Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


МАЗЛУМХАН ЕЛИНДЕ КӨРДИМ БИР ЖƏНАН


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet130/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

 
МАЗЛУМХАН ЕЛИНДЕ КӨРДИМ БИР ЖƏНАН 
Мазлумхан елинде көрдим бир жəнан,
Қыял етсем, ҳүрден зияда келди.
Бир аш бүлбил сайрап кеўлимде мудам,
Қайта бастан тилим гөяға келди. 
Жүзлери мунаўўар аспанда айдан, 


282 
Ай менен жулдыздан бизге не қайран?
Суп-сулыў ылағын ерткен бир жəйран,
Жаман көзден аўлақ уяға келди. 
Көзлериме ысық, хожаның ели, 
Жəйҳун жағасында ырғалған гүли 
Қыялым сол ярға кеўил бөлгели,
Атын талға байлап, пияда келди 
Кийгени ханатлас, зербалак лазым,
Ҳəр мыйық тартқаны бизге лаўазым.
Жаңадан жалғанып үзилген сазым,
Қайтадан ҳəўижли намаға келди. 
Ҳəмиреде – Хансаят, Ғəрипте - Сəнем, 
Мийрибанлық еткей бизге де ийем. 
Ышқы дəптерине тебиретсем қəлем,
Гүлден кейин тилим сараға келди. 
Жери жəннет мəкан, мийўалы бағы, 
Хожа – сейитлердиң гөззал урпағы. 
Бир гүлдиң ышқында жанларын жағып, 
Ашық Аяз сизиң араға келди. 
Сентябрь, 1993-жыл. 
* * * 
Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни
Өзимди сеземен дүзде қалғандай.
Рəҳəт жəне таслап кетеди мени, 
Далбайға келмеген үркек тарландай. 
Инсан өмири деген биймаза мəўсим, 
Олсыз да онда аз шуўақлы күнлер. 
Кеўил – ағып турған булақ-ды бəлким, 
Парықламай тас атар оған ҳəр кимлер. 
Жаңсақ ислер өкиндирер изинен,
Сүймесем, мен булай сөзлемес едим.
Табылса дəрьяның берги жүзинен,
Арғы жүзден сени излемес едим. 
Кеўил көзгимде тек сени көремен,
Ҳасла қыянет жоқ онда тамшыдай.
Сени қапа қылсам, жаўрап жүремен,
Дүзде күкирт шөбин таўысқан аңшыдай. 
22-март 1996-ж. 
ҚАРЛЫҒАШ 
 
Жаслай жанға жақын ең сулыў тилде


283 
Күйип-писип, сайрап турған қарлығаш!
Не деп турғаныңды түсинбесем де,
Маған дəркар емес сен ушын дилмаш. 
Инсанға үйирсек қуссаң əзелден,
Сулыў сүўретиң бар кəлем сызғандай.
Қанатларың қайшы менен гүзелген
Пəклигиңе периштелер қызғандай. 
Не деген жағымлы нəзик ҳəм көркем
Тил менен сайрайсаң кеткенше есиң.
Бейиш ҳаўазынан илҳамланып сен,
Оқыйсаң «Лейлатул қадир» сүўресин. 
Намруд фирғаўнның гүлханы жанып,
Аспаны-фалекти жалынлатқанда,
Пайғамбарды үлкен сақпанға салып,
Гүрлеп жанған от ишине атқанда, - 
Сен суў тасып кирттай тумсығың менен,
Отқа суў сепкенсең шырылдап жүрип.
Пайғамбар елжиреп шын жүрегинен,
Саған дуўа қылған бул исти көрип. 
«Ҳак нийетиң менен аткарсаң қалыс,
Жақсылықтың үлкен-кишиси болмас»,
Деген ибратлы сөз əзелий таныс
Соннан қалса керек бизге, қарлығаш. 
Сəўирдин, самалы менен бəҳəрде
Əйнегимнен кирип келер едиң сен.
Тамның ағашына, қəўипсиз жерге
Жубайласып уя салар едиң сен. 
Шымшық аңлыйтуғын тарғыл пышық та
Саған мəлел бермей көз жумар еди.
Сийрек көринесең сен соңғы ўақта,
Қашқаныңа кандай себеп бар еди? 
Аўа, биз инсапсыз қаттыға кетип,
Аяўсыз уўладық жер, суў, ҳаўаны.
Ана-тəбиятқа қыянет етип;
Енди тартпақтамыз оның заўалын ... 
Балалық шағымның өжиресине
Сени алып кирген көклемги қуяш.
Кел, ашық кеўлимниң пəнжиресине
Тартынбай уя сал, сулыў қарлығаш. 
Ҳут айы, 1995-жыл. 


284 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling