Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet2/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

АЛҒЫ СӨЗ

Тил – ҳәр бир миллеттиң бийбаҳа байлығы. Себеби, тил арқалы ҳәр қандай миллет ямаса халық өзине тән миллий өзгешелигине ийе болады, екинши тәрептен, миллий тили арқалы басқа миллетлерден ажыралып турады. Өйткени, әсирлер даўамында әўладлардан әўладларға ата-бабаларынан мийрас болып келген өз ана тилинде сөйлесиў, пикир алысыў, еркин қарым-қатнас жасаў - қәлеген инсан ушын үлкен бахыт есапланса керек. Тил – руўхый байлығымыз, солай екен «Тил сақланса, ел сақланады», «Ана тилин жоғалтқан халық өзлигинде жоғалтады», - деген даналық пенен айтылған хикметли сөзлердиң астарында қаншелли терең мәни бар.


1989-жылы 1-декабрьде қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи, республика аймағында жасаўшы миллетлердиң ҳәм халықлардың арасында үлкен әҳмийетке ийе болды. Қарақалпақстан Республикасы Конститутциясы ҳәм «Мәмлекетлик тил ҳақкында»ғы Нызамының 1-статьясында «Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады”, - деп белгилеп берилген. Тил еркинлиги тилимиздиң алдағы ўақытлары раўажланып ҳәм жетилисип, байып барыўын тәмийинлеп берди. Нызам қабыл етилген ўақыттан берли қәнигелер, тилши алымлар тәрепинен тилимиздеги көп ғана термин - сөзлерди турақластырыў ҳәм тәртиплестириў жумыслары қолға алынды. Нызамның қабыл етилиўи ана тилимиздиң барған сайын байып, жетилисиўинде күтә әҳмийетли басқыш болды.
2019-жылы Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетик тил ҳаққында”ғы Нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толмақта. Усы жыллар ишинде бир қанша қарақалпақ шайырлары ана тили ҳақкында қосықлар жазды. Ана тилин мақтаныш етип, шайырлық тил менен көркем поэтикалық қатарларда сәўлелендирди. Биз бул методикалық қолланбада мүмкиншилиги болғанынша қарақалпақ шайырларының ана тили ҳаққында жазған қосықларын жыйнап жәриялаўға ҳәрекет еттик. Сондай-ақ, бул қолланбаға өзлериниң жүрек қәлеўи ҳәм шайырлық илҳам, йош пенен ана тили ҳаққында қосыкларын жазған муғаллимлердиң, студентлердиң, оқыўшылардың да баспа сөзде жәрияланған қосықлары киргизилди.
Республикамызда “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамға сәйкес қарақалпақ тили оқыў жобасының әҳмийетли тәлим мазмунының бир айрықша пәни сыпатында үйренилмекте. Сонлықтан да, оқыўшыларға ана тилиниң әҳмийетин терең үйретиў оқытыўшылардың әдиўли ўазыйпасы есапланады. Усыны есапқа алып, бул қолланбада тил ҳаққындағы нақыл-мақаллар, жумбақлар, сондай-ақ, даналық ҳәм ҳикметли сөзлерден, өткендеги данышпанлардың, мәмлекетлик ғайраткерлердиң, шайыр ҳәм жазыўшылардың тил ҳақкында айтқан ҳикметли сөзлери берилди. Буннан тысқары сөйлеў мәденияты ҳақкында айтылған рәўаятлар, әңгимелер, тымасаллар да келтирдик.
Ҳәр жылы Республикамыздың барлық билимлендириў мәкемелеринде 1-декабрь “Мәмлекетлик тил ҳаккында”ғы Нызамының қабыл етилген күни айрықша көтериңкилик руўхта байрамланады. Усыны есапқа алып қолланбада оқытыўшылар ушын тил байрамын өткериўдиң сценарийи усынылды.
Бул қолланба Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳақкында”ғы Нызамының қабыл етилген күниниң 30 жыллығы мүнәсибети менен, биринши мәрте таярланып отырғанлықтан, кемшиликлери болатуғынлығы тәбийғый. Сонлықтан алдын ала кеширим сораған ҳалда, пикир ҳәм усынысларыңыз болса, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайына жазып жибериўиңизди сораймыз.

ТИЛ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ




ТИЛ – инсанлар арасындағы байланыс қуралы; жәмийет ағзаларының пикирди сәўлелендириўи ҳәм өз-ара пикир алмасыўы ушын хызмет қылатуғын қурал. Тилдиң тәбийий-илимий, диний-дүньялық түсиниклери бар. Диний түсиникке көре, тил илаҳий күш тәрепинен жаратылған ҳәм ҳәзирги ҳалында инсанларға берилген. Дүньялық түсинигине көре, тил ҳәзирги көриниси дәрежесине жеткенге шекем жүдә узақ эволюциялық процесслерди, яғный инсанның өзиниң қәлиплесиўи ҳәм жетилисиўи процесслери менен тең дәўирди басып өткен. Тил байланыс қуралы, сөз сыпатында тек ғана инсан мийиниң жемиси екенлигине гүман жоқ. Айырым басқа жәниўарлар, мәселен, шимпанзе, тотықуслар да инсанға тән даўыслар шығарып «сөйлеседи», ҳәтте, айырым ҳалларда сөзлерди де тәкирарлайды. Бирақ, олар инсан сыяқлы сөйлесе алмайды. Аўызеки сөйлеўге үйрениў – инсанияттың эволюциялық раўажланыўында шешиўши қәдем болды. Сөйлеў қәбилети оған инсан цивилизациясы тийкарларын қурыў имканиятын жаратты. Дәслепки инсан жәмәәтлери аўызеки сөйлеўди биргеликте ҳәрекет қылыў, қорғаныў, улыўма хызметтиң барлық түрлеринде бирликти көрсетиў, бирге ислесиў, буйрықларды сәўлелендириў мақсетине қаратқан ҳәм буннан узақ ўақыт нәтийжели пайдаланған. Ол ўақытлардағы инсан тилиниң сөз байлықлары көп муғдарда болмаса да, ўақыт өтиўи менен, әсиресе, адамлар, жәмәәтлер бир-бириниң тилин байытыў имканиятлары себепли байып, жетилисип барды. Тил аўызеки ҳәм жазба түрде толық қәлиплескеннен соң, ол инсанның физикалық ҳәм социаллық жақтан жүдә тез раўажланыўын тәмийинледи. Тил себепли инсанияттың социаллық турмысы, оның нәсилиниң муғдар жағынан өсиўи де ақылға сыймас дәрежеде илгерилеп кетти. Алғашқы адамлардың дәслепки қатнас қураллары ҳәм сөзлеринен баслап тилдиң бүгинги дәрежесине жеткенге шекем инсаният 3 миллион жылдан азырақ жолды басып өтти. Қәлиплесиў, раўажланыў ҳәм жетилисиў процесслеринде тиллер дәслеп бирлик ҳәм улыўмаластырыўшылық ўазыйпасын атқарған, яғный бүгинги күнде түрли тиллерде сөйлесип атырған миллетлер алдын бир-бирин түсинетуғын бир тилде сөйлескен, ўақыт өтиўи менен ҳәр қыйлы объектив себеплерге байланыслы олар бир-бирлеринен узақласып, тиллери өз-ара парықланатуғын формаға келген. Тиллердиң бундай бөлиниў процеси (дифференциация) нәтийжесинде көпшилик ушын бирдей байланыс қуралы болған бир тилден, кейин ала бир неше тил жүзеге келген. Ҳәзирги тил илиминде түркий тиллер деп жүритилетуғын тиллер бир-биринен тек ғана узақласыў, ажыралыў қәсийетине емес, ал бир-бирине жақынласыў, бир-бирин байытыў қәсийетине де ийе. Түрли тиллердиң бир-бирине тәсири ҳәм өз-ара жақынласыўы нәтийжесинде жаңа тиллер жүзеге келиўи де мүмкин. Соның менен бирге, қандай да бир халықтың пикир алмасыў қуралы болыўдан тоқтаған ҳәм онда сөйлесиўшилердиң жоқ болып кетиўи ямаса басқа тарийхый, жәмийетлик, мәдений себеплерге көре пайдаланыўдан шыққан тиллер де бар. Бундай тиллер өли тиллер делинеди (мәселен, шумер, латын, әййемги грек, санскрит тиллери). Тиллердиң келип шығыўы ҳәм эволюция басқышлары ҳаққында әййемги египетлилер ҳәм хорезмлийлер, греклер ҳәм ҳиндлер, қытайлылар ҳәм парсылар ҳәр қыйлы илимий болжаўларды илгери сүрген. Олардан айырымлары тил даўыс тили сыпатында жүзеге келген десе, басқалары тил дәслеп ым-ишара тили көринисинде болған дейди. Тил адамлар арасында байланыс қуралы сыпатында зәрүрлик себепли тәбийий ҳалда жүзеге келген (Афлатун), өз-ара байланыс кылыў ушын тилди адамлардың өзлери жаратқан (Демокрит), тил илаҳий саўға («Инжил», «Қуран») сыяқлы көзқараслар да болған. Тил жәмийетте жәмийетлик мийнет, социаллық ислеп шығарыў процесинде жүзеге келген белгили бир жәмәәт, адамлар топары ямаса өз алдына жекке адам хызметин муўапықластырыў қуралы болып хызмет қылыўы керек. Физиологиялық тийкарына көре, тил еки сигнал системасы ўазыйпасында көриниўин физиолог И.П.Павлов (1849-1936) ойлап тапты ҳәм оны инсан психикасына өзине тән қосымша деп атады. Тил ҳәм ой-өрис өзара ажыралмас, тығыз байланыслы қубылыслар есапланады. Бирақ, олардың екеўи бир нәрсе емес. Тил ой-өристиң сәўлелендириў формасы ҳәм жасаў тәризи сыпатында инсан санасының қәлиплесиўинде де әҳмийетли орын ийелейди. Сана тил қабығынан тысқарыда пайда болыўы мүмкин емес. Тил белгилери өз тәбиятына көре, шәртли болса да, ол реал ўақыялықты билиў процеси шәртлеринен есапланады. Усы тәрептен тил қатнас қуралы болыўдан тысқары, билиў қуралы ўазыйпасын да атқарады. Соның менен бирге, ол топланған билимлерди, тәжирийбелерди жазыў, сақлаў ҳәм әўладтан әўладқа өткериў қуралы да есапланады. Абстракт ой-өрис тил себепли ғана ўақыя болады. Тилдиң бар екенлиги ой-өристиң улыўмаластырыўшы хызметиниң ең зәрүр шәрти, тилсиз бул жағдай болмаған болар еди. Себеби, сөз улыўмаластырыўшы қәсийетке ийе. Тил өзине тән нызамлылықларға ийе ҳәм бул нызамлылықлар ой-өрис нызамлылықларынан парық қылады. Бул болса, өз нәўбетинде, тилдиң бир қанша еркин қубылыс екенин көрсетеди. Тил менен сөз, пикир менен гәп бир нәрсе емес. Тил өзиниң ишки шөлкемлестириўшилик тәреплерине, өзине тән системасы, дүзилисине ийе. Бул системадан сыртта оның тәбияты ҳәм белгилериниң мазмунын дурыс түсинип болмайды. Тәбийий тилден тысқары жасалма тиллер де бар. Бул жасалма тиллерде 5 миллионнан артық адам сөйлеседи, жүзге жақын журнал басып шығарылады. Кейинги жылларда жасалма, формалласқан тиллердиң нызамлылықлары, олардың логикалық синтаксиси ҳәм семантикасын үйрениўге қызығыўшылық күшеймекте. Усы мүнәсибет пенен, тил тек тил илиминиң изертлеў объекти ғана болып қалмай, ал логика ҳәм семантиканың да изертлеў майданына айланыўы көринеди. Тилдиң ҳәзирги раўажланыў жағдайы өз ийеси болған миллеттиң хронологиялық раўажланыўы, басып өткен тарийхый жолы, жәмийеттиң қайсы бир раўажланыў басқышында екени, экономикасы, мәденияты, илими ҳәм мәнаўияты сыяқлы факторларға байланыслы. Биз ушын болса, өз ана тилимиз болған қарақалпақ тили қәдирли екенинен гүман жоқ. Бул болса, ҳәммемизди тилимиздиң тазалығы, оны асырып-абайлаў ҳәм жетилистириў ушын жуўапкер екенимизди аңлатады.

“Маънавият: Асосий тушунчалар изоҳли луғати”. (Тошкент, “Ғафур Ғулом номидаги нашриёт-матбаа ижодий уйи”. 2016) китабынан алынды.




Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling