Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


УМТЫЛАМАН ЖАН-ТƏНИМ МЕНЕН…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet88/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

УМТЫЛАМАН ЖАН-ТƏНИМ МЕНЕН… 
(Мүсинши Қəўендер Бердимуратовқа
Умтыламан жан-тəним менен,
Өмир, сени сулыў жасаўға,
Кемис жерлериңди толтырып,
Артық жерлериңди қашаўға,
Умтыламан жан-тəним менен. 
Бир түп емен тырмасып өскен,
Жабайы шөп жарқабағынан 
Бир сандықтас сақый тəғдирден 
Берилгендей сыйлыққа маған.
Жасыл жағысынан дəрьяның
Бақтым оған суқланып баста.
Нурлы тулғаң - сырлы əрманым,
Бекингендей көрдим сол таста,
Жас еменге таслап жип зəнги,
Сол тасты мен тынбай қашайман,
Жарқабаққа асылып мəңги,
Сениң ышқың менен жасайман. 
Алмас қашаў, гранит тастың
Ерегиси базда шаршатар.
Ал төменде қутырған тасқын
Мени аңлып гүркиреп жатар.
Ашшы қуяш базда шөллетип,
Мысқазандай мийди теседи,
Нөсер жамғыр базда селлетип,
Қара даўыл самал еседи. 
Ҳəлден тайып мен қайсы күни,
Алмас қашаў түсер қолымнан?
Ўақтым питип, мен қайсы күни,
Аш қурдымға қулайман қашан?
Ҳеш пурсат жоқ
:
оны ойлаўға,
Тынбай гранитти қашайман.
Сени тас тутқыннан қутқарыў
Ышқысында ғана жасайман. 
Аспан бəлент, жулдызлар сырлы,
Сениң сырың шексиз соныңдай,


183 
Сулыўлығың сондай көп қырлы, 
Айқулақтың қубылыўындай.
Машқалада төзермен не бир,
Жумылғанша жуп қарар көзим.
Мен билмеймен, ҳəй, сырлы өмир,
Неткен перийзатсаң сен өзиң?
Суўретиңди ҳеш теңи-тайсыз
Соғып шыға алмай қаларман.
Алмас қашаў менен абайсыз
Бир жериңди шаўып аларман.
Заманласым, жеткиншеклегим
Сонда турып сынап-минесер, 
«Əттегене-ай, тап мына жерин
Келистире алмапты-аў» десер. 
Деген менен тəн берер маған,
Мийнетиме, инабатыма,
Қара тасты күйдирип турған 
Мениң сенлик муҳаббатыма ...
Умтыламан жан-тəним менен.
Өмир сени сулыў жасаўға,
Кемис жерлериңди толтырып,
Зыят жерлериңди қашаўға,
Умтыламан жан-тəним менен... 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling