Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…
Download 414 Kb.
|
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ
Екинши вариант:
Әңгиме: Өткен заманда бир патша болыпты. Оның оғада ақыллы бир ўәзири бар екен. Патша усы ўәзириниң ақыллылығын, тапқырлығын және бир мәрте сынап көрмекши болып алдына шақырып алыпты. Патша: « - Қәне, ўәзирим, маған дүньядағы ең мазалы, ең шийрин тағамды писирип алып кел», - депти. Ўәзир патшаның алдына тилди писирип әкелип қойыпты. Патша енди: «- Ўәзирим, маған енди дүньядағы ең ашшы тағамды писирип әкел», - депти. Ўәзир патшаның алдына тағы да тилди писирип әкелип қойыпты. Сонда патша ўәзирине қарап: «Дүньядағы ең мазалы нәрсени писирип әкел» дедим, тилди әкелдиңиз. «Дүньядағы ең ашшы нәрсени писирип әкел» дедим, және тилди әкелдиңиз, буның мәнисин түсиндирип бер», - депти. Ўәзир сонда патшасына карап: Тақсыр буның мәниси дүньядағы ең мазалы нәрсе - тил. Дәртти даўалап шыпа беретуғын, қәстеге мәдет болып ҳәмдәрт болатуғын да тил. Соның ушын да «Жақсы сөз - жан азығы» емес пе! Ал, ең ашшы нәрсе де тил деўимниң мәниси, саў адамды қәсте ететуғын да, баўырын тилким-тилким ететуғын да тил. Соның ушын да «Жаман сөз бас қазығы» деген емес пе, патшайым», - деп ўәзир сөзин аяқлапты. Патша өз ўәзириниң тапқырлығына, ақыллылығына және бир мәрте көзи жетип оған алғыслар билдирипти. Бул тилдиң күдирети емес пе! * * *
- Неге тислейсең? – деди Тил, былдырлап Тиске. - Ушыңнан азғантай үзип тасламақшы едим-дә, - деп жуўап берди Тис. - Не ушын, гүнам не? - Соның ушын да, көрингенге зәҳәриңди шашасаң, ҳәмме сеннен бийзар. Сәл қысқартып қойсам, сәл зәҳәриңди кемирек шашып, шийринирек болсаң. Гүрриңнен жуўмақ сол: Тилдиң зәҳәри –жаныңның азабы. * * *
Ибн Сина ер жетип, үйлениў ўақты-сааты келипти. Ата-анасы оған көп қызларды көрсетипти. Қызлардан ҳеш бири Ибн Синаға унамапты. Қоңсы аўылда бир бийҳая, тили зәҳәр, қайсар бир қыз бар екен. Соны еситип қалып, ол: «Үйленсем соған үйленемен», - депти. Ата-анасы: - Оны тентек, қопал, турпайы қыз деседи, саған болмайды, - деп айтыпты. - Мейли еди, бирақ бәс келе алмайсан, сени қыйнап қояды, - деп сирә көнбепти. Ибн Сина «Маған тап сондайы керек», - деп аяғын тиреп алыпты. Ақырында, илажсыз қызды Ибн Синаға некелеп берипти. Арадан онша көп ўақыт өтпей, қыз ҳәмме көрсе ҳәўес еткендей әдепли, шийрин сөзли үй бийкесине айланыпты. Еситкенлер қулағына, көргенлер көзине исенбепти. «Ибн Сина ҳаялын урып-соғып, сабап келе қылып алыпты», «Ибн Сина қопал, турпайыны мулайым, тентекти кишипейил, зәҳәр тилди шийрин тилге айландыратуғын дәри ишкизип, сондай бийҳая, жарамас, қопал қызды жақсы ҳаялға айландырып алыпты», - деген мыш-мышлар тарқалыпты. Қыздың ата-аналары да қызының буншелли өзгериўине Ибн Синаның таяқлары менен қорқытыўлары ямаса «Сыйқырлы китабы» себеп болған болса керек, деп ойлап қыздан сорапты: - Урып жолға салды ма? - Жоқ. - Сөгип жолға салды ма? - Жоқ. - Доқ урып қорқытыў менен жолға салды ма? - Жоқ. - Болмаса, сени адамды өзгертетуғын дәри-дәрмақ жазылған «Сыйқырлы китабы» менен жолға салған шығар!? - Жоқ, - деп жуўап берипти қыз оларға. - Ондай болса, не менен сени буншелли жағымталлы, хош пейил етип қойды? - десипти. Қыз сонда: - Шийрин тили ҳәм хош қылығы менен, - деп жуўап берипти. Аўа, атақлы тәўиптиң ең жақсы көрген дәри-дәрмағы шийрин тил мулайымлық пенен қатнас жасаў екен. Солай етип, халық әдепнамасында жасларды турмысқа қәдем қоя баслаған ўақыттан баслап тилге оғада ихтият болыў, езбелеп сөйлемеў, оны өтирикке бурмаламаў, жети ойлап бир сөйлеў зәрүрлиги атап өтиледи. * * *
Сеннен тил әдеби қандай болады, - деп сораса былай жуўап бер: Жақсы пикирди айтыў ушын аўыз ашыў лазым, жаман гәп ушын аўызды жабық тутың. Егер сеннен қандай жағдайларда сөйлеў мақул, - деп сораса, былай жуўап бер: жүректе сыр болған нәрселерди билдириў ушын мөминлерге жәрдем қолын созыў ҳәм марҳумлардың дад-пәриядына (әрманына) жетиў пайытында. Нелерден тилди тыйыў дәркар, - деп сораса былай дең: Биринши: Өтирик сөйлеў, себеби, өтирик сөйлеў - душпан. Екинши: Ўәдеге қылаплық етиўден, себеби, бул еки жүзлиликтиң белгиси. Үшинши: Ғыйбат ҳәм жаладан, себеби – бул әдепсизликтиң иси. Төртинши: Жәнжелден, душпанлықтан, гәп тасыўдан ҳәм шайтанның азғырыўы болған айыпгөйликтен сақланыў. Бесинши: Өзин мақтаў ҳәм тәрийиплеўден тыйыў, себеби, булар өзин жоқары тутыў, тәкаббирлик әламаты. Алтыншы: Хызметкерлерге азап бериўден өзин тыйыў, себеби, бул залымлар пейли. Жетинши: Жаман пәтия ҳәм азар бериўден тыйыў. Сегизинши: Адамлардың ренжиўине себеп болатуғын күлки ҳәм масқаралаўдан сақланыў. Адамның ишки дүньясы, руўхый келбети, минез-қулқы, қатнасы, әдеп-икрамлы, мәденияты оның тили арқалы белгиленетуғынын ата-бабаларымыз жақсы билген. Сонлықтан да, адамларды барлық ўақытта, барлық жерде шийрин сөзли болыўға шақырған. * * *
- Ҳүкимдар басқа бәлени не келтиреди? – деп сорады. Мен тил деп жуўап бердим. Шәкиртлер Наўайының дана ҳәм зийреклигине және бир рет қайыл қалыпты. Download 414 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling