Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


ДАНЫШПАНЛАР, МӘМЛЕКЕТЛИК ҒАЙРАТКЕРЛЕР ҲӘМ КӨРКЕМ СӨЗ ШЕБЕРЛЕРИ АНА ТИЛИ ҲАҚҚЫНДА


Download 414 Kb.
bet23/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

ДАНЫШПАНЛАР, МӘМЛЕКЕТЛИК ҒАЙРАТКЕРЛЕР ҲӘМ КӨРКЕМ СӨЗ ШЕБЕРЛЕРИ АНА ТИЛИ ҲАҚҚЫНДА


***
Тил жүректиң қамаўындағы ойды қайталайды.
Конфуций
***
Ҳәр қандай халықтың үрп-әдетин билейин десең, әўели оның тилин билиўге урын.
Пифагор
***
Бир адам менен бир мәселе үстинде сөйлесер екенсиз, сөзиңизди жәнжелге себеп болатуғын дәрежесине шекем алып бармаң. Тилиңизди тыйың.
Сократ
***
Ақылы келте адамның әдетте тили жүдә узын болады.
Аристотель
***
Инсанға келетуғын барлық апат тилинен.
Нажиматдин Кубро
***
Инсанның тили бос, онда гәплер питпес-таўсылмас.
Гомер
***
Тилдиң ақылдың алдына түсип кетиўине жол қоймаң.
Хилон
***
Тилиңе беккем бол, әсиресе зыяпатларда.
Хилон
***
Ақылы келтениң тили узын болады.
Аристофан
***
Өзин тута алмаған тил, ҳәмме нәрседен жаман.
Еврипид
***
Тил адамларды кишкене ушқыннан үлкен жалынға шекем жетелейди.
Еврипид
***
Тил – сөйлеўшиниң тилегин тыңлаўшыға жеткизиўши дилмаш.
Беруний
***
Билсең - тилиңди тый.
Солон
***
Тилиңди ҳәр қандай самал ескенинде де, желбирейтуғын байраққа уқсамаслығына ҳәрекет қыл.
Аменхотеп.
***
Оқыў ҳәм билимге дилмашдур - бул тил,
Адам өмири ушын жолдасдур - бул тил.
ЮсуФ Ҳас Ҳажиб
***
Бахытлы етер, тил адамды қәдирлер,
Аңламай сөйлесең, гейде жәбирлер.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Өз тилинен азар шеккен бир адам,
Мың пушайман менен жасаған мудам.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Сөз бенен аламан бәрҳә ашыўды,
Тилим алып кетпеспекен басымды.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Сөзиңе ықтыят бол, басың кетпесин,
Тилине ықтыят бол, тисиң сынбасын.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Шийрин сөзли адам керек жасаўы,
Ақыл болар екен тилдиң тусаўы.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Аманлықта көргиң келсе өзиңди ,
Тилиңнен шығарма жаман сөзиңди.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Тилиң қысқа болса, басың улғаяр,
Сөзиң қысқа болса, жасың улғаяр.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Тилдиң болар еки түрли хызмети,
Гейде сөгис болса, гейде иззети.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Ҳәрбир гәпиң бир даналық сөз болсын,
Тил билмеген соқырларға көз болсын.
Юсуф Ҳас Ҳажиб
***
Мақсетти тил аңлатады.
Ахмет Югнакий
***
Илимнен дүр шашқың келсе елиңе,
Әўел бастан итибар бер тилиңе.
Ахмет Югнакий
***
Гейде адамға тил жаманлық қылады,
Ойланбай сөйлесең тисиң сынады.
Ахмет Югнакий
***
Әдепли сөйлесең сақланар жаның.
Сол себепли тилиң болар душпаның.
Ахмет Югнакий
***
Жаман сөзден кеўилде ғам орнайды,
Тили ашшының ақылы толық болмайды.
Ахмет Югнакий
***
Тил арқалы болар ҳәр қыйлы ғаўға,
Тил менен досласар душпан да, жаў да.
Ахмет Югнакий
***
Билимге байланған тилдиң де түби,
Ақыллылық болар оның бас жиби.
Ахмет Югнакий
***
Тилди иске саларда ойлас ақылға,
Айтпақшы болған сөз елге мақулма.
Ахмет Югнакий
***
Даңқпаразлыққа сен берилме,
Тилге алса тыңла еринбе.
Ахмет Югнакий
***
Аўыз ҳәм тилдиң безеги - туўры сөз,
туўры сөйле, тилиңди безе.
Ахмет Югнакий
***
Сөзиң де сулыўлық болса, егер тилегиң,
Ҳақыйқатлық тилиңе сулыўлық берер.
Абдураҳман Жәмий
***
Қудайым дүньяда инсан жаратып, тил менен оны ҳайўаннан ажыратып қойды.
Әлийшер Наўайы
***
***
Тилге ықтыярсыз – елге итибарсыз.
Әлийшер Наўайы
***
Ана тилди әлпешлеў кеўилге қуўатдур,
Турпайы сөйлеў – басқа апатдур.
Әлийшер Наўайы
***
Түркий тилде қолға алып қәлемди ,
Қәлем менен бойсындырдым әлемди.
Әлийшер Наўайы
***
Тилиң менен кеўилиңди бир тут.
Әлийшер Наўайы
***

***
Тили шийрин адамның дослары көп болады.


Ал-Барзанжий
***
***
Өз тилин басқара алмаған адамда ҳақыйқатлық болмайды.
Махатма Ганди
***
Адам тилинендур бәлениң бәри,
Тилде ҳәр кимсениң пайда-зыяны.
Насыр Хысраў
***
Көбинше тил менен жеткизилген жарақат, қылыш пенен жеткизилген жарақаттан аўыррақдур.
Маҳмуд аз-Замахшарий
***
Тил басты сақлайды.
Грасиан
***
Тил мысалы жабайы ҳайўан: азат болса, қайта шынжырлаў қыйын.
Грасиан
***
Тил инсанға өз пикирлерин жасырыў ушын берилген.
Талейран
***
Тил қанша узын болса, тис сонша аз болады.
Мелихан
***
Жақсы айтылған сөз, қайсы тилде айтылса да жатлық қылмайды.
Лопе де Вега
***
Өткир тил – пайдаланылған сайын өткирлесип баратуғын бирден-бир кесиўши қурал.
Вашингтон Ирвинг
***
Биз өз тилимиздиң гөззаллығын, оны басқа еллерде еситкенимизде ғана сезинемиз.
Ж.Б.Шоу
***
***
Басқа тилди билиў, екинши қәлб ийеси болыўдай гәп.
Уллы Карл
***
Көп тиллерди билиў – бир қулып ушын көп гилтке ийе болыў.
Вольтер Скотт
***
Узын тиллер қоңсылар ҳәм халықлар ортасына душпанлық дәнин себеди.
Вольтер Скотт
***
Тил – пикирдиң кийими.
Самюэл Жонсон
***
Көпшиликтиң тили пикиринен озады.
Исократ
***
Тилдиң гөззаллығы тек ғана оның анықлығында ҳәм мазмунында.
Д.И.Писаров
***
Егер де белгили бир ойды өз ана тилимизде дәл бере алмасаң оны тилимиздиң оралымсызлығынан көрмей, өзимиздиң дәрмансызлығымыздан көриўимиз зәрүр.
М.В.Ломоносов
***
Ҳәр нәрседен тойыў ушын адамға күш керек, бирақ солар арасынан ең қыйыны тилди тыйыў.Тийкарынан ең кереги сол.
Л.Н.Толстой
***
Тил де мәденият пенен қатар раўажланады.
А.Н.Толстой
***
Жаныңда қылыш тағып жүриў әдеттен қалғанынан бери, өткир тилге ийе болыў жүдә зәрүр.
Генрих Гейне

***
***


Тилдиң ең үлкен үстинлиги түсиникли болыўында.
Фридрих Стендаль
***
Жумсақ тил сүйекти де сындырады.
«Талмуд» китабынан
***
Жақсы тил – барлык нәрселердиң ағласы, жаман тил болса, жаман нәрселердиң жаманы.
«Талмуд» китабынан
***
Өткир тил – қәбилет, узын тил болса – басқа тәшўиш.
Д.Манаев
***
Халық тили ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенин көрсетеди.
Абдулла Авлоний
***
Ҳәр бир миллеттиң турмыс айнасы - тил ҳәм әдебиятдур.
Абдулла Авлоний
***
Жаман тил жанында зәҳәрли жылан,
Шақса да, бир шыбын шаққанша болмас.
Мақтымқулы
***
Тентиресип көрсек те көп көримлер,
Ана тилди умытыўды билмедик,
Ана тилди анамыздың сүти деп,
Жанымыздай, қанымыздай сақладық.
Сүйин Капаев
***
Ана тилиң арың бул,
Уятың болып тур бетте,
Өзге тилдиң бәрин бил,
Өз тилиңди ҳүрметле.
Қадыр Мырзалиев
***
Тил өнери дәрт пенен тең.
Абай Қунанбаев
***
Сүйемен туўған тилди – анам тилим,
Бесикте жатқанымда берген билим,
Шыр етип жерге түскен минутымнан.
Қулағыма сиңирген таныс үним.
Султанмаҳмут Торайғыров
***
Ҳәркимге өз туўған тили яр болса,
Мениң де өз тилим ем-дәри маған,
Ертең ана тилим жоғалар болса,
Бүгин өлип кеткениме ырзаман.
Расул Гамзатов
***
Бул дәўирде өз тилин, әдебиятын билмеген, қәдирлемеген, адам толық мәнили зыялы емес.
Мухтар Әўезов
***
Тилин билмеген түбин билмейди.
Ғабит Мүсирепов
***
Тил салақ сөйлегеннен бузылады.
Ғабит Мүсирепов
***
Ана тилин тек өгей уллары ғана менсинбейди, өгей уллары ғана аяққа басады.
Ғабит Мүсирепов
***
Ана тилим тирилигимниң гүўасы,
Өзиң бар да айтылар сөз ойдағы.
Өссе тилим мен де бирге өсемен,
Өшсе тилим мен де бирге өшемен.
Қадыр Мырзалиев
***
Ҳәмме ағзаң тозар, тил тозбас бирақ,
Мүшелердиң мықлысы тил дер едим,
Тилим аўырады деп докторға қатнап,
Укол алып жүрген адам көрмедим.
Ибрайым Юсупов
***
-Адамды басқаларға сүйкимли көрсететуғын еки мүшесиниң атын ким биледи?
- Мен билемен. Адамды басқаларға сүйкимли көрсететуғын еки мүшесииниң бириншиси – жүреги, екиншиси – тили!
- Енди, адамды басқаларға жаман көрсететуғын еки мүшесиниң атын ким биледи?
- Және мен айтаман. Адамды басқаларға жаман көрсететуғын мүшелериниң бириншиси тили, екиншиси - жүреги!
Төлепберген Қайыпбергенов
***
Бир журтта жасап турып, сол халықтың тилин билмеў, бириншиден, усы халыққа болған ҳүрметсизлик, екиншиден, усы халықтан өзин үстин қойыў, үшиншиден, ғырт наданлық!
Өткир Хашимов
***
Тил - ҳәр кандай мәденияттың түри ҳәм белгили бир халықтың
раўажланыўының айнасы.
Өткир Хашимов
***
Ана тилин умытыў, өз анасын умытыў менен тең!
Өткир Хашимов
***
Дүньяда анаға салыстырыў мүмкин болған еки нәрсе бар: Ана тили, Ана Ўатан.
Өткир Хошимов
***
Адамның адам тәрепинен ҳүрметлениўи тили, шийрин сөзи арқалы болады.
Таҳир Малик
***
Ерлик, еллик, бирлик, ғайрат, бақ, ардың,
Жаўыз тәғдир жайды бәрин не бардың,
Алтын күннен бағасыз бир белги боп,
Нурлы жулдыз, бабам тили, сен қалдың.
Мағжан Жумабаев
***
Тил - миллет айнасы. Тил - инсан кеўилиниң дәрекшиси, усы тил арқалы жақсы нийетлеримизге, мақсетлеримизге ерисемиз.
Н.Маҳмудов
***
Ҳәр бир халық исм таңлаўда өз ана тилиниң сөз байлығына, имканиятларына сүйенеди.
Э.Бегматов
***
Бир ғана тил сөзи мысалында да ана тилимиздиң қаншелли бай ҳәм гөззаллыққа ийе екенин анық көриў мүмкин.
Абдуқаҳҳор Ибрагимов
***
Тил - миллеттиң сөйлесиў қуралы ғана емес, ол миллеттиң жасаў тәризи, мәденият ҳәм ағартыў бесиге де.
Асил Рашидов
***
Тил – халықтың миллий паспорты, социаллық гүўалығы, мәртебе мәдениятының асыраўшы анасы.
Әскербай Әжиниязов
***
Тилиңе абайлы болмасаң, бир күни қол-аяғыңнан байлағанын билмей қаласаң.
Зубайда Ишманова
***
Тилим, мениң таңлайыма жабыспа,
Иретинде шығарып қал үниңди,
Тилим, мениң түсе берме жарысқа,
Иретинде қаңтарып қой өзиңди.
Турғанбай Жумабаев


Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling