Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АҒАРТЫЎДЫҢ ЖЫЛ ҚУСЛАРЫНА
(Көрнекли педагог Жүмек Орынбаевтың алпыс жастағы мерекесине) Сизлерди көргенде елдиң жаслары Кеўлиңде бир уллы дəрья жағалар. Ағартыўдың туңғыш қарлығашлары. Жыл қусындай көзге ысық, ағалар! Ҳүрмет - жасүлкенге, жоллар-жасларға. Алдында ағасы болсын басларға. Алпыстың қыраўы түсип шашларға, Уллы тойға аман жеткен ағалар. Жаслар аттан түсип қолыңнан алар, Журт жапырылып сыйлап, көрсе қуўанар, Дарақта түп биреў, шақа мың болар, Көп жеткиншек жетилдирген ағалар... Көбиңиз балалықтан мəҳрүм болғансыз, Қаршадайдан қайқы таяқ алғансыз. Кимиңиз мал бағып, орақ орғансыз, Əзелден ылайы пискен ағалар. 106 Бахытлы балалық болмай, сақ сынып, Жаслай көрип бəрин - жаман-жақсының. Услап ошағынан қуўырдақшының, Интернатқа берген сизди, ағалар. Жаңа мектеп берип жаңа тəрбият, Ҳүкимет асыраған атаңнан зият Аўдарыспақ таңы, гөззал ҳүррият Теперишлеп шынықтырған ағалар. Кими Сейфулғабийт, кимиси Қасым, Жаңашыл урпақтың жəм етип басын, Қағып-соғып мəденият арбасын, Таза жолға салып берген ағалар. Ескиликтиң қара, түңлигин туўрап, Жаңа əлип дүзип, хатты сулыўлап, «Қаллаш, латынлас!» деп ашшы қыйқыўлап, Таң азаннан сүренлеген ағалар. Бириң Қаллы, Нəжим, бириңиз Асан, Əдебият жыйнап халықтың аўзынан, Избасар қутылып қара қойлардан, Кемликтиң кəмалын көрген ағалар. Əбдираман журтты аўзына қаратып, Сахна соғып, таңның нурын таратып, Жолмырзалар журтқа сөзин жаратып, Жаңалықты дəстан еткен ағалар. Бири Орынбаев, бири Досумов, Жаңалықтың майданында йош урып, Биразлары Шайдаковқа қосылып, Жамайлық шайқасқа түскен ағалар. Қалжан, Қурбангүллер, Жумагүл апа, Қызларға бас болып шығып сахнаға, - «Оян, қызлар» десе Генжебай аға, Уйықлағанды оятқансыз, ағалар. Жамайлық араны ашып жик болып, Шақасы мың шайқалмастай түп болып, Ким муғаллим, кими нəҳəн «үп» болып, Заманында журт сораған ағалар. Ғаррылыққа жеңилдирмей қасарып, Қуўаныштан қара көзге жас алып, Халқың менен қайта туўып жасарып, Төрде жайнап отырсызлар, ағалар. Қанша жаңа əўлад қатарға турса, Қартаяр ма адам тең адым урса! 107 Жүмек аға шəкиртлерин шақырса. Жарты республика оған «аға» лар. Биз ушын кең сүрдеў салған жолыңыз, Даңқ, атақ аямас сизден елиңиз. Алдымызда узақ аман болыңыз, Жыл қусындай қанат қаққан ағалар! 1967-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling