Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


шайыр, драматург, жазыўшы


Download 414 Kb.
bet6/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

шайыр, драматург, жазыўшы


ТИЛ

Эй, дослар айтыңшы ҳәммеде тил бар,


Тил деген билгенге өмирлик мәдар,
Сөйлеп турған кеўилиңдеги барыңды,
Сулыўдың сулыўы, артықмаш дилбар.

Адамның бир көрки пал шийрин тили,


Мысалы сайраған бағдың бүлбили,
Жаныңа жан берип зейиниң ашар,
Бәҳәрде ашылған шәменлер гүли.

Жигит дүр шашады тилинде болса,


Арыслан күшлери белинде болса,
Зейини, интасы, қысқасы талант,
Сөз бенен сәўбети тилинде болса.

- «Ҳасыл таста, ақыл жаста» деген бар,


Ақыл керек озал бастан ойланар,
Алтын, гәўҳар, маржан, дүрдиң бәри де,
Билсеңиз, досларым, тилиңде болар.
* * *
Тәжетдин Сейтжанов
Қарақалпақстан халық шайыры


АНА ТИЛИМДЕ

- Аналар бахтым, дер бала дегенди,


Каншелли шексе де нала дегенди!
Шайыр, сен ең дәслеп «ана» дегенди,
Қайсы тилде айттың?
- Ана тилимде!

- Алдыңда ашылып туңғыш әлипбе,


Сол қуныққан саатыңды тәрийпле,
«Ўатан» сөзин дәслеп үлкен ҳәрипте,
Қайсы тилде жаздың?
- Ана тилимде!

- Жигит болдың… қызға дусласқаныңда,


Кеўиллер магниттей усласқанында,
Туңғыш муҳаббатың гүл ашқанында,
Қайсы тилде сырластың?
- Ана тилимде!

- Ата болдың нағыз ығбалы алық,


Бахытлы дәўраныңды мақтады халық,
Сонда сен улыңды алдыңа алып,
Қай тилде жырладың?
- Ана тилимде!

- Фашизм ел шетин ойран еткенде,


Мәртлер кек жалынын байрақ еткенде,
- Сен ҳәм саўаш майданына келгенде,
Қайсы тилде хошластың?
- Ана тилимде!

- Жеңис таўып Берлин босағасында,


Пүткил ҳақ нийетли халық арасында,
Жыртқыш фашизмди судлағаныңда,
Қай тилде судладың?
- Ана тилимде!

- Мийнет заўқын сүрип бахытың озғанда,


Илҳам пери қолын созғанда,
Ҳәм елиң ҳаққында қосық жазғанда,
Қайсы тилде жаздың?
- Ана тилимде!

- Сен садық екенсең ана тилиңе,


Қазан урмай қалмас өмир гүлине:
Бир күни «Мәңги хош бол!» десең елиңе,
Қай тилде айтасаң?
- Ана тилимде!

- Шайырдың дүньяға танылмағы бар,


Алыс мәнзиллерден табылмағы бар,
Мәңгилик бахытың қай тилде жаңлар?
Үлкен ана тилим – дана тилиңде!

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling