Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Топырақ фазалары хаққында улыўма тусиник


Download 0.55 Mb.
bet2/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырақ фазалары хаққында улыўма тусиник.

Топырақ қатты бөлими физикасын ўйренеди. Ол топырақтың механик хәм микроагрегат қурамлары (механик элементлардиң келип шығыўы, олардың петрографик, минералогик қурамлары хәм химиялық қәсиетлерин, механик элементлердиң улкен - кишилигине қарап классификациясын, механик хәм микроагрегат қурамын ўйрениў методлары ҳәм усылларын топырақлардың механик қурамына қарай классификациясын, қурамына қарай бонитировка қилыўды, механик қурамды ўйрениўдиң аҳмийетин хәм алынған мағлыўматларды расмийлестириўди: олардың структуралы ҳәм дисперслик коэффицентлерин); топырақтың салыстырма жузеси хәм еркин жузе энергиясын; топырақтың салыстырма хәм көлем массаларын, геуиклиги ҳамде оларды ўйрениў усылларын, топырақ структурасын, топырақ қатты фазасының физико-механик қасийетлерин: пластиклиги, жапысқақлығы, исиниўи, шөгиўи, ислеў әсбапларына қарсылығы, оларды ўйрениў методларын өз ишине алады.


Топырақтың суйық бөлими физикаси, бунда топырақ қурамында беккем байланған (гигроскопик, минимал гигроскопик, өсимликтиң солыў ығаллығы), бос байланган (максимал молекуляр суў) хәм еркин (дала ығаллық сыйымлығы капилляр ва толық ығаллық сыйымлығы) капилляр, гидроскопик суўлардын физик қәсийетлери, топырақтын суў режими типлери, типшелери, суў өткизиўшенлик, капиллярлык қәсийетлери, изей суўлары, олардың келип шығыўы хәм суў қәсийетлерине тасири, қурғақшылық хәм оған қарсы гуресиў методлари, топырақ суўынын физик қәсийетлери ўйренеди.
Топырақ хаўасынын физикасы топырақ қурамын, оның өзгериўин, ондағы хаўа хәм газлер алмасыныўын, топырақ хаўа режими хам оны басқарыўды, топырақ хаўасы қурамын ўйрениў усылларын өз ишине алады.
топырақтың қатты, суйық бөлими хәм хаўасының термик (топырақ температурасы, альбедо, температура хәм ыссылық өткизиўшеңлик, ыссықлык режими хәм оны ўйрениў методлары) хәм электр өткизиушеңлик қәсийетлерин өз ишине алады.
Топырақтың қатты бөлими минерал, органик хәм органо-минерал жыныслардан ибәрат болса, онда сақланатуғын суў ямаса басқаша қылып айтқанда топырақ еритпеси - оның суў менен толы болмаған геўикликлеринда сақланған кислород, азот, карбонат ангидрид ҳәм усыган уқсас газлер болса оның ҳаўа фазасын қурайды.
Топырақтың раўажланыўында онын ўш бөлими де ҳамме - ўақыт өзара тиккелей байланған топырақ пайда етиўши факторлар (ана жыныс, жердин рельефи хәм жасы, органик дуня ҳәм адам) тәсиринде өзгерип барады. Топырақтың бул ўш бөлими де өзара ҳәм туўрыдаң туўры байланған болып сыртқы факторлар тәсиринде өзгереди.



  1. – Лекция.


Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling