Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Б. Типик боз топыроақлардың суў режими


Download 0.55 Mb.
bet21/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Б. Типик боз топыроақлардың суў режими. Өзбекистанда типик боз топырақлар бирқанша кең тарқалған, олар тийкарынан тениз бетинен 300-800 м балентликтеги таў алды тегисликлери, адыр хам дала зоналарын ийелейди. Типик боз топырақларндын улкен бөлими суўғарылатуғын дийқаншылык пенен бант, оларда егинлерден жоқары өним алыўды тәминлеўши азық хам сув режими жақсы болганлыгы ушын хазирги ўақытта бул жерлер путкиллей дийқаншылык системасына тартылған. Жоқары потенциал өнимдарлыкка ийе болган типик боз топырақлар зонасында — республикамыздын тийкарғы дән егетуғын бағшылық хожалыклары жайласқан. Бундай майданларда шийки зат жеткизиў топырақта бар болған табий ығаллықты тежеп, сарплаўга тийкарланған болып лалмикар дийқаншылык системасы деп журитиледи.
Типик боз топырақлар зонасында жыллык жаўын —шашын муғдари 300 — 400 мм ты курайды, топырақтын ығғалланыў шуқырлыгы 0,6 — 0,8 м ге жетеди. Топырақтын ен ығал уақты апрель айы баслариына туўры келеди, бул уақыта суў айырғышындагы топырақтын 2 м қалынлыктагы қатламында ығаллық муғдары 420 мм ге жетеди, соннан 230 мм, өсимлик өзлестире алатуғын пайдалы актив ығаллық есапланады. Бирақ бул зонада хаўа температурасы салыстырмалы балент хам салыстырмалы ығаллык пас болганлыгынан актив ығаллық май айиның ақырларына барып путкиллей сарп болады. Июль айына келип топырақтын устинги 1 м ли қатламындағы ығаллық муғдары хатте солыў ығаллыгынан да пасейип кетеди. Ең устки 40 см ли қатламында болса буннан да кем болады.
В. Ашық тусли боз топырақтын суў режими. Боз топырақлар зонасында ашық тусли боз топырақлар тарқалган майдан өзинин тегислиги, жаўын - шашынлардын ең кем мўғдарда болыўы ҳамде хаўа температурасы ен жоқары, көпшилик - топырақтан сарпланатуғын суўдын ең жоқары көрсеткишене ийе болыўы менен ҳарактерленеди. Ашық тусли боз топырақ хаўа райы келиўине қарап 40-120 см ге шекем шуқырлыкта ығалланады.
Ашық тусли боз топырақларда өсимлик пайдалана алмайтуғын ығаллык тоқ тусли хам типик боз топырақлардагыга қарағанда 1,5 — 2 есе кем. Бул болса, албетте топырақ механик қурамының жениллиги, ығаллық сыйымлығының бир канша киши болыўы менен байланыслы есапланады.
Топырақта қыс хам ерте бахарде топланган ығал хаўа ысыўы менен парланып камейеди хам май айынын биринши он кунлигинде топырақтын устинги 0,5 м ли қатламында өсимлик өзлестире алатуғын пайдалы ығаллық улыўма калмайды. Дән хам басқа егинлерден жоқары өним жетистириў ушын Өзбекистан шараятыyда ашық тусли боз топырақларды суўғарыўға туўры келеди.



Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling