Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
«ЙОШ» китабынан
1977 ПОШША ТОРҒАЙҒА 1 Сайра əлҳаўада, пошша торғайым, Саз бенен сəўбетсиз дəўран болар ма. Шалқортама жатып мен бир тыңлайын, Сөйтсем қулағымның қуршы қанар ма. Даўысыңды бала гезде қаршадай Кеўлиме мен жазып алып кеткенмен. Соннан берли сайрап турсаң шаршамай, Бүгин концертиңе келип жеткенмен. Май топыраққа аўнап дур-дур силкинсең, Сен көкке шығасаң қайта йошланып. Туўған жер ышқысы бул йош, мен билсем, Бул сезимге мениң кеўлим де қанық. 2 Урық арасында, суў жағасында Талай көрдим мен усқынсыз уяңды. Елестирмес едим қус деп жасымда, Сүйип тынласам да бийпул намаңды. Бул сəнсиз жағалық, орпаң топырақ, Билдим, екеўмизди, аңласам, жаным, «Бири жерде, бири ҳаўада шырлап, Бизди тəрийп етсин» деп жаратқаның. Енди пəмлеп жүрмен, төбемде шырлап, Неге сени бунша сайрайды десем, Жалғыз келте налыш намаң менен-ақ Кеўлиме көп сезим қуйған екенсең. 3 Ҳасла өкинбеймен, балалық изим Асфальт жол астында қалғанлығына. Тозып ески шаңлақ жайымыз бизиң, Орны пахта атыз болғанлығына. Ҳəтте мына ҳағлап турған Кегейли Бир мəҳəл арнасын жаңадан алар. Мен жүрген соқпақлар қалмасын мейли, Қалмасын мен ылақ баққан далалар. Мейли олар қалсын ядымда мениң. Йошлы халық мийнети жасартсын жерди. Заман шадлығына бөленсин елим, Уллы өзгерислер дəўраны келди. Қосықлар өзгерсин муңсыз ҳеш қандай, Гөне көринислерди көз көрмей қалсын. 96 Туўған жерге деген инсан ышқындай Сениң даўысың ғана өзгермей қалсын. 4 Сайра сен, үрпек бас пошша торғайым. Ай-ҳай, туўған жердиң ҳаўасы қандай! Бир шалқама жатып сени тыңлайын, Қайтадан жасарып бала болғандай. Мен қаншелли гөззал еллер көрмедим, Жер жəннети болған таўлардан өттим. Қанындай бағларда шағлап жүрмедим, Қанша бүлбиллерди тыңлап ҳəз еттим. Мен ҳəммесин сүйдим, қызықты көзим, Сөйтип жүрип сағындым бул шадлақты. Көкирегимде сайрап шақырдың өзиң, Сайраўың көп əндийшелер аңлатты, Сен айттың: «кел, мениң балалық достым, Ең жақсы намамды сайрап берейин». Сениң сол қодирең саҳрайы сестиң Тебирентер ең соңғы демиме дейин. 5 Кегейлиниң бойы - дарқан далалық, Не деген кең сарай - концерт залы бул. Ҳəмме билетиңди мен сатып алып, Тыңлайман, сайрай бер сен болып қумбыл. Мен де, сен де еркин, өрисимиз кең, Мынаў жер, анаў суў, бəҳəр қуяшы... Бир топырақта туўып өсирген екен Адамның ўатаны, қустың уясы. Сайра, достым, əлҳаўада пырпырлап, Саз бенен сəўбетсиз дəўран болды ма. Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап, Сүймегенде, оннан ўатан болды ма! 1-март, 1976-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling