десем, сени сағындым, Бозлаған үним басылмай. Ала бел өткел асыўда, Ала таўдың басында Айланар булт кете алмай, Ашығына жете алмай. Боз жорға екен мингениң, Боз шекпен екен кийгениң, 246 Айда-жылда келесең, Өтирик екен сүйгениң. Уллы таўға шыкқан бар, Улар етин жеген бар. «Шынаяқ толы қымызды Ким ишпейди?!» деген бар. Қоқтың басы қол жылға, Қол жылғадан қол былға. Қол былғасаң барайын, Қостар етип алайын. Етиңе кийген көйлегиң Ол не деген гезлеме? Көрсетип қойсаң болмай ма, «Көрейин» деген жездеңе ... Субайылда сулыў туўған жер, Белине шылбыр буўған жер. Қызлығында ат минип, Ақ маралды қуўған жер Узын булак суўынан Көк көйлегин көтерип, Ақ балтырын жуўған жер. 6-октябрь, 1989-жыл, Қапшығай жолында. «БЕГЛИГИҢДИ БУЗБА СЕН» китабынан 1995 ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС Тобынан айырылған торала ғаздың Ғаңкылдысын айдын көллер аңламас. Гүл ышқында күйген бүлбил наласын Бəҳəрде ашылған гүллер аңламас. Биреўге - айралық, биреўге - сайран, Дүньяның исине қаларсаң ҳайран, Суў излеп ылақса жаралы жəйран, Өзи суўсап атқан шөллер анламас. Қастың бардай сонша қыйнап жанымды, Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды. Мениң «сен» деп шеккен азапларымды, Қудаға мың шүкир, еллер аңламас. Гүл мəўсими өтер бəҳəри-жазы, Биймезгил урмағай қазан аязы. 247 Ашық Аяз «сен» деп питкен баязын Бийдəрт жанлар, алшақ диллер аңламас. МҮНАЖАТ Тəңирим, инсап бер өз бенделериңе. Бул барыстан нешик замана болар? Дəрт жамалып кеўиллердиң шерине, Дəўир дағдарыстан аўара болар. Ақыллар тубалап, болып ар-сары, Ким не айтса аўып журттың аңсары, Малын пуллап бийинсаплық базары, Ҳəр кимниң кеўлинде бир нама болар. Кимлер ҳийле менен шалқып жатажақ, Пулға өтсе жоқ ийманын сатажақ. Мириўбет таңлары қашан атажақ? Журттың бир əрманы сол ғана болар. Тəкаббырлық иллетине шатылып, Күшлилер əззиге дизе батырып, Арзан сөзлер қымбатына сатылып, Бийдай нанның изи зағара болар. Қырмызы қан ағып асқар таўларда, Абыл-Қабыл түскен питпес даўларға. Аналар перзентин берип жаўларға, Ботасыз бозлаган əрўана болар. Тəңирим, сен билерсең заманның сырын, Пейил азса, ығбал кетерлер қырын. Кеўиллерге қуйсаң мириўбет нурын, Инсан бир-бирине пəрўана болар. Жүрек жанса, ышқы отында жансын, Ашықлар уйқысын бузып оянсын, Таянса, аналар бесик таянсын, Балдақ таянғанлар бийшара болар. Отлар жанса, жансын ошақта гүрлеп, Атлар шабар болсын байраққа терлеп, Ким қолын жылытса урыс отын үрлеп, Қарғысқа ушырап, гиряна болар. Усласса, палўанлар жаға услассын, Тасласса, қошқарлар гелле таслассын. Урысса, қоразлар ғана урыссын, Адам урысқан жерлер ўайрана болар. Октябрь, 1991-жыл |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling