Камал Палымбетов Турдыбай Оразов тил байлығы елде…


Download 414 Kb.
bet31/33
Sana18.12.2022
Hajmi414 Kb.
#1029283
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
ТИЛ БАЙЛЫГЫ ЕЛДЕ

1-баслаўшы: 1989-жылы 1-декабрьде Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Ҳәр бир халық, ҳәр бир миллет өзиниң миллий өзгешелигин дүньяға танытыўға ҳәрекет етип атырған бир пайытта ана тилимиз болған қарақалпақ тилиниң раўажланыўын басшылыққа алған бул нызамның орынланыўын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе ўазыйпалардан саналады.Усындай белгиленген ўазыйпалар ис жүзинде бүгинги күни қалай орынланып атыр. Бул бойынша дәслепки сөзди Республикамызға белгили тилши илимпаз байрам кешемиздиң ҳүрметли мийманы_______________ қа сөз беремиз. Мәрҳәмат _________ аға сөз сизге.


Еслетпе: Бул жерде тек илимпаз болыў шәрт емес, Мектептиң қарақалпақ тили муғаллимлери де баянат жасаўға болады.

Рахмет _______________ аға сизиң илимий жумысларыңызда үлкен табыслар тилеп қаламыз.


2-баслаўшы: Ҳүрметли дослар, енди сизлердиң дыққатыңызда__________ атқарыўында бир йошлы қосықты усынамыз.
Қосық атқарылады. Рахмет! ______________йошлы пәрўаз тилеп қаламыз. (Қол шаппатлаўлар) Рахмет!
1-баслаўшы: Әзиз мийманлар! Қәдирли дослар! Мектебимиздиң жоқары класс оқыўшылары тәрепинен таярланған әдебий оқыўымызды нәзериңизге усынамыз. Олар шайыр. Ә.Әжиниязовтың «Ана тилим - алтын ғәзийнем» атлы қосығын таярлап келген.
Мәрҳәмат тамаша етиң.
1-оқыўшы: Ата-баба қашан ўәжден утылдың,
Талай сапар тил ушында тутылдың,
Сонда сөз жүйесин таўып қутылдың.
Қарақалпақты халық әйлеген тил менен.


2-оқыўшы: Ана –тил анаңдай әзиз деседи,
Тил арқалы ақыл өнип-өседи,
Жулдызлар жамырап жерге түседи,
тәрийп етсем ана тил менен.


3-оқыўшы: Дүньяға сол тилде жылап келемиз,
Ана тилди аз билемиз еле биз,
Тағы ырзаласып, жылап өлемиз,
Асқатықтай абзал, ана тил менен.


4-оқыўшы: «Таяқ еттен, сөз өтеди сүйектен»,
Дүнья дәслеп, жалғыз тилди кәр еткен,
Аллатала жер-жәҳанди дөреткен,
Адам ата билген ана тил менен.



Download 414 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling