Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ «МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМЫНЫҢ МАЗМУНЫ


Download 414 Kb.
bet3/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ «МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМЫНЫҢ МАЗМУНЫ


1-статья. Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады.
2-статья. Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине Мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өзара ана тилиниң раўажланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.
3-статья. Қарақалпақстан Республикасы аймағында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериниң Мәмлекетлик тил сыпатында ҳәрекет етиўиниң ҳуқықый тийкарлары усы нызам ҳәм басқа да Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызам актлери менен белгиленеди.
Бул нызам тиллерди турмыста, өз-ара қатнаста ҳәм диний және сыйыныўшылық салт-дәстүрлерин атқарыўда пайдаланыўда тәртиплестирилмейди.
Пуқаралар миллетлер аралық қатнасық тилин өзлериниң қәлеўинше таңлап алыў ҳуқықына ийе болады.
4-статья. Қарақалпақстан Республикасында барлық пуқараларға Мәмлекетлик тилди үйрениў ҳәм оның аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың тиллерине ҳүрмет пенен қатнас жасаў ушын шәраятлар жаратылады, бул тиллерди раўажландырыў ушын жағдайлар дүзилип бериледи.
Пуқараларды Мәмлекетлик тилге үйретиў бийпул әмелге асырылады.
5-статья. Қарақалпақстан Республикасында Мәмлекетлик тилде ҳәрекет ететуғын мектепке шекемги балалар мәкемелерин дүзиў, ал миллий топарлар тығыз жасап атырған орынларда олардың тиллеринде де мектепке шекемги балалар мәкемелерин дүзиў тәмийинленеди.
6-статья. Қарақалпақстан Республикасында жасап атырған пуғаралар оқыў тилин еркин таңлаў ҳуқықына ийе. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик тилде, сондай-ақ, зәрүрлиги менен мүмкиншилигине қарап басқа да айырым тиллерде улыўма, кәсип-техникалық, орта арнаўлы ҳәм жоқары билим алыўды тәмийинлейди.
7-статья. Мәмлекетлик тилдиң рәсмий ҳәрекет етиў салаларында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериниң қолланылып атырған илимий қәделери ҳәм нормалары сақланады.
Мәмлекет, Мәмлекетлик тилди байытыў ҳәм жетилистириўди, соның ишинде оған көпшилик тәрепинен тән алынған илимий-техникалық ҳәм жәмийетлик-сиясий терминологияны енгизиў есабынан байытыў ҳәм жетилистириўди тәмийинлейди.
Мәмлекетлик тилге жаңа илимий тийкарланған терминлер жәмийетлик додалаўдан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарға Кеңесиниң тийисли комитетиниң келисими бойынша киргизиледи.

Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling