Еслетпе: Егер қосымша ететуғын болсаңыз басқа да қосық
текстлеринен де пайдаланыўға болады.
1-баслаўшы: Ҳүрметли дослар ендиги нәўбетти мектебимиздиң жас талант ийелерине бермекшимиз. Сизлер менен биргеликте олардың таярлап келген бир сахналық көринисин тамаша етемиз. (Қол шаппатлаўлар)
Сахналық көринис: «Бас ҳәм тил» деп аталады.
Сахнада Султан Хусейнниң сарайы.
Бир күни сарайда үлкен зыяпат болыпты. Гәптен гәп шығып патша Мир Әлийшерге еки мың теңге саўға еткенин айтады. Буны еситкен басқа ўәзирлер жәнжел көтерипти. Олар патшаға арыз етипти:
Ўәзирлер: Тақсыр ҳәр сапары Мир Әлийшерге бир аўыз сөзи ушын мың теңге беретуғын едиңиз, енди неге оған еки мың теңге берип атырсыз. Не ушын бизлерге де еки мың теңге берилмейме? Бул ҳақыйқаттан емес, - депти олар.
Сонда патша оларға қарап:
Патша: Егерде мпниң сораўларыма сизлерде жуўап тапсаңлар, сол еки мың теңгени сизлерге де беремен, ҳеш кимнен аяйтуғын жерим жоқ, - депти.
Ўәзирлер: Мейли, бизлер жақсы, туўры жуўап табамыз. Қанша сораўлар болса, бере бериң, - депти.
Патша: Ўәзирлерге қарап, бас бармағы менен басын көрсетипти. Ҳеш нәрсеге түсинбеген ўәзирлер бир-бирине қарасып, аўызлары ашылып тура берипти. Сол ўақытта мир Әлийшер бармағы менен тилин көрсетипти. Султан Хусейн болса бежирейип турған ўәзирлерге қарап:
Патша: Мен басымды көрсеттим. Мир Әлийшер болса бармағы менен тилин көрсетти. Сизлер соның мәнисин таўып бериңлер, - деп буйырыпты.
Патша ўәзирлерге үш күн мәўлет берипти. Ўәзирлер үш күн ойланып көрседе ҳеш бир нәтийже шықпапты. Сөйтип олар Мир Әлийшердиң қасына барып, баяғы көринистиң мәнисин сорапты.
Наўайы: Егер ҳәр қайсыңыз маған мың теңгеден берсеңиз оның мәнисин түсиндирип беремен, - депти.
Бул барлық ўәзирлерге мақул болыпты. Сөйтип қырық ўәзир қрық мың теңгени жыйнап Мир Әлийшердиң алдына келипти ҳәм көринистиң мәнисин сорапты.
Наўайы: Султан Хусайн басқа бәле неден келеди, - деп сорады, сизлерден. Мен сонда ҳәр бир адамның басына бәле тилден келеди, - деп тилимди көрсетип едим, - деп жуўап берипти.
1-баслаўшы: Ана тилим қәлбим ҳәмде жүрегим,
Арзыўларым аппақ айдай тилегим,
Жәҳандеги көп тиллердиң ишинде,
Қарақалпақ тилим мениң тирегим.
Do'stlaringiz bilan baham: |