Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet134/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Август, 1992 - сентябрь, 1993-жыллар. 


299 
«БҮЛБИЛ УЯСЫ» китабынан 
1997 
ЕРНАЗАР АЛАКӨЗДИҢ ЕСТЕЛИГИНЕ 
 
Ғөруғлы бектей ер еди,
Қатарда қоса нар еди
Толы журтқа дəркар еди.
Шейит өлди Ерназар бий. 
Бердақ.
Кешир, ессиз бабам, келдим қасыңа,
Саған алып келген гүлим де жоқ бир,
Ақлықларың қорқа-қорқа, басыңа
Еплеп белги салған. Оған да шүкир. 
Кимди қорқытпаған сениң əрўағың.
Теңиздиң ең сонғы жолбарысы да,
Қамыслықтан шығып оқ тийген шағы,
Түнеп өлген дейди сениң қасыңда. 
Ҳəмме қорықты, сен қорықпадың ҳеш кимнен,
Ала көзиңе ким тикленип бақты?
Кең даланы дүсирлеткен сестиңнен
Талай солқылдаған ханлардың тахты. 
Сени қанлы кектиң қурбаны десер,
Жоқ, баслы мүддəҳəң ол емес еди,
Қорланған халықтың кеўлиндеги шер,
Жүрегиңде жанған отты көседи. 
Бул жанған от əтирапына топланған.
Өзбек, қарақалпақ, түркмениў-қазақ,
Сабыр касалары толып шайпалған,
Мазлум халықлар еди көп шеккен азап. 
Теңиз етегинде сыбайлас қонған,
Бул халықларда тек бир мақсет бар еди:
Бийғəрез ел болып, бир тəниў-бир жан,
Дарқан жасаў ушын умтылар еди. 
Сен сонда қорланған халықты қуўантып,
Мəртлик руўх берип ақыл-санаға,
Жүректеги жалыныңнан тутантып.
Азатлық гүлханын жақтың далаға. 
Ханның қоңыраўлы палўанын жыққан,
Палўан ғана емес, мəрт батыр едиң, 
Мəзи батыр емес, халықтан шыкқан
Бийик сиясатшы ҳəм ақыл едиң. 


300 
Сендей мəрт туўылар, Ерлик, Даналык,-
Екеўиниң тил табысқан жеринен.
Раҳмет, анамыз Қумар аналық,
Жолбарыстың жүрегине жериген! 
Алмас қылыш сермеп, ашшы қыйқыўлап,
Ғөруғлыдай миндиң Ғыйрат белине.
Ханлар өрре турды жүреги суўлап.
Қастын тигип қарақалпақ елине. 
Шайқастың хан қəҳəринен тартынбай,
Хан лəшкери бирақ санақсыз еди.
Алма жеген алпыс бийдиң антындай.
Заман абыржы ҳəм турақсыз еди. 
Арысланды алар түлки ҳийлеси,
Ханның сумлығына ким ҳəмел қылар?
Ол бəрҳама сатқын менен тиллесип.
Душпаның өзине өзин алдырар. 
Бул тарийхта ең бир сыналған тəсил,
Барлық ўақта мəртти нəмəртлер сатар,
Ағайинди азғырғанда Əзəзүл,
Бет алдыннан емес, арқаңнан атар... 
Кешир əзийз бабам, турман қасыңда,
Өзимше тарийхый ойларға шөмип,
Өлмес руўхың гезер ел арасында,
Денеңди бул жерге кетсе де көмип. 
Ҳəзир сондай заман - сен əрман еткен,
Шалқып есер ғəрезсизлик самалы,
Сен ҳəм Аллаярлар жан пидə еткен
Бул дарқанлық ҳəм азатлық заманы. 
Заман ҳəзир еркин мүнəсибетли,
Қəдириятлар қəдирин журт билип тур.
Ата-баба жолы терең ҳүрметли,
Гəп заманда емес, бизде болып тур... 
Журтлар сиздей бабаларын яд етип,
Ас берип, ҳаққына дуўа қылмақта, 
Бизлер сениң руўхыңды шад етип,
Жарамадық жөнлеп еске алмаққа. 
Өтмиш руўҳын тойдырмасақ биз бүгин,
Ертеңги күн өз руўхымыз аш қалар,
Өзин сыйламаса, танып өзлигин,
Ол кисини қалай сыйлар басқалар? 
Кеширимли болар үлкен əўлийе,


301 
Мейли, даңқлы баба, бузба уйқыңды.
Алтынға қашандур табылар ийе.
Жүзге сүртер топырағыңнан қыйқымды. 
Халқың бар өзиңдей мəртти туўа алған,
Əпиў ет бийпəрўа зүриядларыңды,
Узын көйлеңкесин көрип куўанған,
Бизиңдей болымсыз əўладларыңды... 
1996-жыл. 
СОРША 
Сонетлер 
 
 
Қапа болсаң ағын суўды жағала,
Тасып кетсең əўлийени арала. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling