Туяна Ережепов
Шымбай районы
АДАМ ТИЛИНДЕ
Ушар қанат бермесе де,
Көзи узақты көрмесе де,
Ҳақыйқатты билмесе де,
Адам тилинде бәри бар.
Тыынық суўды ылайтпаңыз,
Ҳеш кеўилди муңайтпаңыз,
Өлшеместен сөз айтпаңыз,
Тил қанатын сәл қырқыңлар.
Ҳақ адамлар пәк өтеди,
Жаманлар насақ етеди,
Бүкирди гөр дүзетеди,
Ақыбеттен қорқыңызлар.
* * *
Наргиза Кәраматдинова
Кегейли районы
АНА ТИЛИМ
Билсеңлер, ҳеш нәрсе тең келмес буған,
Қүдирет ақылда, ал күш билимде.
Ана деген сөзди бөбек пайтымда,
Айтқанман былдырлап ана тилимде.
Не бир сөз гәўҳары сеннен табылған,
Ким тил шубарласа, жетпес шыдамым.
Кеўил шәменимнен терсем қосықты,
Жан бересең оған шийрин зибаным!
Бүгин ой жуўыртып көрсем тереңнен,
Наргизаны Наргиз қылған да өзиң.
Ибрайым бола алмасам да мен,
Сен арқалы талай жаңғырар сөзим.
Әжинияз зибаны қандай ширели!
Бердақ, Ибрайымды дүнья биледи.
Бул толайым қарақалпақ тилеги:
Жасағайсаң мәңги әй, Ана тилим!
* * *
Роза Қәлимбетова
АНА ТИЛИМСЕҢ
Сени теңеймен периште анама,
Анамдай жақынсаң, алдың панаңа,
Қанша шайыр еле жырлайды сени,
Сени жырлағанлар қалды арада.
Сен себепли таныдым мен Бердақты,
Әжинияздың жолы мисли нур, жақты,
Илҳам, йошты бердиң пүткил қәлбиме,
Мине поэзия есигин қақтым.
Ана тилим, сенде күш бар қандай?
Елимниң шешенлери бар сондай,
Тилиңниң шығысы не, деп сораса,
Қаракеңди көриң, қалпағы қандай!
* * *
Ибраҳим Бабажанов
АНА ТИЛИ
Мен сөйледим ана тилимде,
Еркин нәпес алып туўған елимде,
Қәте жоқдур мениң сөзимде,
Ана тилим қалар мәңгиге.
Ана тилим – сөйлер тилим,
Сен ҳаққында сайрар кеўлим,
Тиренишим, қорғанышым,
Ана тилим мақтанышым.
Жүрегимниң соғысы ҳәм дүрсили,
Бул өмирдиң жайнап турған бир гүли,
Урпағына мийрас етип қалдырған.
Ана тилим – ата-бабам тили бул.
* * *
Do'stlaringiz bilan baham: |