ТИЛ ҲАҚҚЫНДА ГҮРРИҢЛЕР, ӘПСАНАЛАР. РӘЎАЯТЛАР
* * *
Егер сеннен сөйлеў әдеби нешеў, деп сораса сегиз деп жуўап бер:
- Дәслеп, орынсыз сөйлемеў.
- Екиншиден, илтипат пенен мулайым сөйлеў.
- Үшиншиден, ашық жүзлилик пенен сөйлеў, жүзин бүристирмеў.
- Төртиншиден, тыңлаўшыға мәлел келмейтуғын түрде сөйлеў.
- Бесиншиден, тек пайдалы гәплерди сөйлеў.
- Алтыншыдан, ойлап, әндийше менен сөйлеў, ойламай айтылған гәп пушайман келтиреди.
- Жетиншиден, адамлар сөйлеп атырғанда араға гәп қоспаў, сөзин бөлмеў.
- Сегизиншиден, көп сөйлемеў, себеби, бул билимданның иси емес.
Егер сеннен жаман сөз қайсы, деп сораса, айт, адамларға зәлел келтиретуғын сөз жаман есапланады.
Әй, ул-қызларым, тилге ықтыят болыңлар! Адам жүрегин сызлататуғын, кеўилди қалдыратуғын иззет-ҳүрметке тийетуғын, ар-намысты, абырайды аяқ-асты ететуғын сөзди ҳеш сөйлемең. Ҳәмме ўақыт шийрин сөз болыңлар. Аўызларыңыздан бәрҳа жақсы, мазмунлы сөз шықсын. Себеби, тилден жеткен азар найза азыранан да жаман…
* * *
Биринши вариант:
Әңгиме: Патша өз ўәзирине дүньядағы ең мазалы гөштен кәбап таярлаң, депти. Басы қатып, ойланып отырған әкесин көрген қызы оннан буның себебин сорапты. Себебин билгеннен соң: «Соған да ата ойланасыз ба, бир қойды сойдырың, тилин кәбап қылып алып барың, гүнәкар қылса, мен кепилмен», - депти. Патша гөшти жеп, «Енди ең жаман гөштен кәбап таярлап келиң», - депти. Буны еситкен қыз ўәзирге қарап: «Және бир қойды сойдырың да, тилин кәбап қылып, алып барың», - депти. Ўәзир қыздың айтқанын қылып, патшаның алдына апарған екен, патша: «Қылған исиңиз орынлы, бул сизиң жақсы билимли екенлигиңизден кепиллик береди», - депти. Сонда ўәзир: «Тақсыр, гүнайымнан өтсеңиз, дурысын айтайын», - депти ҳәм патшаға бул ақыл кимнен шыққанын айтып берипти. Сонда патша ўәзирдиң қызын шақырып: «Қызым, не ушын тилди ҳәм жаман, ҳәм жақсы гөшлер қатарына санадыңыз?» - депти. Сонда қыз: «Патшайым, адамның басына жақсылық та, жаманлық та тилден келеди», - деп жуўап берген екен.
* * *
Do'stlaringiz bilan baham: |