Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА
«БЕС ҚОНАҚ»
Келсин мейли, ерте қонақ, кеш қонақ, Қарақалпақтан қапа болмас ҳеш қонақ. Келсин мейли алтаў болып, он болып, Тек келмесе болғаны сол «бес қонақ»... ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА Жанларыңыз жақын, кеўлимиз ырза, Көздиң қарашырын гирбиң шалмағай. Ташкентке табаны тийсе Жолмырза, Таптырмас гүл ишине түскен алмадай. Өзим билген «точкаларын» мен ҳə деп, Зыр жуўырып жүрип аралап шықтым. «Бизиң отағасы бармады ма?» деп, 101 Талай телефоннан сорағлап шықтым. Бираў айтты: «Айбек пенен азанда Союздан қайдадур кеттилер» деди, Биреў айтты: Жаңа Миртемир дамла Екеўи жасырынып өттилер» деди. Яшен Москва ма, бир жаққа кеткен, Жоқлаўын асырып енди ағамның, Кетип баратырсам, шайхана беттен Күлкисин еситтим Ғафур Ғуламның. Жойтқан жоғымды да сол жерден таптым, Пайт екен шай суўып, əския қызған, Сизге бас қосқан сол балалық ўақтым, Еске түссе еле делебем қозған. Соннан берли сизиң алтын даўраңыз Маған қушақ ашар жатырқамастан, Дослық ҳəм шайырлық гүллери нағыз Кеўил бостанымда жупар ийис шашқан. Жазғы кеште Анҳар бойында əсте Сизлер менен сəйир етсем мен ҳəр ўақыт, Мейли Ташкент болсын, мейли Нөкисте Сиз бенен көрисиў мен ушын бахыт. Досларым, сизлерсиз кеўлим хош болмас, Бəримиз бир бағдың бүлбиллеримиз. Сизден бөлек илҳам маған йош болмас, Нандай пүтин ығбалымыз, жеримиз. Дəўиримиздиң бəлент минберлеринен Сиз йошланып қосық оқып турғанда, Зор лапызлы өзбек қосығы менен Бəрҳа мақтанаман қуўанып сонда. Зульфия оқыса өз қосықларын, Пүткил руўҳым менен оны тыңлайман. Ҳəмде азат шығыс ҳаялларының Гөззаллығын, нəзиклигин аңлайман. Уллы Наўайыдан тартып, бүгинги - Кишкене Абдулланың қосығына дейин - Өзбек шъерияты бир дүнья болып, Руўҳымда гүллеп жасайды мениң. Тилеймен шарапқа липлеўин тағы Сиз сақыйлық еткен жəмшийди жамның. Қулағымнан кетпес ҳəм де баяғы Əжайып күлкиси Ғафур Ғуламның.... 1975 |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling