Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ДƏЎИРЛЕРГЕ ДАЎЫРЫҚ САЛҒАН ЖАС ҚАЛА


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet125/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   121   122   123   124   125   126   127   128   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ДƏЎИРЛЕРГЕ ДАЎЫРЫҚ САЛҒАН ЖАС ҚАЛА 
 
(Тақыятас қаласының қырқ жыллығына) 
 
Көз қыйығын салып көрсең картаға,
Бир қала бар биз жасаған арқада.
Алтын күнниң сынығындай жарқырап,
Əтирапына сəўле шашар бəрҳама. 
Тарийх берер ҳəр заманға бир заман,
Түрли муқамларға дөнип тур заман.
Жас болса да, заманында дүньяға
Оның даўырық салғанына ырзаман. 
Несибесин салып уллы несиптен,
Тербетилип жатып алтын бесикте,
Бул қаланың иңгалаған даўысын
Заманында пүткил жəҳəн еситкен. 
Техниканың тайнапыры мыңлаған 
Ис басларда жер қулағы шыңлаған,
Кремльдиң телефоны шыңғырлап,
Сталинниң даўысын да ол тыңлаған... 
Еске алсаң, мəзи ертек болғандай,
Кеше көргенлериң бүгин жалғандай,
Кең аймақтың энергетик жүреги,
Бүгин бунда дүрис-дүрис соғып турғандай. 
Бул жүректен таралған қан тамырлар,
Жеткен жерде жеңиллесер аўырлар.
«Ырысқыңды сат, - рəўшан ал» дегендей,
Жайнап-жаснар мың сан қала-аўыллар. 
Бул қаланың қолы жетпес қай жаққа?
Гүриш тазалап, шығарады тай пахта.
Бетон ийлеп, сыйыр саўып, от жағып,


273 
Қызлар менен балық аршыр Мойнақта. 
Ол жарқ етсе, кеўлиң ўақты хошлықта,
Телевизор көрерсең қол бослықта,
Ургениште гилем тоқып бул қала,
«Мерседес» ке завод қурар «Дослық» та. 
Бул қаланы ҳəмме жерде яд етер,
Нуры түскен жерин шын абат етер. 
Қаратаўда ғасырлатып тас шайнап,
Ташаўызда түркмен елин шад етер. 
Ол қорықпайды базар деген бəледен.
Бир жарқ етсе, миллион манат төлеген.
Төлемесең, қараңғыда қалдырып,
Төлегенди шуғласына бөлеген... 
Ҳəр елат бир парқы менен айырылар,
Бул шəҳəрге дəўлет қусы қайырылар.
Қосық жазса Тақыятас туўралы,
«Нур қаласы» деп мақтайды шайырлар. 
Саўлатына таңырқанбай қоймайсаң.
Жас ҳəм сулыў дийдарына тоймайсан.
Жəйҳун дəрья бурқып аққан жағысқа
Шамшырақ тас түскен бе деп ойлайсаң. 
Қырқ жас деген бир жигиттиң дəўири,
Алпыста да сыр алдырмас тəўири.
Талай ғарры қалаларды қыздырар
Тақыятас ГРЭС - иниң ҳəўири. 
Қалағанда бул қаланың тырнағын,
Сазға қосып уллы қурылыс ырғағын,
Акация гүллеп атқан бул жерде,
Жаслығымда мен де оны жырладым. 
Жырла десең, елеберин жырлайман,
Қыялымда қуяш болып нурлайсаң,
Аққуўдай таранып Əмиў бойында,
Келешекке нур таратып турғайсаң! 
8-сентябрь, 1993-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   121   122   123   124   125   126   127   128   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling