Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet48/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ҚЫРҒЫЗЛАРҒА 
Еки суңқар еки таўға қонғанда,
Бир-бирине шаңқылдасып табысар.
Торала ғаз айдын көлге қонғанда,
Қанат қағып, ғаңқылдасып табысар. 


93 
Дослар бир-бирине мийман болғанда,
Дəрьялар усайды тасып толғанға.
Ҳəр ким туўысқанлық жолдан барғанда,
Биздей күн астында күлип табысар. 
Еки дəрья бир теңизге аққандай,
Еки бала бир қурсақта жатқандай.
Ала таўдың аспанында күн күлип,
Қара таўда Шолпан туўып атқандай. 
Еки таўда бир от бизди күйдирген,
Азатлық деп ат қуйрығын түйдирген,
Ата-анамыз ажырата алмай балларын,
Бир қалпақты еки бояп кийдирген. 
Еки Шыңғыс жаўлап алды елимди,
Биреўин мен жек көремеи өлгенше.
Екиншисин, - ашып жүрек төримди,
Сағынаман, асығаман көргенше. 
Дослық күшли, бир-бирине берилсе,
Дийдарыңа қарайман да тоймайман,
Ала таўдан ақ қалпағың көринсе,
Қара таўдан қара қалпақ былғайман. 
1969-жыл. 
ЭПИГРАММАЛАР 
Қарақалпаққа 
Атың бар төрт буўыннан, 
айтарда тилге аўыр,
Өзиң кирттай-ақ халықсаң, 
дəстүриң пилге аўыр... 
Бир дəбдебели илимпазға 
Егерде мен патша болсам, 
жазалы қулға
Китабыңды оқытар едим 
сатып алғызып пулға : 
Таяқтағы жазыў
Жаман жолдастан таяқ жақсыдур. 
1969-жыл. 


94 
БИРИНШИ МУҒАЛЛИМГЕ 
Т.Төлеген ағаға. 
Ғаррылық мийзанының қыраўы шалған
Шашыңызға қарап ойға таламан.
Үш түп ақ сөкиттиң астында қалған
Кишкене ақ жайға кирип бараман. 
Жез қоңыраў таңғы уйқыны қашырып 
Сыйып отыраман еплеп партаға.
Шаўқым сүрен ҳəпзаматта басылып
Сиз пайда боласыз жəне ортада. 
Шақырсаңыз алтын балық тил қатып,
«Т» дан тай шапқылап, «Ғ» дан ғаз ушты.
Ҳəрип зорлық пенен қағазға жатып,
Кеўилге əжайып бир сəўле түсти. 
Не айтсаңыз бизсе сол болды закон,
Нурлы дийдарыңыз кеўил тоғы еди.
Бести беске қоссаң пайда болды он,
Сизиң билмейтуғыныңыз жоқ еди! 
Шыбығыңыз ушында карталар сөйлеп,
Дəрьялар теңизге аға баслады.
Маймыллар адамға айланып түргеп,
Пил мамонт қуўып, от жаға баслады. 
Ал биз өзиң жаққан оттың шаласы,
Жанамыз, Өзиңиз адам еттиңиз.
Ата баласы емес, Ўатан баласы
Болыў əлипбесин сиз үйреттиңиз. 
Бүгин көрип сизиң ақ шашыңызды
«Биз де келипбиз аў биразға» дедим.
Қанша үлкейсем де, көргенде Сизди,
Доскаға шыққандай албырар едим. 
Биреў дана болар, биреў журт сорар,
Жулдызға жол тартар, ал биразлары. 
Сиз ушын баяғы балалар олар,
Бас кийимин алар алдыңда бəри. 
Биз таяр! Келешек бизди шақырды,
Үйге тапсырманы сорап алың сиз.
Биз ушын сиз еле журттан ақыллы,
Еле Əплатуннен бетер алымсыз. 
1969-ж. 


95 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling