Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet7/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

Ибрайым Юсупов
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
халық шайыры,Өзбекстан Қаҳарманы


АНА ТИЛИМЕ

Жыраў сени бәйги атындай баплаған,


Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған,
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.

Байтерексең өскен гөне тамырдан,


Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан,
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған.

Гүлпаршынлар баўыры оттай қамынып,


Қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Әжинияз сайраған елин сағынып.

Нақылларың, шағып көрсем, мағыздан,


Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған,
Атам саған азаматлық жан берип,
Анам саған мийрим сүтин тамызған.

Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдақ,


Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ.
Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең,
Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап.

Мен теңеймен сени жеген наныма,


Уўыз бенен руўҳың сиңген қаныма.
Ес билгели тил жатырқап көрмедим,
Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма!

Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар,


Илме султан сулыўлығың жарасар.
Қандай жақсы ағайинниң көплиги!
«Жақынбыз» деп саған көп тил таласар.

Ана тилим, сен-басқадан айырмам,


Сен турғанда мен де әдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
* * *
Әскербай Әжиниязов
шайыр


АНА ТИЛИМ – АЛТЫН ҒӘЗИЙНЕМ

I

Ата-баба қашан ўәжден утылдың,


Талай сапар тил ушында тутылдың,
Сонда сөз жүйесин таўып қутылдың,
Қарақалпақты халық әйлеген тил менен.

«Қысқа жип гүрмеўге келмес», дедиң сен,


Ексең гүл туқымын егер едиң, сен
Қас жаўыңның гүмин шегер едиң, сен,
Қарақалпақша мәжилис қурсаң ел менен.


II

… Баянлап балалық муҳаббатымды,


Терезеңнен таслап туңғыш хатымды,
Мәңги, жүрегиме жаздым атыңды,
Ана сүтин емген ана тил менен.

Ана-тил анаңдай әзиз деседи,


Тил арқалы ақыл өнип-өседи,
Жулдызлар жамырап жерге түседи,
Ярды тәрийип етсем ана тил менен.

Ғазлар ғаңқылдасар айдын көлинде,


Жуп қумыры жуғырлар сарай төринде,
Жанлы мақлуқ ирге басқан жеринде –
Табысады өзине тән тил менен.

Қара гунан гүлдир-гүлдир киснейди,


Ўа, жәниўар үйир тилин еслейди,
Еле берин даңқың тилден түспейди,
«Қара жорға» қарақалпақша тил менен.

Тили ашшы болса – жүзи суўық дер,


Шайыр болсаң, дослық тилин «туўып» бер,
Анам бүгин «төрден гөрим жуўық» - дер,
Қыз қосығын айтқан ана тил менен.

Дүньяға сол тилде жылап келемиз,


Ана тилди аз билемиз еле биз,
Тағы ырзаласып, жылап өлемиз –
Асқатықтай абзал, ана тил менен.


III

Бундай тилди ушыратпайсаң ҳеш жерден,


Сөзин тыңлап уллы халықлар ескерген,
Сөйтип мухтарият алды Мәскеўден –
Досназаров қарақалпақша тил менен.

Қарақалпақша «Бозатаўды» ды жаңлатып,


Кеңеслердиң съездинде тыңлатып,
Сол, бизиң халықшыл туңғыш саркатиб1,
Халық гимнин айтқан ана тил менен.

Дүньяның уйтқысы – дослық! Қараңыз:


Шегара шеклеўден шығып барамыз,
Биз миллий қатнасты қайта қурамыз,
Халықлар дослығына садық тил менен.
Уўығың қыйсаймас уллы Ўатаным,
Миллетлер бирлиги – үндеў, ураным,
Халықлар дослығының жаздым «қуранын»,
Қарақалпақты халық әйлеген тил менен.


IV

Сүттей жуғып сезимиңе питеди,


Тил байлығы елиңди ел етеди,
Жыланлар жуўасып, ойнап кетеди,
Жыллы сөйлей билсең жумсақ тил менен.

Тәкаббыр қыз бенен хошрей гүл менен,


Зоопаркте жолбарыс ҳәм пил менен,
Түсинистим турист греклер менен,
Анам айтқан әзиз ана тил менен.

«Бас кессе де, тил кеспек жоқ» деседи,


Усы жерде бир гәп ядқа түседи,
- «Қылыш кеспегенди тек тил кеседи»,
Қан қақсатып айтсам ана тил менен.

«Қалаўын таба алсаң қар жанып кетер»,


«Тил сатылса» пайтахт ел жанып кетер,
«Мал ийесин таўып…» - төрелик етер,
«Сөз жүйесин тапса» ана тил менен.

Ақыл мүлкин тек, тил алып ушады,


Тил – атом бомбасын иске қосады,
Ол қырғын апаттың алдын тосады,
Мәмилеге келсе тиллер тил менен.

Тил гүнасы ушын тиллер кесилер,


(Қулақ тыйық тийген жоқ, - деп мәсирер),
Дүнья қыннан тар екенин түсинер,
Адам саўат ашып ана тил менен.

Ғайры елге кеткен ўатан гедайы,


Өз тилине болар емиш пидайы,
Ҳәм ана топырағын аңсап удайы,
Дад-пәрийяд әйлермиш ана тил менен.

- Шөл тәңири мени ғәрип қылды – деп,


- Дузлы дүбелейлер сырнай шалды – деп
- Талы жағысларым әдре қалды – деп,
Арал, аҳ урады ана тил менен.

Теңиз ҳәм түңилип «қашып кеткенин»,


Кимлер бизди «тобан аяқ» еткенин,
Шайырлар бир-бирин шуқлап өткенин,
Соңғы әўлад сөгер қандай тил менен…?

Сүттей жуғып, сезимиңе питеди,


Тил байлығы – елиңди ел етеди,
Даўасы жоқ кесел болып кетеди,
Анаң ғарғыс айтса ана тил менен…

«Таяқ еттен, сөз өтеди - сүйектен»,


Дүнья дәслеп, жалғыз тилди кәр еткен,
Аллатаала жер-жәҳәнди дөреткен –
Адам ата билген ана тил менен.

… Мени бир ўақ еске алар болсаңыз,


Мен туўралы хатқа салар болсаңыз,
Егер жыназамда жылар болсаңыз,
Ислең буны қарақалпақша тил менен.

Сол ўақта көзиме анам көринип,


Бир селк етип созыларман керилип,
Ели-халқым, Ана тилим саў болса,
Мен мәңги жасайман, қайта тирилип!

Тилге өш, тилге аш болып қаламан,


Қайсы тил болмасын ҳүрмет қыламан,
Қәбиримди бузып ғарғып тураман,
«Бозатаў» ды айтсаң ана тил менен.

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling