Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


- Лекция. Топырақ ҳаўасы ҳәм оның қәсийетлери


Download 0.55 Mb.
bet23/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

9- Лекция. Топырақ ҳаўасы ҳәм оның қәсийетлери

Топырак, ҳаўасы, оның қурамы, қасийетлери, ҳаўа режими, оны басқарыў хам топырақ ҳаўасын топырақ өнимдарлыгын басқарыўдагы аҳмийети көрсетиледи.


Топырақ хаўасы онын тийкарғы қурамлық бөлимлеринен бири. Ол топырақ пайда болыў процессинде хам өсимлик өмиринде жоқары аҳмийетке ийе. Өсимликлердин топырақ ҳаўасына талабы жуда улкен. Сонын ушын да топырақтын ҳаўа қурамын ўйрениў хам онын муғдарын басқарыў шараларынан бири. Топырақтын газ тәрзли фазасы онын қатты ҳәм суйық фазалары, сондай ақ онда жасап атырған ҳар қандай организмлер менен хамийше қурамалы қатнасықта болып турады.
Топырак геўикликлеринин суў менен толы болмаган бөлиминде ҳаўа сақланады. Ҳаўа тийкарынан атмосфера ҳаўасы менен тиккелей байланыслы болсада, бирақ топырақ кислородты байлаўшы хам карбонат ангидрид (СО2) пайда етиўши тийкарғы дерек болганлыгы ушын элементар қурамы хам затлардың муғдары жағынан топырақ ҳаўасы атмосфера хаўасынан кескин парык қылады. Атмосфера ҳаўасы орташа төмендеги қурамға ийе (көлемге салыстырғанда % еспбында).
N (азот)-78,10,
О (кислород)-20,90г
СО2 (карбонат ангидрид) — 0,03,
Сийрек газлер (азон, аргон х.т.б) - 0,09
Топырақ хаўасы болсаса төмендеги қурамға ийе (улыўмалық көлемге салыстырғанда процент есабында).
N (азот) - 79,0,
О (кислород) — 20,3,
СО2 (карбонат ангидрид)— 0,15 — 0,65,
Топырақ хаўасы даслеп қурамында кислородтын азлыгы хам карбонат ангидридтин көплиги менен атмосфера ҳаўасынан парқ қылады. Топырақтын жузе қатламларында карбонат ангидридтиң орташа муғдары 0,04% болса, шуқыррак, қатламларында орташа 0,3 хам хаттеки изейли жерлерде 3% ке шекем болады. Топырақ хаўасында карбонад ангидрид көбейиўи менен онда кислород кемейеди. Буннан тысқары азлы — көпли аммиак, метан, этан, водород сульфит (Н2S) хам тағы басқа газлер де болыўы мумкин. Топырақ ҳаўасынын бундай өзгерине тийкарғы себеп, бириншиден, өсимлик тамырларынын дем олыўы болса, екиншиден топырақ микроорганизмлериниң тиришилик искерлиги есапланады.
Топырактын ҳаўа физикалық қасийетлерилери онын ҳаўа сыймлығы, аэрациясы, ҳаўа өткериўшенлиги хам басқа усыған ўқсас көрсеткишлер менен көрсетилиўи мумкин.
Топырақтын улыўма ҳаўа сыйымлығы деп қурғақ халындагы топрақтын аўырлыгына қарағанда процент есабында көрсетилген хаўанын максимал муғдарына айтылады. Әдетте , ҳаўа сыйымлығынын көлеми структуралы механик қурамы қурғақ, бос ҳамде қумлы топырақларда улкен болады. Механик қурамы аўыр болган структурасыз тығыз топырақларда хаўа сыйымлығы пат боладф.
Улыўма хаўа сыйымлығы капилляр хамде капилляр емес сыйымлықлардан қуралғанган болады.
Топырақтын капилляр ҳаўа сыйымлығы деп қурғақ халындагы топырақлардын майда капилляр тутикшелери арасында белгили муғдардагы хаўаны сыйдырыў хам услап қалыў қабилийети тусиниледи. Капилляр ҳаўа сыйымлығы қанша жоқары болса топырақтагы хаўанын харекети сонша әстелеселиди.
Капилляр емес ҳаўа сыйымлығы. Капилляр емес геўикликти кўраўшы хам топырақ қатламлары аралыгындагы хар қыйылы геўикликлер, тесиклер хам хар турли хайўанатлардың инлери топырақтын хаўа режимине тәсир қылады.
Топырақ қатламлары капилляр ығаллык пенен тойынган ўақытта капилляр емес геўиклер бар болган топырақ белгили муғдардагы хаўа муғдарына ийе болады. Капилляр емес ҳаўа сыйымлығы топырақтын суў менен капилляр ығаллык дарежесине шекем тойынган ўақытында белгили дарежеда еркин ҳаўаны өзинде услап турыў қабилиетине айтылади.
Топырақ аэрациясы. Көлемге салыстырғанда процент есабында көсетилген хам топырақта усланып туратуғын ҳаўанын хақиқий муғдарына топырақ аэрацияси делинеди. Онын муғдары топырақтағы геўиклик хам ығаллыктын парқы менен белгиленеди. Топырақтағы ығаллықтың артыўы менен аэрация кемейип барады, себеби бундай шараятта топырақ көлеминин көп бөлими суў менен толған болады. Топырақ қурғақ халында болганда аэрациянын максимал дарежесине ерисиледи. Топырақ аэрациясы изей жерлерде изейкешлер қазып хам қуўырлар жатқызып кептириў, суўғарыў хам жерди шуқыр суриў сыяқлы мелиоратив ҳамде агротехник шараларды қоллаў натийжесинде өзгертиў мумкин.

Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling