82
Саған ҳəмдам болсын өзи жасынан,
Студентлик ўақтың зағарасынан.
«Жанымды берейин» демесин саған.
Берсе айтбай берер бир достың болсын.
Сыншыл дүнья қосып талай басларды,
Есап-шот қаққызып сынар досларды,
Айтқызар ҳəр түрли жаңылтпашларды,
Сонда жаңылмастай бир достың болсын.
Суў бойында бир қос ҳаўалы терек,
Тамыры қосылған, шақасы бөлек,
Атларын суўғарсын жүректен жүрек,
Еки торала ғаз талпынар болсын.
Дүнья жолда жатқан түлкиге усар,
Күншиллик жибине билдирмей тусар.
Бир қыз болып еккиңизге көз қысар,
Сондайда зейини қыл қаўып турсын.
Хожалық машқала түскенде басқа,
Ҳəрким шырматылып бир қолаң шашқа,
«Доспыз» деген мəртлер кетер тум-тусқа,
Сондайда сыр бермес бир достың болсын.
Ақыл-парасатлы, ғошшақ азамат,
Болсын өзиңнен де бир қəдем зыят.
Ол ҳəм сеннен алсын йош пенен қуўат,
Асқар таў айбатың - бир достың болсын.
Сен деп қалсын журт көргенде төбесин,
Тартсын салдаўласып ақыл кемесин,
Сен не айтсаң бəрин «мақул» демесин,
Адассаң абайлап алдыңды шолсын.
Қайнап кетсең, тартып қойсын отыңды,
Шаршап қалсаң мешеўлесин атыңды,
Ақыл ойы асқатықтай тойымлы,
Жигиттиң жөн билер бир досты болсын.
Жүк артылып, кəрўан жүрип кеткенде,
Орныңа жас əўлад келип жеткенде,
«Сондай дослар болыпты - деп - өткенде»
Ийни келген жерде айтысып жүрсин.
Февраль, 1969 ж. Нөкис.
Do'stlaringiz bilan baham: