Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet18/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

* * *
Бахытлы Сарыбаев
Шымбай районы


АНА ТИЛ

Халқым жүрегиниң дилмашысаң сен,


Аналардың саған меҳири сиңген.
Ел ҳүжданы болып жасап келесең,
Ең бийбаҳа байлығымсаң, ана тил!

Анамды шадландырған туңғыш сөзимсең,


Өмирди танытар кеўил көзимсең,
Жақсы пазыйлетти алдым өзиңнен,
Өмирлик сырласым, жаным – ана тил!

Мәрт халқымның пәк кеўили сенде бар.


Сыйқырыңнан жаным жубаныш алар,
Ўатан муҳаббаты сеннен басланар,
Мениң ең сүйикли сазым – ана тил!

Билдим сени ана ҳәййиўи менен,


Өзиңсең дәслепки берилген сәлем,
Анам – Каабам – дейип табынарым сен,
Жүрекке ойылған нағыс – Ана тил!

* * *
Базаргүл Зиварова


Нөкис қаласы


АНА ТИЛИМ

Ана тилим, ар-намысым, барлығым,


Сениң менен өтер мудам, шадлығым,
Меҳрийбаным анам айтқан ҳәййиўди,
Сен арқалы бийҳүш болып тыңладым.

Ана тилим – сен миллетим ураны,


Муқаддессең, тебериксең, даңқ саған.
Минберлерде турып бабам Аллаяр,
«Бозатаў»ды сол намада жаңлатқан.

Жақсы-жаман айырады айлаўың,


Туўры сөзли, ҳақты сүйген дилўарың.
Гүл ырғалар, самал ойнар шад болып,
Сайрағанда уллы шайыр Зийўарың.

Қәдирлеймен, аманатын бабамның,


Сөз маржаны мийрас болған Бердақтан.
Ғәзийнемсең жетилдирген санамды,
Ҳақты сүйген ғайбар әўлад урпақпан.

* * *
Канал Әбдикәримов




АНА ТИЛИ

Усы тилде ҳайялаған анажан,


Ана сөзин усы тилде билгенмен,
Дәслеп усы тилде аталып инсан,
Инсанлыққа диз бүгип бас ийгенмен.
Бул тил менен қол услатты сүйгеним,
Бул тил менен әўладларға жаздым хат.
Бул тил менен досқа ҳақ жол тиледим,
Бул тил менен перзентиме қойдым ат.
Усы тилде ел шадлығын үлестим,
Усы тилде жылағанды жубаттым.
Усы тилде тарийх пенен тиллестим,
Космосқа да усы тилде тил қаттым…
Бул тил менен келешекке қол бердим,
Усы тилде оқыдым мен Бердақты.
Бул тил менен ақылыма жол бердим,
Бул тил менен жүрегимнен жыр ақты.
Усы тилде мийман күттим, дос таптым,
Усы тилдиң ышқы менен ер жеттим.
Келер мениң усы тилде халқыма –
Ўатаныма перзентлик ис көрсетким!

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling