Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet54/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ 
Олар даңқлы Жеңис күнин көрмеди, 
Уллы Москва ҳəм кирттай Халқабад, 
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди Ўатанды жаўға бермеди,
Айтып берер едим ҳəзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди, 
Қайтқан-қайтпағаны ҳəммеси батыр,
Ҳəр бири Рустемдей дəстанға татыр.
Беларусь тоғайында, Днепр бойында,
Қай жерде мəңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи,
Жанын берди, елин жаўға бермеди.
Кегейлиден қанша азамат кетип,


104 
Халқабадтан қанша жигит келмеди. 
Кимге перзент, кимге сүйген ярмекен?
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй бар ма сынбаған ығбал шөлмеги?
Төрткүлдан қанша ма жигитлер кетип,
Халқабадтан канша адам келмеди. 
Уйыклаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған əўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар,
Қарақалпақтан қанша жигитлер кетип,
Халқабадқа қанша мəртлер келмейди.
Олардың руўҳын ел таўап етип,
Булар мəңги уйықлар, бирақ өлмейди. 
Май 1975-жыл.
БИР ГЕЗЛЕРИ БЕРДАҚ ЖҮРГЕН ЖЕРЛЕРДЕ 
Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде
Гүўлеп бир жабайы самаллар есер. 
Ҳəзир жыл қуслары сийрек келисер,
Шағала шарқылдап күлген жерлерде. 
Теңиз таслап қашқан гөне жағысын,
Гүўилдемес нар қамыслар қағысып,
Дəрьяның шаршаўлы келер ағысы,
Бурын ҳаллас урып келген жерлерге. 
Арқасы Ақ қала, қубласы Зайыр.
Ақсарлы кең дала бурынғы қайыр,
Бахыт излеп байғус халқына шайыр,
Дуўтарын арқалап жүрген жерлерде. 
Мен ҳəр дайым өтсем усы кəрадан,
Ойлайман: не заман кешти арадан.
Енди еркин нəпес алар ҳəр адам,
Бурын еллер посып, бүлген жерлерде. 
Мейли, теңиз ески жағыстан қашар,
Дəрья бирде қайтса, биринде тасар,
Ең баслысы: халқым бахытлы жасар,
Ел жылап, шағала күлген жерлерде. 
Жайлаў гүллеп, жаңа каналлар барып,
Көк егис ырғалып, көл суўландырып,
Айдынында торалағаз қондырып,
Төрт түлик мал қаплап өрген жерлерде. 


105 
Ақшам жағаласам Қазақдəрьяны,
Тыңлап ақ отаўдан шыққан наманы,
Деди: «бул - Бердақгың жаңа дəўраны»,
«Кимдики» деп саўал берген жерлерде. 
Кел, дəўлетли қонақ, хызметим қалыс,
«Ең кеми жүз болсын көз көрген таныс» 
«Усылай айтып кеткен Бердақ бабамыз» -
Дер балықшы мийман көрген жерлерде. 
Китап текшесине түскенде көзим,
Ҳəр үйден қуўанып шығаман өзим,
Халық алтынға қаплап Бердақтың сөзин,
Қосық етип айтар жүрген жерлерде. 
Ертип алып балықшының баласын,
Мен жағалап кеттим теңиз жағасын,
Теңиз ядлап алып шайыр намасын
Айтып турма дедим көрген жерлерде. 
Теңиз бүгин қайтса, ертеңге тасар.
Инсан бахытын көрип шадлығым асар,
Шайыр əрман еткен əўладлар жасар,
Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде. 
Июль 1976-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling