Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet43/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

КЕЎИЛ КЕЎИЛДЕН СУЎ ИШЕР 
Кийиклер суў ишер сайдан,
Ғаз-үйрек көлден суў ишер.
Ал, адамның кеўли қайдан?


85 
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Көрдим ақ қуў ойынларын,
Үйкелесип мойынларын ...
Сағынғандай ашық яры, 
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Атлар гүлдир-гүлдир киснеп,
Шарқ урар үйирин излеп.
Қой маңырап, бота бозлап,
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Дəрьялар теңизге ашық,
Асығар мəўжирип тасып,
Жоллар жолларға уласып,
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Дослық, иззет - уллы дəўлет,
Жан азығы - жақсы сəўбет,
Шөлге - бəҳəр, гүлге нəўбет, 
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Аспанға, сер салып бақсаң,
Жулдызлар сөйлесер ақшам. 
Өзиң булақ болып ақсаң,
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Жүрек шəўкилдеп турсын дə!
Дүньяның қайсы буршында.
Жасап турсақ та, дурысында-
Кеўил кеўилден суў ишер, 
Алыстағы асқар таўлар,
Бири-бирин көрмек болар.
Сол ушын да бийик олар,
Кеўил кеўилден суў ишер. 
Серле, ҳəй инсан баласы, 
Жамандур кеўил аласы,
Адам адамның қуяшы,
Кеўил кеўилден суў ишер. 
1968-жыл. 
 
ҚАЗАҚДƏРЬЯ 
Ҳəр түп терек, ҳəр үй бунда
Суўға баққан, Қазақдəрья,
Қарақалпақтың тарийхында
Атқа шыққан Қазақдəрья. 
Торала ғаз тобын излеп.
Көллерди шарқ урып гезбек. 


86 
Суў бойында мəкан дүзбек
Мийрас болған Қазақдəрья. 
Арқаланып көп əрманда,
Ата-баба аш болғанда,
Жаўрап өзеги талғанда,
Жалғаў болған Қазақдəрья. 
Қарны қалқып, жылым майлап,
Ырыс қазаны болып қайнап,
Ел шақырып балық ойнап,
Базар еткен Қазақдəрья. 
Саға алып Ақдəрьядан,
Ҳарлап талай гөне арнадан,
Атыңды еситкен адам
Саған көшкен, Қазақдəрья. 
Белжекени, Майшы тумсық,
Ақ каласы, Ақ там қумшық,
Ғаз ғаңқылдап, ақ қуў сыңсып,
Көп шалқыған Қазақдəрья. 
Белгисиндей намыс-ардың
Орны тур қанлы қамалдың.
Батыр бабам Ерназардың
Қаны тамған Казақдəрья. 
Халықтың арын арлап өткен,
Көз көргенин жырлап өткен,
Ақ қалада Бердақ өткен,
Теберик жер Казақдəрья. 
Күнлик етип болып сайыл,
Ержан атаў, Узын қайыр,
Пишен орып Омар шайыр,
Талап еткен Қазақдəрья. 
Көшең - дəрья, суў арнасы,
Ғаз қатар үй айналасы,
Аралдың Венециясы,
Қызықлы ел Қазақдəрья. 
Көл жағалап салған аўын,
Нар қамысын шайқап даўыл,
Гүрлеп атқан гүрең аўыл,
Атақлы ел Қазақдəрья. 
Базда қайтып, базда тасса;
Суў тартылып, теңиз қашса,
Жаңа арнадан саға ашса,
Шалқыр жəне Қазақдəрья. 


87 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling