Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet27/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

* * *
Әңгиме:
Ибн Сина ҳәр қандай ҳәкимниң алдында тайын болып, былай деп билим берген екен: «Берген дәрим шыпа болады десең, қәте қыласаң. Даўа, алды менен шийрин тил, хош мүләйимлилик, күлки-дәлкек пенен исленеди. Наўқас қопал болса, ҳәким мүләйим болыўы, наўқас зәҳәр болса, ҳәким шийрин сөзли болыўы, наўқас үмитсиз болса, ҳәким үмитли болыўы, наўқас қабағын үйсе, ҳәким күлиўи керек. Ҳәкимде усылар болмаса, ол ҳәким емес, ал өлимди жақынластырыўшы бир кимседур», - деген екен.

* * *
Қолыңнан келмеген нәрсени тилиңе келтирме.


Тил тыныш болса, бас саламат болады.
Ҳәрким өз аўзының қараўылы болса, деми ҳеш қашан буўылмайды.
Набыт болмасын деп тилинен инсан,
Аўыз болды инсан тилине зиндан.
Кимниң тили узын болса, қәўип-қәтери жақын болады.
Адамның сөзине емес исине қара.
Ашшы суў ашшы сөзден жақсы.
«Аталар сөзи»
* * *
Айтыўларға қарағанда, Баҳрам Гөр бир теректиң астында отырған екен. Бир пайыт шақалар арасынан бир қустың даўысы еситилди. Баҳрам бир оқ пенен биймезгил «сөйлеўши» бул қустың исин тамам қылды. Қустың денеси шақадан шақаға урылды ҳәм жаны болса оқ жайдың ыссы леби менен тилинди. Ол деди: «Қус та, инсан да өз тилин сақласа, аман болады екен!». Бәйит:
Ҳәттеки, қус болсын ол ҳәм яки инсан,
Тилин сақласа, болады аман.
Шамды көрип шамнан аўзын бекитти,
Себеби, шамның тили басына жетти.

Қоразды көрмейсеңбе, биймезгил ўақытсыз кышқырды да, турқы шамға айланды. Бәйит:


Қораз қанат қағып бийўақыт қышқырды,
Мириўбет орнына басы қырқылды.
Ибн Камолпошшо

* * *
Менде еки кулақ бар, соның ушын аз сөйлеп, көп еситемен.


Ҳайўан ноқта менен, адам тил менен байланады.
Инсан сөзи менен танылады, әдеби менен мақталады.
Ақыллы адамның сөзи жанға азық, ақылсыз адамның сөзи жанға қазық.
Адамның пазыйлети тилинен билинеди.
«Аталар сөзи»

* * *
Эй әзиз, билгил, адам өз тилине ҳәмийше ықтыят болыўы, ҳәр бир сөзин ойлап, соң сөйлеўи тийис. Адам қай жерде болса да ҳәм қашан болса да тилин жаман сөзден асыраса, ойлап, пикир жүргизип сөйлесе, бәрқулла пайда табады. Айтылған сөз - атылған оқ, оны қайтарып болмайды. Көп сөзде көп қәте болады, дейди. Көп адам тили себепли өзин бәле демине муптала қылады. Көкирекке қадалған найзаны шығарып алса болады, бирақ, кеўилге қадалған сөз зәҳәрин шығарып болмайды. Сөзди ойлап сөйлеў ҳәм тилди жаман сөзден асыраў ҳаққында гүрриңлер көп.


Бархурдор ибн Маҳмуд, XVII әсир ақыры XVIII әсир басларында жасаған жазыўшы)

* * *
Эй балам, дуньяда аман болайын десең, көп сөзшил болма, зәрүрлик туўылса, сөйле, болмаса тынышлықты раўа көр. Ең жағымлы пазыйлет ҳәм шырайлы өнер - бул тилди сақлай билиў.


* * *
Тилим тыныш болса, кеўилимде өкиниш болмайды.


Эй тилим, тыныш жатқыл, кеўилимди тыйықлама,


Мени отқа жағып, өзиң жылама!
Көп сөзлилик өз душпаныңдур, себеби ол сениң айыпларыңды әшкара етеди, душпаныңды болса, орнынан қозғалтады.
«Аталар сөзи»
* * *
Әңгиме: Сөзлери әдеп гәўҳарының тажы, өзи араб ҳәкимлериниң устазы болған Сабит ибн Қуррадан төмендеги ҳикметлерди нақыл қылады: «Жисм рәҳәти аўқаттың азында, руўх рәҳәти аз жеўде, тил рәҳәти аз сөйлеўде!». Лекин, сөз айтыў лазым болған жерде тыныш отырыў зыянға жол қойыў ҳәм ғәреметке қалыўдур.
Бәйит:
Егер де тыныш отырыў бийпәҳим алдында хошдур,
Бирақ та мәсләҳат пайтында хош болғай пикир айтпақ.
Билип қой, еки пайытта тыныш отырыў бийпәҳимликдур,
Керек пайтында сөз айтпай, неге керек пайтында дем урмақ!
Яғный тыныш турыў пайтында, сөйлеў ақыбетин ойлап, ис тутыўшылар ушын ылайықсыз исдур. Сондай-ақ, сөйлеў лазым болған пайытта үндемей турыў, ақыллы адамлар алдында муўапық емесдур.
Ақыл-ой менен ойлап қарадым,
Көп сөзли болса ҳәрким, дайым қор екен.
Айтпағайман ерин, көзди жум бәрҳа,
Бирақ ҳәр бириниң орны бар екен.
Ибн Камолпошшо
* * *

Дүньяда «Тил жүйриги басқа, қол жүйриги асқа» деген мақал жүреди. Ништер жарақатынан, тил жарақаты аўыррақ. Найза зақымынан көп өтпей, дене бостаны гүлистанға айлана алады ҳәм оннан жан ҳәм малға заўал аз.


Ҳаса зарпы узақ турмастан кетер.
Тилден жеткен зыян бир өмир жетер!
Ибн Камолпошшо
* * *
Ҳәр бир адамның сөзи ақылына жараса болады.
Өз орнында айтылмаған сөз, ҳешким жоқ жерде шертилген намаға уқсайды.
Ҳәр бир сөздиң өз орны бар, ҳәр бир жумыстың өз ўақты.
Тил кескир қылыш, сөз болса қайтарып болмас оқ.
«Аталар сөзи»

* * *
Адамның ақылы сегиз нәрседе көринеди: бириншиси – нәзик, мүләйим қатнаста; екиншиси – өзиниң ким екенлигин билип, соған әмел қылыўда; үшиншиси – әдил шаҳларға итаат етип, олардың тилек-әрманларын орынлаўда; төртиншиси – өз сырларын досқа билдириў билдирмеўди билиўде; бесиншиси – өзиниң ҳәм басқалардың сырын сақлаўда; алтыншысы – шаҳлар сарайында сақ болып, шийрин тил менен сарай адамларын қолға ала билиўде, жетиншиси – тилди тыйып, артық сөйлемеўде; сегизиншиси – мәжилислерде тыныш, үндемей отырыўды әдет етип соралмаған нәрселерди айтпаў ҳәм пушайман жегизетуғын сөзлерди тилге алыўдан сақланыўда. Бул сегиз қәсийеттиң бәри кимде болса, ол досларынан қәлеген нәрсесин ала алады ҳәм әрманына жете алады.


«Қалила ҳәм Димна»

* * *
Надан адамның үндемегени өзине жақсы, бирақ ол соны түсингенде надан болмас еди.


Ақылдан жудасаң, тегиңе отыр,
бил, өзиңниң пайдаң – тилди тыйғаның.
Жеңил болса, ғоза ширик болғаны,
ақылсыз адамның сөзи биймәни.

***
Бир самсам ешегин алып тепкиге,


Сөйлеўди үйретип атырған екен.
Дана айтты көрип бул ўақыяны:
«Әй надан, ел-журтқа болмағыл күлки,
Мүшкил сындырмағың ешектиң тилин,
Сен оннан үндемей жүриўди үйрен».

***
Аңламай сөйлеген аўырмай өлер,


Сөз айта билмесең өшир үниңди.
Егер де ким де ким журт мениң ақыллы екенимди билсин деп өзинен алымлар менен сөз таластырса, оның журтқа өзиниң пәмсизлигин көрсетип қойғаны ғана қалады.

Көп көрген қәриялар гүрриң берип атырса,


Гәпин бөлме, билимиң тап басып баратырса да.
Шайх Саадий

* * *
Әңгиме:


Бир патша тутқынға түскен адамды жазалаўға ҳүким етипти. Жанынан гүдер үзген адам неден корықсын, бийшара дад-пәрияд қылып, аўзына не келгенин айтып, патшаны бәләәтлеп атырса керек.
Қашып қутылыўға имкан қалмаса,
Қол өзи қылышқа барып жармасар.

***
Жанға қәўип дөнсе, күш түсер тилге,


Жеңилсе пышық-әм шабады ийтке.

Патша: «Бул не айтып атыр? – деп сорады. Дана ўәзири айтты: «Әй патшайы әлем, бул бийшара айтады, «кимде-ким қәҳәр-ғәзебин жутып, халықтың гүнасынан кешип, иҳсан қылса, Ҳақ таала оны дос тутар ҳәм жәми гүнаҳын кеширер». Патша тутқынды аяп, азат етип жиберди. Дана ўәзир менен жулдызы қарсы екинши ўәзири айтты: «Патшаның хызметиндеги адамларға ялған сөйлеўге болмайды. Бул бенде патшамызға жаман сөзлер айтты». Патшаға оның бул гәпи жақпады, оннан жүз бурып былай деди: «Маған оның жалған сөзи рас гәпинен гөре мақул көринип тур. Себеби, ол бендеге жақсылық етиўди гөзледи, ал, сен оған жаманлық етиўди ойлап турсаң. Даналар айтады, рас сөйлеп апат келтиргеннен, жалған сөйлеп жақсылық еткен абзалдур».


Ким болса патшаның мәсләҳәтинде,
Баспасын жаманлық гәпти тилине.
Фаридунның сарайының маңлайына мына бәйтлер жазып қойылған екен:
Дүнья артымызда қалар, бирадар,
Ҳаққа кеўил берип, туўры жолға бар.
Дүньяның алдамшы қызықларына,
Алданба, соңынан пушайманы бар.

Парқы не жан тәннен айра түсерде –


қара жердемисең, тахт үстиндемисең.
Шайх Саадий

* * *
Алланың елшиси ешекке минип дүнья гезип, қоржынынан тил алып үлестирип жүрер еди. Ол қытайлылар алдына барғанда қоржынынан қытай тилин алып берди. Усылайынша арабларға араб тилин, греклерге грек тилин, французларға француз тилин, русларға рус тилин берди. Тиллер ҳәр қыйлы еди: бири жағымлы, бири жағымсыз, бири гөззал, бири шырайлы… Халықлар бул саўғадан қуўанышлы болып, ҳәр бири өз тилинде адамларға уқсап сөйлесе баслады. Тил себепли адамлар бири-бирин, қоңсы халықларды жақсы түсинетуғын болды.


Солай етип, елши ешегинде Кавказға жол алды. Грузинлерге грузин тилин берди. Соңынан бул тилде Шота Руставели өзиниң атақлы дәстанын жазды. Соң осетинлерге осетин тилин берди, бул тилде Коста Хетагуров дөретиўшилик етти. Қулласы, нәўбет бизге келип жетти.
Усы күни Дағыстанда қар борап жаўып, қатты самал есер еди. Қар бораннан ҳәмме нәрсе, үйлер де, соқпақлар да көринбес еди. Тек ғана боранда қустай сайрап турған жыралардың даўысы, төрт Қайсу дәрьясының сарқыраўы еситилер еди.
- Жоқ, - деди тиллерди тарқатып жүрген елши, бораннан оның муртының ушы музлай баслаған еди, - бундай ҳаўа райында таўларда өрмелеп жүрмеймен.
Ол қоржынын қолына алып қараса, биреў-биреўден тарқатылмаған тил қалған екен. Қоржынын таўларға қарата, силкип төкти.
- Мине, өзлериңиз бөлип ала бериңлер, - деди ол.
Төгилген тиллерди боран жыралар арасына шаша баслады. Сол ўақытта дағыстанлылар ыссы үйлеринен атылып шықты. Бир-бирине жол бермей мың жыллардан бери күтип атырған алтынға тең саўғаны жыйнап алыўға киристи. Ким нени тапса, соған ийелик кылды. Тапқанларын жыйнап, ҳәмме үйли-үйине тарқады.
Ертеңине түргелди. Боран тынған, қуяш жарқырар еди. Қарсы алдында төбелик. Енди оны төбелик деп емес, таў деп атады. Етегинде суў толқынланар еди. Енди оған теңиз деп ат берди. Қулласы, көзлерине не көринсе, соларға ат қоя баслады. Қандай бахыт! Мине нан, мине анам, мине үй, мине ошақ, мине балам, мине қоңсым, мине адамлар…
Адамлар үйлеринен шығып, «Таў!» деп бақырысты. Лекин, бул сөз ҳәр кыйлы жаңлады. Кейин «Теңиз!» деп бақырысты. Бул сөз де ҳәр кыйлы жаңлады. Усы күннен баслап аварлар, даргинлер, қумықлар, лезгинлер ҳәм басқа миллетлер пайда болды. Олар жасайтуғын орын Дағыстан делинди. Адамлар қойларын, сыйырларын, атларын өз алдына сақлай баслады. Айтыўларынша, аттың адам болыўына аз ғана қалған».
Алланың елшиси. Неге таўларда көтерилген қар, бораннан шоршыдың? Неге қоржыныңдағы тиллерди төгип тасладың? Нелер қылып қойдың? Ақыр, үрп-әдетлери, турмыс тәризи бир қыйлы болған адамлар тил себепли бөлинип кетти, бир-бириниң гәплерин түсинбейтуғын болды.
Не илаж, сонысына да шүкир! Дүньяда жаман тил болмайды. Түсинбеўшиликлерге келсек, оларды өзимиз сапластырамыз. Бир-биримиздиң қәлбимизге жол табамыз. Сондай ислер қыламыз, ҳәр қыйлы тиллер бизди ажырата алмайды, керисинше, бизди барған сайын жақынластырады.
Кейин Орта Азиялылар, араблар, парсылар келди, олар өзлериниң тиллерин сиңдирмекши болды. Олар каншелли силкилеседе тереклердеги бөртиклер үзилмеди, ғәзеплениўден қалтырап атырған қолларымыздан қылыш түсип кетпеди.
«Ана топырағымызды асырағандай тилди де асыраў керек», - деди Шамил.
«Сөз де бир оқ, оны бийҳуўдаға сарп етпеңлер», - деп қосып қойды Ҳажымурат.
«Атадан балаға қалатуғын мийрас: үй, дала, қылыш, саз әсбабы. Лекин, ата-бабалар кетер екен, әўладларға дәслеп тилди мийрас етип қалдырады. Кимниң тили болса, үй де қурады, даласын да шүдигар етеди, қылышын да қайрайды, саз әсбабын да сазлайды ҳәм онда нама да шалады», - дер еди атам.
Расул Гамзатов «Менинг Доғистоним» китабынан

* * *
Тымсал: Бир адам айыў менен досласып, оны үйине баслап келди. Бул мийманның келининен наразы болған ҳаялы: «Фу, усы сасық пенен дос тутындыңыз ба?» - деп бетин тырыстырды. Буны еситип ренжиген айыў балтаны алып, достына узатты да, өтиниш етти:


-Усы балта менен маңлайыма ур!
Айыўдың өтинишин қайтара бергеннен соң, дос оның маңлайына балта урды. Жәниўар аўырыў азабынан өкирип, тоғайға қарап қашты. Арадан ҳәптелер өтип, ол және достына ушырасып қалып, деди:
- Қара, балтаның изи питип кетти, лекин ҳаялдың тилинен ушқан сөзден жараланған жүрегиме ем таба алмай атырман…
«Кимдур кеўилди ашшы сөз бенен жарақатлар екен, оған ашшы тил зәҳәрли найзадай шаншылады, - деген Ҳәзирет Наўайы. Кеўилде тил найзасының жарақаты питпес, ол жарақатқа ҳеш нәрсе мәлҳамлық қылмас. Егер бир кеўилде тил найзасының жарақаты бар болса, тек ғана жақсы сөз ҳәм шийрин тил оған мәлҳам ҳәм рәҳәтдур. Мулайым сөз жаўызларды үлпетке айландырады. Сыйқыршы ҳаўаз бенен дуўа оқып, жыланды шығарады… Сөзде ҳәр қандай жақсылықтың имканы бар. Соның ушын айтады «демниң жаны бар».
Таҳир Малик «Адамыйлық мүлки» китабынан

* * *
Патша төрт алымды шарлап былай депти:


Ҳәр бириңиз бир-бирден сондай ҳикмет айтың, ол тәрбияның тийкары болсын.
Бириншиси айтыпты:
- Данышпан адамларға жарасатуғын нәрсе – сөйлемеў!
Екиншиси айтыпты:
- Дүньяда ең пайдалы нәрсе сол, инсан өз ақылы менен мәсләҳәтлеспестен сөз басламасын.
Үшиншиси:
- Инсан ушын ең қайырлы нәрсе – ойланбастан сөйлемеў.
Төртиншиси айтыпты:
- Инсан ушын ең тынышы сол, ол өзин алла ықтыярына тапсырсын.
Таҳир Малик «Адамыйлық мүлки» китабынан

* * *


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling