Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…
АНА ТИЛИМ! (Насрый қосықлар)
Download 414 Kb.
|
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ
АНА ТИЛИМ!
(Насрый қосықлар) Әдиўли Ана тилим! Туўылған халқымның зибанысаң сен. Көрер көзи, сөйлер сөзи, мәңги соғып турған сезимтал жүрегисең! Мениң әкемниң, анамның, атамның, кемпир апамның, бабамның, мамамның олардың да әкеси, атасы, бабаларының кеўиллерин жайнатып, көкиреклерин сайратып өткен муңласы ҳәм сырлас болған қәдирдан тил! Мениң, Қарақалпақ тилим!... Саған тек алғыс айтыў, сени тек сүйиў, тек миннетдар ғана болып қойыўдың өзи жеткиликли болар ма екен? Сени улығлап жүриўимиз, көклерге көтерип улығлап өтиўимиз дәркар. Сондай сулыўсаң, кеўлиме сондай жақынсаң, сондай жағымлысаң. Сениң хоширейлигиңе, сезимталлығыңа, дилўарлығыңа тәсийинлер қаламан. Усындай илаҳийда тилди, өзиң арқалы усындай нағыслы нақыл-мақалларды, қосықларды, ертеклерди, дәстанларды бинят еткен, қәстерлеп сақлап келген халқыма мың-мың мәртебе рийза екенимди билдиргим келеди. Усы тилде ойлап, усы тилде жазып, усы тилде сөйлеўден асқан мақтаныш жоқ, оннан асқан рәҳәт ҳәм ләззет бар дегенге ақылым уғрас келмейди. Оннан асқан бахыт жоқтай сезиледи маған. Ҳәр бир перзентке өз анасы қандай қымбатлы? Жүрегим сени өзине сондай жақын тутады. Сен маған ҳәййиў айтып бесигимди тербеткен, әрманларыма қанат байлатқан қәдирдан Анамсаң. Кеўил зердеме сезим нағысларын ойған, жан дүньяма жақсылық нурларын қуйған Қуяшымсаң. Өзиң етене енисип кеткен халық аш-жалаңаш жасап келген, зарлы ҳәм жарлы деп айтқанлар айтсындә бирақ оның руўхый дүньясының, сениң оғада бай екениңе, сениң атыңа шек келтириўши болмасын! Сондай әжайып мәнис-мағаналы ҳасыл сөз липаслары менен жасанған бир сырлы, сегиз қырлы сендей тилдиң алдында қолларымды қаўсырып қуллық қыламан. Көп адам көп сөйлейди, саған ҳәр қыйлы мин тағыўшылар да ушырасып қалыўы тәәжип емес. Дүньяда олардан артқан арсыз, олардан асқан жәдигөй болмас. Мениң олардан асқан жаўласатуғын душпаным болмас… Толқынлап-тасып бурқасынлап ағып турған дәрья киби сеннен мийри қанғанша ишип, бай ғәзийнеханаңның есигин таўып кире алмаған жанлардың өзлери жарлы… Дүньяда қанша тиллер бар, сен олардың қай-қайсысынан да кем емессең, ҳеш те қөрениш емессең. Бизиң байлығымыз, бизиң бахтымыз, бизиң мақтанышымызсаң, сүйикли Қарақалпақ тилим! «Тилге итибар – елге итибар». Саған ҳүрмет көрсеткенимиз-елге ҳүрмет көрсеткенимиз, сени сүйгенимиз - елди сүйгенимиз. Саған итибарсызлық - туўылған халыққа, туўған ата-анамызға итибарсызлық, үйимиздеги, ошағымыз қасындағы жақынларымызға еткен опасызлықтан да қорқынышлырақ емес пе, халқым менен бир жан, бир тән жанажан тилим! Уўайым-дәртлерим де, шадлықларым да сениң менен, сезимлерим де сениң менен толы, ҳәр бир сөзим, ой-қыялым да сениң менен. Кеўилимниң дегенлерин, жүрегим сөзлерин өзге жан дүньяларға тек те сениң менен жеткизе аламан. Көкиреклер дәрўазалары тас қамал болып бекитилип қалса да, сен оларды ашып жол таўып бара аласаң. Сен сондай қүдиретли күшке ийесең, мениң уллы данышпанымсаң, жүгинетуғын пайғамбарымсаң! Таўлары-тоғайлары, көллери-дәрьялары, ҳәр бир ағашы, көк гияларына шекем қарақалпақша сөйлейтуғын туўылып өскен мәканнан жырақта жүргенде өзиң менен дийдар көрисиў… Мисли, қысқа тоқсанда бәҳәр паслы жетип келгендей болар. Сонда сени қушақлап алғым келеди, сағындырған достымдай, сүйикли сәўер ярымдайй, перзентлеримдей аймалап сүйгим келеди. Сенлик муҳаббатқа толы жүрегимди сүйиншиге берип жиберсем деймен. Мениң меҳрибан ата-анамның, қадирдан аўылласларымның, өзиң киби қәлем қас нәзелимлердиң, еркелеп шүлдирлескен нәрестелеримниң шийрин тили. Халқым менен бирге мәңги жасағайсаң әдиўли Қарақалпақ тили – мениң сүйикли Ана тилим!... * * *
Download 414 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling