Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


* * * Көбейсин Ерназаров


Download 414 Kb.
bet9/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

* * *
Көбейсин Ерназаров
шайыр


АНА ТИЛИ

Қырық жыл өмир сүрип ғайры еллерде,


Жоғалтып алғанлар өз ана тилин.
Аўыр қыйнаўларға түскен демлерде,
Ериксиз ана тилде шығарған үнин.

Қырқ жыл өмир сүрип ғайры еллерде,


Жоғалтып алғанлар өз ана тилин.
Басына дәўлет қус қонған гезлерде,
Ана тилде ыңылдаған қосығын.

Жүз жыл жасасаң да ғайры еллерде,


Умытылмас екен өз ана тилиң.
Оны жоқ ете алмас тасқын, селлерде,
Ол – жулдызы екен соңғы үмиттиң.

* * *
Кеңесбай Каримов


Қарақалпақстан халық шайыры


ТҮРКИЙ ТИЛИМЕ

Нью-Йоркта сени билмеўи мүмкин,


Лондонда көзге илмеўи мүмкин,
Ассамблеяларға кирмеўиң мүмкин,
Өзиме жана-жан түркий тилимсең.

Күлтегин бабадан уқтым атыңды,


Мақтум Қашқарлыдан көрдим хатыңды,
«Кутадғу билиг»тен баслап салтыңды,
Саға алған мениң түркий тилимсең.

Түркий тилим – мисли бир нәрўан дарақ,


Кеткен жәҳан бойлап халықларға тарап,
Қулақ шалса турмай ўаспыны сорап,
Мәнисин түсинген түркий тилимсең.

Халықлар Октябрьде дәрегин танып,


Өзбек, қазақ, қырғыз, түркмен атанып,
Әзер, қумық, түсинисип анық,
Қарақалпақша сөйлеген түркий тилимсең.

Әлемде тил көпдур сеннен гөззаллырақ,


Мен ушын бәринен ағласаң бирақ,
Ана сүти менен қаныма тарап,
Ана тилим болған түркий тилимсең.

* * *
Әбулқасым Өтепбергенов


шайыр


АНА ТИЛИМЕ

Сен арқалы қарақалпақ болғанман,


Әлҳаббыз! Ана тил! Ардақлым мениң!
Қалпақ қара, кеўили ақ болғанман,
Саўлатлар ишинде саўлатлым мениң.

Сен қашан тил болып қәлиплескенсең,


Бир алла билмесе била-билмедим,
Массагет анасы – Тумариспе сен,
Сениңдей қүдиретли күшти көрмедим.

Сен тилге келгенде дирилдеп қураш,


Ханлардың зәрресин сөз бенен алдың,
Сөзден қалмай, кетседағы жумыр бас,
Тарийхта қарақалпақ боп қалдың.

«Бас кеспек бар, тил кеспек жоқ» дейип сен,


Өлсеңде сөзиңди айтып өлдиң сен,
«Айтылған сөз атылған оқ» дейип сен,
Әўладыңа нәсиятлап келдиң сен.

Оқтан өткир сөзиң сениң қалпағым,


Оқтан өлмегенлер сөзиңнен өлер,
Айталмай қалғанда сөзиниң ҳағын,
Ҳәрбир қарақалпақ «өлдим» деп билер.
* * *

Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling