Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet13/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Гулнара Нурлепесова
шайыр


АНА ТИЛИМЕ

Ана тили мениң намыс-арым ол,


Жан дүньямды сөйлер кеўил тары мол.
Сол арқалы жетскенмен мәнзилге,
Арқа сүйер асқар таўым, барым ол.

Сен арқалы шағлап өтти балалық,


Гилмаланып бойымдағы шалалық.
Дәстан оқып, бой көтерди санамда,
Бабамлардан мийрас қалған даналық.

Ана тилим, сен өсирдиң санамды,


Илимге суўсынлап кеўил ханамды.
Сен дегенде бар болмысым қозғалып,
Көз алдыма келтиргенмен анамды.

Өйткени, сен маған бәрин үйреттиң,


Анам болып ҳәййиў айттың, тербееттиң.
Сен арқалы илҳам қусым шарықлап,
Сөз сапладым, талай қосық дөреттим.

Сен арқалы кем болмадым ҳешкимнен,


Саўлатлырақ көрингенмен көшкимнен.
Ана тилим – тамырдағы қаным ол,
Ана тилсиз бул дүньяда ҳешкиммен.


* * *
Пәтийма Мырзабаева
шайыр


АНА ТИЛИМ

Ҳаўазы жоқ бүлбил киби қалар едик,


Дәрья болсақ, мәўиж урмай тынар едик,
Бағ ишинде гүл болсақ та солар едик,
Ана тилим, сен болмасаң, ана тилим.

Жер жүзинде халықлар бар әлўан түрли,


Базда уғар, базда уқпас бирин-бири,
Тиллер ишре муқаддессең, теңсиз, пирли,
Ана тилим, гәўҳарымсаң, ана тилим.

Қурсаўланған сол жылларды еслеп неттиң?


Мүддәҳәмди өзге тилде баян еттим,
Ғәрезсизлик самалынан нәпес алып,
Жете алмаған шыңларыңа енди жеттиң.

Жайнасақ, тек сениң менен жайнағаймыз,


Ҳәргиз, ҳәргиз сеннен жүдә болмағаймыз,
Елиў жыллық, жүз жыллықты тойлағаймыз,
Сүйенерим – асқар таўым, ана тилим.

* * *
Хожан Үббиниязов


шайыр


АНА ТИЛИМ

Төккеннен соң ҳасыл дүрин.


Кең еркинлик алған бүгин,
Мәртебемниң асқары ҳәм,
Пәрўазы қос қанатымның,
Мәңги жаса Ана тилим.

Тыңлағанлар жалықпаған,


Ата-тегин анықлаған,
Қыялымда шарықлаған,
Нур булағы талантымның,
Мәңги жаса, Ана тилим.

Қәдирин көп сезинемиз,


Миннетдармыз өзиңе биз,
Бай руўхый ғәзийнемиз,
Мақтанышы елатымның,
Мәңги жаса, Ана тилим.

Жаралған соң ҳасыл нурдан,


Ана сүти менен жуўған,
Бийлик алып, қайта туўған,
Алтын гилти әўладымның,
Аман жаса, Ана тилим.

Сен – атамсаң ҳәм анамсаң,


Мақтаныш ҳәм мәрданамсаң,
Әсирлерден әсирлерге,
Аўыр жүкти арқаларсаң,
Мәңги жаса, ана тилим.

Бийлик алып еркинликтен,


Қайтып таңлайыма питкен,
Ығбалымның айғағысаң,
Даңқ байрағын желбиреткен,
Мәңги жаса, Ана тилим.

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling