Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АББАЗ БЕНЕН ХОШЛАСЫЎ
Дүньядан бир кеткен адам Қайта айланып келмес болар. Жақсы болып өткен адам, Тирилерге теңлес болар. Айтқан сөзиң ириликте Нақыл болып жүрилипти. Адамды адам тириликте Онша жақсы билмес болар. Ерк қуяшы нурын шашты, Қуўсырылған жағыңды ашты, Китабына ҳалық таласты, Мəңгиликке мөрлес болар. Сөзиң сүйсинтер елди көп, Кеттиң орныңды белгилеп. Ким айтты сизди өлди деп? Жақсы шайыр өлмес болар. 1970-жыл. Январь БҮЛБИЛ ТОЙЫНА (СССР халық, артисткасы А. Шамуратоваға) Сəҳəр турып шықсам Əмиў бойына, Гүллер ғумшаланып күлди, Айымхан. Өнер сахнасының шадлы тойында, Ҳаўазың сүйсинтти елди Айымхан. Қайғыдан қамыққан жаўдыр көз едиң, Қоңыратлы қарапайым қыз едиң. Əрман аспанында бир жулдыз едиң, Таң шуғласы менен туўдың Айымхан. Өнер гилтин шалып илгир зейниңе, Ғайбарланып, ҳеш айланбай кейниңе, Орайпекти қағып таслап ийниңе, Силкинип сахнаға шықтың Айымхан. Көп күстаны қылып, сени көре алмай, «Артист» деп бийпəмлер күлискен талай. Қалды сол өсеклер гүўлеп самалдай, Мəртебе таўына миндиң Айымхан. 89 Сазенделер сазлап қасыңда сазын, Дүньяға таралды азат ҳаўазың, Қуслар талўас етсе илмеги лазым, Өнердиң өрмегин илдиң Айымхан. Сен сайраған ўақта шадлы наманы, Гүлдей жайнап жаңа турмыс жамалы, Есип кеўиллерде сəўир самалы, Қыс тоқсанлар жазға дөнди, Айымхан. Сестиң жаңлағанда ҳəўижге минип, Тасларға тил питер ғөяға келип, Кең сарайлы заллар силтидей тынып, Жүреклер шəўкилдеп соғар, Айымхан. Сенсиз қызбас той-тамаша сейиллер, Жолыңа паяндоз рəңбəрең гүллер, Алдыңда албырап ғошшақ бүлбиллер, Келип шаңараққа қонар, Айымхан. Бир айтсаң, «жəне» деп журт етип талап, «Ҳай, саў бол жеңгелеп» яки «апалап», Үриккен кептердейин дүрлеп шапалақ, Сахнадан жибермес сени, Айымхан. Көрген ўақта туўған айдай жүзиңди, Халқым тыңлағанда хош ҳаўазыңды, Театрлар тарта алмай назыңды, Сахналар сықырлап турар, Айымхан. Даўысың жайлап өзбек, түркмен журтларын, Қыймылдаттың көп жигиттиң муртларын. Қарақалпақтың көкиректеги қуртларын Наўқандай өргизер сестиң, Айымхан, Шықсаң жаўлығыңды сен қыя салып. Журттың шапалақтан қоллары талып. Қайта бастан гөне дəрти қозғалып, Ғаррылар жаслығын еслер. Айымхан. Халық баҳалап хызметиңди үлгили, Өңирине тақты ҳүрмет белгини. Əмиў бойларының шəйда бүлбили, Той мүбəрек болсын, жеңге Айымхан! 1988-ж. Декабрь. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling