Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet58/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

БИЛИМ БУЛАҒЫ 
(Нөкис мəмлекетлик университетиниң ашылыў 
салтанатында оқылған қосық. 31-август, 1976-жыл) 
Бүгин, дослар, қарақалпақ елинде
Журт айта жүргендей байрам болажақ.
Бир əжайып булақ шығып
жеримде,
Суўын ишпегенге əрман болажақ. 
Əмиўдиң суўлары жан берсе жерге,
Бул булақ руҳый қан берер елге.
Халқым, қутлы болсын бул алтын ирге,
Билим менен сүрер дəўран болажақ. 
Заман талиматы шамшырақ жағып,
Космослық билимниң булағы ағып,
Адам ай өңирине значок тағып,
Алыс жулдызларға мийман болажақ. 
Жүреклер шəўкилдеп шадлыққа толып,
Заман алға кетти, ел абад болып.
Беруний бабамның руўҳы шад болып,
Илим дарақлары нəрўан болажақ. 
Машақатлы билим соқпағын басып,
Келер жаңа əўлад дəрьядай тасып. 
Бул булақтан ишкен дийқан баласы,
Халқының дəртине дəрман болажақ. 
Нур орнап пахтаның ханаларында,
Ақ салы майысқан далаларымда, 
Жаңарған Жəйҳунның жағаларында
Бул булақтан бəлент қырман болажақ. 
Билимли ел тулпар шығып
мыңлардан,
Алтын жуўып алар қызыл қумлардан.
Еллик, Жамбас қала яңлы тыңларда
Жуўсанлы далалар гүлшан болажақ. 
Пахта шанағында ақ алтын уйып,
Бағлар мол жемистен шақасын ийип,
Сибирьдиң суўлары Аралға қуйып,
Үстурт саҳралары бостан болажақ. 
Бул булақтан ишкен жаслар қунт пенен,
Менделеев соққан сырлы гилт пенен


114 
Шөллер ғəзийнесин ашып күтпеген,
Уллы Ўатанына инам қылажақ. 
Ҳəр аўылдан даңқлы илимпаз шығып,
Жаңа Бердақ пенен Əжинияз шығып,
Жаңа Қаныш, жаңа Қарынияз шығып,
Ҳəр үйде бир ҳəким Луқман болажақ. 
Сəлем, жаңа əўлад одиссейлери,
Даламның болажақ Галилейлери!
Илим дүньясының пидəкерлери
Тəбият сырына ҳəмдам болажақ. 
Сырлы ҳикметлердиң уллы мектеби,
Сəлем, Королевлар келешектеги! 
Қарақалпақтың жаңа Улығбеклери
Жулдыз сəўбетине əнжам болажақ. 
Бул булақтан ишиў несип еткенлер,
Билим шыңларына қолы жеткенлер,
Биздей ертеректе оқып кеткенлер,
Бүгин көзи қызып, ҳайран болажақ... 
Өрлеп жаңа дəўран шыңына қарай,
Заманымыз қосар шырайға шырай.
Биз тасын қалаған бул мəрмер сарай,
Жаңа жулдызларға аспан болажақ. 
Қара қалпағымды алып қолыма,
Бас ийемен уллы илим жолына.
Жаңа турмыс орнап Əмиў бойына,
Заман бир əжайып заман болажақ. 
Август 1976-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling